Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
- Bu sahifa navigatsiya:
- КӚЛ БОЙЫНДА
АЯЗҚАЛА
Аяз қала—даналықтың қаласы, Гӛне тарийх саған ийек сүйеген. Қыйратыўшы ўақыт пенен таласып, Тас бүркиттей турысыңды сүйемен. Тасың күйреп, топырағың тозғыған, Сен билесең, туралмайсаң мәңгиге. Бирақ сениң басыңдағы боз думан Уйып қалған уллы тарийх-әңгиме: 1 Археолог жигит Ленинградтан Мың жыллық жазыўды оқыйды ядтан. Қазып атырып бир ески қорғанды, Кӛк шыршалап жазған тас таўып алды. Жазыўды урыстырып оқыды әсте Ҳәм бир гӛне ертек сӛз түсти еске: «Ғазеп пенен қайнап халықтың қаны, Тахтынан тайдырды залым патшаны. Ҳәм дүзде мал бағып жүрген пахырды «Таққа отыр, хан болдың» деп шақырды. Сӛйтип, хан кӛтерди шопанды олар, Шопан—хан зор болып шықты геллеғар. Зейнинде бар еди ақылдың кӛзи, Ҳәр бир айтқан сӛзи нақылдың ӛзи. 6 Ыр (қосық) қырғызша (И.Ю.). Халықты сорады соныңдай әдил, Кӛз жасларын тыйды жетим ҳәм жесир. Елди тазалады уры-ғарыдан, Байыўлылар ушты таппай гӛне там. Ақша дәрья бойы гулистан болып, Ат шығарды кимсең Аяз хан болып. Дәўлети бәршеден болды зыяда, Әдалатлық даңқы кетти дүньяға. Қоғадай жапырылып халқы сыйлады, Туўрылықта теңи-тайы болмады. Бийжӛн кӛтермеди адамға қолын, Ойлады ол асып-таспаўдың жолын. Сӛйтип, ол ӛзиниң хан сарайына,— Бийик алтын тахтың қақ майлайына— Қазыққа қыстырып қойды ол бүгин Шопан ўақта кийген жаман шарығын. Ҳәм кӛк шырша тасқа жуўыртып нурды, «Аяз, шарығыңа бақ!» деп жаздырды...» 2 Қаланы жаў қамал етти бир ўақта, Ел басына түсти тағы дәртли күн. Лошкер басы бир мәрт експ бирақ та (Жаў да болса айтпай болмас мәртлигин.) Бир бийикке минип алып ол адам, Қоразланып буйрық берди даладан: «Биз келгенбиз еркек пенен урысыўға, Қатынлар тез шықсын—деди-қаладан. Шашы узын, қысқа олардың ақылы, Бир ақшамда кетсин олар мақулы Хәтте ҳәр бир ҳаял керек буйымын Кӛтергенше әкетиўге ҳақылы». «Ӛйббей бала, жақсы жаў ғой, ҳаў мына!» Деп ҳаяллар қуўанысып қалысты. Затын түйип, тислеп алып аўзына, Балаларын қолларына алысты. «Ӛлгениңнен аманлығың дым қызық, Ҳай, бери кел, мин мойныма, балажан!» Деп, еркегин мойынына мингизип, Барлық ҳаял шығып кетти қаладан... Паҳ, шабазым, ақылыңнан-ойыңнан, Яр айлансын сениң қадди-бойыңнан! Әттең бирақ, соннан берли кӛп еркеқ Түскиси келмей жүр жумсақ мойныңнан... 1974-жыл. КӚЛ БОЙЫНДА Қайтқан қусқа толып кӛк жийек, Ыссы жаққа ушар тырналар. Машинаға үйлерин тийеп, Кӛл бойынан кетти шарўалар. Ошақ түтер суў жағасында, Кеткен оны ийеси таслап, Бул ошақтың айналасында Шай ишкенмен талай жамбаслап. Ғарры шопан үйин жықты да, Кабинаға отырды енди. Қос бурымын қойнына тықты да, Қызы жуктиң үстине минди. Жүк үстинде ийтин қушақлап, Барар бизге шай қуйған сол қыз, Қыз журтында қалған ошақка Қарап турман есиркеп жалғыз. Кӛлде қуслар базары тарқап, Ыссы жаққа ушып барады. Жаслық дәўран отаўын жыйнап, Бизди таслап кӛшип барады... 1975-жыл. Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling