Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Интизамлық бөлимге жибериў


Download 340.7 Kb.
bet16/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

49 -статья. Интизамлық бөлимге жибериў
Интизамлық бөлимге жибериў — мүддетли әскерий хызмет әскерий хызметкерин суд тәрепинен белгиленген мүддет даўамында ишки тәртиби қатал болған арнаўлы әскерий бөлимге жайластырыў арқалы, белгили ҳуқық ҳәм жеңилликлерден айырыў.
Интизамлық бөлимге жибериў жазасы усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында нәзерде тутылған жағдайларда еки айдан бир жылға шекем мүддетке тайынланады. Суд истиң жағдайларын ҳәм судланыўшының шахсын есапқа алған ҳалда үш жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы орнына усы мүддетке интизамлық бөлимге жибериў жазасын қоллаўы мүмкин.

50-статья. Еркинен айырыў
Еркинен айырыў судланған шахсты жәмийеттен ажыратып жазаны орынлаў колониясы ямаса түрмеге жайластырыўдан ибарат.
Еркинен айырыў жазасы бир айдан жигирма жылға шекем мүддетке белгиленеди, усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары.
Узақ мүддетли еркинен айырыў жигирма жылдан артық, бирақ жигирма бес жылдан көп болмаған мүддетке белгиленеди ҳәм тек жуўапкершиликти аўырластыратуғын жағдайларда қасттан адам өлтириў (97-статьяның екинши бөлими) ҳәм терроризм (155-статьяның үшинши бөлими) ушын тайынланыўы мүмкин.
Узақ мүддетке еркинен айырыў жазасы ҳаялларға, он сегиз жасқа толмастан жынаят ислеген шахсқа ҳәм алпыс жастан асқан ер адамларға тайынланыўы мүмкин емес.
Еркинен айырыў жазасы усы Кодекстиң 60-статьясында нәзерде тутылған бир неше жазаларды қосыў тәртибинде тайынланғанда, оның мүддети жигирма бес жылға дейин белгилениўи мүмкин.
Еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген ҳаяллар ҳәм де алпыс жастан асқан ер адамларға тайынланып атырған жаза мүддети усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған еркинен айырыўдың ең көп мүддетиниң үштен еки бөлегинен артық болыўы мүмкин емес.
Еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген ер адамларға :
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаяты, абайсызлық ақыбетинде ислеген жынаяты ушын ҳәм қасттан онша аўыр болмаған жынаят ислегени ушын еркинен айырыўға судланғанларға жазаны мәнзил колонияларда;
б) қасттан аўыр жынаят ислегени ҳәм оғада аўыр жынаяты ушын биринши рет еркинен айырыўға ҳүким етилип атырғанларға жазаны улыўма тәртипли колонияларда;
в) алдын қасттан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыў жазасын өтеп шығып ямаса өтеп атырған ўақтында, қасттан жаңадан ислеген жынаяты ушын ҳүким етилип атырған шахсларға жазаны қатаң тәртиптеги колонияларда;
г) оғада қәўипли рецидивистлерге жазаны арнаўлы тәртиптеги колонияларда өтеў тайынланады. Өмирлик еркинен айырыўға ҳүким етилгенлер, сондай-ақ әпиў етиў тәртибинде өмирлик еркинен айырыў жазасы еркинен айырыў менен алмастырылған шахслар да жазаны арнаўлы тәртиптеги колонияларда өтейди.
Еркинен айырыўға ҳүким етилген ҳаялларға :
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаят, абайсызлық ақыбетинде жынаят ислеген ҳәмде қасттан онша аўыр болмаған жынаят ислегенлерге жазаны мәнзил колонияларда;
б) аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ушын жазаны улыўма тәртипли колонияларда;
в) алдын еркинен айырыў жазаны өтеп шығып, жаңадан ислеген оғада аўыр жынаяты ушын ҳүким етилгенлерге, сондай-ақ оғада қәўипли рецидивист деп табылғанларға жазаны қатаң тәртипли колонияларда өтеў тайынланады.
Түрмеге қамаў тәртибиндеги еркинен айырыў, жазаның белгили бир бөлегине, лекин бес жылдан көп болмаған мүддетке:
а) оғада қәўипли рецидивистлерге;
б) аўыр ямаса оғада аўыр жынаяты ушын бес жылдан артық мүддетке еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген шахсларға тайынланыўы мүмкин.
Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаят ислеген, абайсызлық ақыбетинде жынаят ислген ҳәм қасттан онша аўыр болмаған жынаят ислегени ушын еркинен айырыў түриндеги жаза ҳәмледар ҳаялларға ҳәм үш жасқа толмаған балалары бар ҳаялларға, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық пенсияға шығыў ҳуқықына ийе болған шахсларға тайынланбайды.
Суд тәрепинен жазаны мәнзил колонияда өтеўи тайынланған судланған шахс сақлаў режимин қопал бузыўши деп табылған жағдайда, суд оны жазаның өтелмеген бөлеги мүддетине улыўма тәртипли колонияға өткереди.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling