Поэмалар «Қарақалпақстан»


Download 1.21 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/29
Sana06.11.2023
Hajmi1.21 Mb.
#1750462
TuriПоэма
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   29
Bog'liq
2 5197394174621517486

Жетинши тараў 
 
ЖЫЛ ҚУСЛАРЫ АҒЫЛАР ТЫНБАЙ ... 

Ийне шаншар орын жоқ еди бунда,
Турды сыймағанлар клуб аўзында,
Қызыл сәтийин жапқан столда кӛзлер,
Жаңлар түрли даўыс, түрлише сӛзлер.
Қанша тығылса да, адамлар қойдай –
Қағысып, сыйысты тар болса да жай.
Журт силтидей тынып қулақ түреди.
Тек те шешен даўысы ҳүким сүреди. 
Сӛйлер Әбдираман дәрьядай тасып,
Аўзынан сӛз емес, мисли дүр шашып:
«Бүгин қарақалпақ театрының,
Биз тойлап отырмыз ашылыў күнин.
Бурын әрман етсек, бүгин кӛрди кӛз,
Театр! Бул қандай қүдиретли сӛз!
Бул сӛз еле бизиң турмысымызға
Сиңисип, қан менен қарысар, сонда, -
Сонда салтанатлы гүлгин сарайдың,


Гӛззал халық ӛнери тиклеген жайдың
Беккем тырнағына қарап ойланып,
Баҳалағыш халқым жазбастан танып,
Мийримли қол менен сыйпап тырнақты,
Еске алар биз ӛткен аўыр соқпақты ...
«Таң нуры» - жаңа ӛмир жаршысы болды,
Кӛпке жәрдемлести кӛриўге жолды ...
Бул нур түпкирлерге шашып сәўлесин.
Қуўатлап халықтың әдил гүресин,
Инсанды үйретип ийгилик ойға,
Жаңа ӛмир кӛркин сиңдирер бойға ...»
«Әбекең саў болсын, ур шапалақты»,
«Ал, мынаў ким екен жасыл қалпақлы?»
«Жазыўшы Бегимов сӛйлейди" дей ме?»
«Сӛз техникумның муғаллимине» ... 
Әне, президиумнан турды Арыўхан.
«Сахнамыздың гүли жасасын аман»
Деген хошеметлер астында күлип,
Халықтың ортасында турды ол келип ... 
А р ы ў х а н 
Күни кеше қызлар гүңликте жасап,
Мисли Ӛмирзая жуддызға усап,
Жанбай атырып-ақ сӛниўши едик,
Тисти-тиске қойып кӛниўши едик.
Нан орнына жедик қайғы алмасын,
Суў орнына иштик кӛзимиздиң жасын,
Ошақ басы бизиң Ўатанымыз болды,
Суўдың соқпағынан басқа ҳеш жолды
Бизлер ҳеш ўақытта биле алған жоқпыз,
Еркинше сыңғырлап күле алған жоқпыз.
Енди ески ӛмирдиң жулдызы батты. 
Енди ығбал таңы биз ушын атты.
Енди хызметинде мәңги турыўға,
Мен тәжим етемен, халқым, алдында ... 
Соннан аржағында не ислегенин
Еске түсире алмас сүйиклим мениң.
Тек оның есинде: тәжим еткени.
Бир қүдиретли тасқын гүрлеп кеткени;
Халықтың қақ айрылып жол бергенлери;
Айманға бир ымлап «жүр» деген жери
Ҳәм күлип, ентигип, қарамай журтқа,
Айман менен бирге шыққаны сыртқа. 

Сахнада кӛринген минсиз сулыўдай,
Кӛкте жүзип барар шала толған ай,
Жипек орамалы желбиреп сәўир,
Билмедим, шӛплерге не сыбырлап жүр,


Гүўлеп гә елпилдеп, тынбай желеди,
Әтираптан бәҳәр ийиси келеди.
Келеди Арыўхан, кӛзде қуўаныш,
Қайтқан ғазлар даўысы еситилер алыс.
«Ҳей, қубладан келген соналы ғазлар,
Айтың, шын ба усы мендеги ығбал?»
«Ығбалың бар» десип ғазлар ғаңқылдар. 
А р ы ў х а н
Айман, айтшы, шын ба мениң ығбалым? 
А й м а н
Сен ӛзин ығбалсаң, түсинсең, жаным. 
А р ы ў х а н 
Анаў айға қара, қандай такаббир,
Жүзинде сәўлеси етеди дир-дир ... 
А й м а н 
Қәне? Кӛрмей турман сеннен басқа ай .. 
А р ы ў х а н 
Шайырлығың тутып турыпты-аў, пай-пай.
Қәне, бас аяқты, жетейик тезирек,
Билсем, әкем тегин келмеўи керек,
Сагынып келдимекен қызын ырастан?
Ямаса ... жоқ, бирге кетпеспен ҳаслан.
Әне, ол ӛзи де киятыр бунда,
Байғус күте-күте шаршағанды да.
Аға, берман бурыл. Күттиң бе узақ?
Ҳәзир жыйналыстан шыққаным сорап ... 
Ә к е с и 
Мен исенбей турман, қызым, кӛзиме,
Сен сол Арыўханның ырас ӛзи ме,
Я әрўағымысаң? Ба ... ба ... баўырым ...
Сени «ӛлди» десип отыр аўылың,
Мә, мына газетти оқып кӛр ӛзиң,
Түсиндир ҳәм оның мына бир сӛзин. 
А й м а н
(ай жақтысына тутып оқыйды
«... Сонда актер ӛзин умытыўы керек,
Соқсын геўдесинде басқа бир жүрек,
Арыўхан ойнарда қыздың ӛлимин,


Ҳәтте алмағандай ишине демин,
Шынтлап ӛлип қалды» ... 
А р ы ў х а н 
Ҳа-ҳа-ҳа, қызық. 
Ким окып берсе де айтқан ғой бузып,
Сӛйтпесе келмес едиң. Жүр кеттик, аға,
«Тирилген» қызыңнан бир тилек саған
Маған урыспайсаң ба жаңалық айтсам? 
Ә к е с и
Урыспайман, «нәмәрт» де ўәдемнен қайтсам. 
А р ы ў х а н 
Аға, ӛз еркимше, ойласпай саған,
Турмысқа шығып қойдым ... 
(Айман селк етеди)
Ә к е с и 
Қуўанышлыман.
Бирақ, кимге шықтың? 
А р ы ў х а н 
Мына жигитке.
Аға, бул исимди сен айып етпе? 
А й м а н
(таңланып, албырап)
Жоқ, жоқ, бизлер еле ... 
А р ы ў х а н 
... той берген жоқпыз,
Сениң келиўиңди күткен едик биз.
Үйди әкел енди кӛширип тезден,
Қартаяр гезиңде жалғыз болма сен ... 
А й м а н
(қуўанып
Алақанымызда сақлаймыз сизди. 
Ә к е с и 
Қалайша ол жерде аўылымызды


Таслап, мен қалаға кӛшип келемен?
Күшим бар, тәндарман, қызым, еле мен.
Үйден шыққан едим қашарды сатып,
Мә, ал, тойға жумсаң енди уқшатып. 
Қоса қарығайсыз, ӛнип-ӛскейсиз,
Жаңа турмыс палын бирге ишкейсиз,
Қайда жүрсеңиз де болғайсыз аман! 
Бирақ, бир аталық ақыл айтаман:
Жаста биз ығбалдың изин де кӛрмедик,
Бай сүрген дәўранды бир күн сүрмедик,
Енди ел жаңарды, ӛзгерди заман,
Бахыт деген нәрсе сизге емес таң.
Серпип үстимизден түнди кешеги,
Бизге дәўран берген Ленин деседи,
Аўзын ғариплердиң тийгизгеи палға,
Сизлер садық болың сол ақсақалға... 

Ата, қыз ҳәм күйеў баратыр қатар,
Ай нурына шӛмип айдын жол жатар.
Келер кәрўанлары жыл қусларының,
Тек жалғыз мақсети бардай бәриниң:
Арыўхан гӛззалдың туўған жерине,
Таза бәҳәр келген мениң елиме,
Олар асыққандай жетиўге мудам.
«Сӛнбес ығбалың бар сениң, Арыўхан»
Деп баратырғандай олар қыйқыўлап,
Кәрўан-кәрўан болып ӛтеди зуўлап ... 
Оқыўшым, рахмет, сен кӛрме айып. 
Шаршаған шығарсаң, кел хошласайық?
Тилеп сүйиклиме қайырлы қәдем,
Сүйип Әбекеңниң ышқысы менен,
Мен де усы жерде қалғым келеди,
Тоқтап азырақ дем алғым келеди, -
Тынығып, және жолға түсиўим ушын,
Жыл қусындай узақ ушыўым ушын. 
1956 - 1958-жыллар, Нӛкис. 

Download 1.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   29




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling