Ҳозирги кунда жамиятда сиёсий соҳанинг аҳамияти юқори ҳисобланади. Давлатнинг хавфсизлиги, унинг барқарорлиги давлат сиёсатига унинг позициясига боғлиқ


Download 16.71 Kb.
Sana07.02.2023
Hajmi16.71 Kb.
#1173345
Bog'liq
Сарбиназ


Ҳозирги кунда жамиятда сиёсий соҳанинг аҳамияти юқори ҳисобланади. Давлатнинг хавфсизлиги, унинг барқарорлиги давлат сиёсатига унинг позициясига боғлиқ. Бугунги кунда дунёда бўлиб турган сиёсий жараёнларни урганишда сиёсий билимга эга бўлган мутафаккирларнинг илмий ишларини урганиш жуда муҳим. Усыған байланыслы сиясий тараўда өз билимине ийе болған этика тараўында үлкен из қалдырған ойшыллардың бири Никкола Макиавелли (1469-1527) дың сиясый тараўдағы етикалық көз-қарасларын көрип шықсақ. Макиавелли етикасын “сиясий морал” деп атаў мүмкин. “Мақсет усылды ақлайды” принципи биринши мәрте Макиавеллидиң шығармасында келтирилген. Буның мәниси сонда жақсы мақсет жолында әмелге асырылған ҳәрқандай усыл өзин ақлайды. Ўақыт өтиўи менен Макиавелли образы Европа ҳәм жәҳән мәденияты тарийхында уллы тийкарға айланды. Оның сиясат, ҳүкимдар ҳаққында айтқан пикирлери ҳәзирги күнде де өзиниң актуаллығын жоғалтпаған. Оның етикасы жақсы-жаман пазийлетлер рецепти ҳаққында емес бәлки адамлардың ис-ҳәрекетлериниң мотивлери ҳаққындағы идеялары есапланады. Макиавеллидиң пикиринше ҳүкимдар оған үлкен атақ-абырой келтирген уллы ислерге умтылып жасаўы ҳәм бул жолда шыдамлылық ҳәм мәртлик көрсетиўи керек лекин зәрүрлик туўылса оған қарама-қарсы ҳәрекетлерди ислеўге таяр турыў керек. Ҳүкимдардың ўазийпасы мәмлекетти сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў. Бул жолда ол қатаң болыўға ҳақылы. Себеби оның мақсети бул усылды ақлайды. Мәмлекет басшысы басқарыўда ақылды биринши орынға қойыў керек. Макиавелли ҳүкимдар ҳийлекерлигине қарай түлкиге айбаты ҳәм мәртлиги жағынан арисланға уқсаў керек деп айтады. Оның “Суверен” ямаса “Ҳүкимдар” деп аўдарма қылинған китабы 500 жыл алдын жазылған болса да өзиниң актуаллығын жоғалтпаған. Сиясатта “макиавелизм” түсинигы кең тарқалған. Буның мәниси “сиясый бузықлық” Н. Макиавеллидиң етика ҳәм сиясат ортасындағы мүнәсебетти түсиниўде жаңалығы есапланады. Ол биринши мәрте сиясатты бузықлық пенен байланыстырған. Сиясат абсолют мәниде бузықлықты өсиреди. Макиавелли мәмлекет пуқаралардың түрли топарлары мәплерин және де олардың қарама-қарсылығын көрсетеди,-деп еасаплайды. Н. Макиавелли тәрепинен белгилеп қойылған тийкарғы нәрсе мәмлекет ҳәм шахс ортасындағы парқ. Макавеллидиң “Ылажы болса жақсылықтан аўма, керек болса жаўызлық жолына барыўға тайын тур” формуласы сиясат ҳәм етиканың арасындағы қарама-қарсылықты дүзетиўге урыныў деп есаплаўға болады. Сиясат нейтрал зона емес ол жақсылық ямаса жаманлық тәрепинен баҳаланыўы керек. Макиавелли сиясый мақсетке муўапық келетуғын етикалық принциптиң болыўына исенбеген.


Улыўмаластырып айтқанда Макиавелли идеялариның жаңалығы социаллық жаўызлықты ҳәммеге көрсетиў. Бул жәмийетти етика емес бәлки етиканы жәмийет қәлиплестиретуғынлығын көрсетиў еди. Жәмийеттиң туўры раўажланыўына мәмлекетте ҳәтте ҳүкимдарда тәсир көрсетпейди. Жәмийеттиң раўажланыўы оның өзине байланыслы. Жақсылық ҳәм жаманлықты билиўде жаманлықты жақсылыққа айландырыў имканияты жатады. Егер инсан жаманлықты билсе оны жаманлық ушын ислете алмайды. Макиавеллидиң етикани бийкарлаўы әне усы пикирге тийкарланады. Оның етиканы бийкарлаўы етиканы жәнеде тереңрек түсиниў жолындағы қәдеми болып есапланады. Ол етикалық нормалар сиясий нормаларды бийкарламайды деп көрсетеди. Олар бир-бири менен параллел деп көрсетеди. Солай етип ҳүкимдар, сиясатшылар залым емес соның менен бирге әўлийе де емес.
Download 16.71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling