Поэмалар «Қарақалпақстан»


ӘМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ


Download 1.21 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/29
Sana06.11.2023
Hajmi1.21 Mb.
#1750462
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   29
Bog'liq
2 5197394174621517486

ӘМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ 
(Тақыя тас гидроузелиниң ашылыў салтанатында оқылған қосық) 
Уллы қурылыс—абаданлық тарнаўы,
Ырыс қазанындай қайнап турарсаң. 
Биз дӛреткен дәўран болып нурланып,


Әмиў жағасында жайнап турарсаң. 
Аяңың тирелип айдын кӛллерге,
Атағың жайылып елден еллерге,
Әбиҳаят суўын берип шӛллерге,
Бахыт булағындай ҳағлап турарсаң. 
Мәртлер қуйған сени дәрпенбес тастан,
Турарсаң кӛп дәўир ӛтмрип бастан.
Суў ҳаққында сен бир әжайып дәстан,
Дәўиримиздиң даңқын жырлаптурарсаң. 
Серлесең хорезм шаҳлардың ўақтын,
Суў қыт болса таслап қаштылар тахтын,
Тарийхын тыңласаң қарақалпақтың,
Суў бойында «суў» деп шырлап турарсаң. 
Суў—бул уллы тарийх, тамыры арыда,
Суў болған халықтың аҳыў-зары да. 
Ҳәттеки Бердақтың қосықлары да 
Еле суў сорайды, тыңлап қарасаң. 
Ленин еди халқыма жер, суў берген,
Октябрьден қайтып ӛшпес нур берген.
Сол себепли, уллы қурылыс, бул жерден
Кӛсемниң атында арнап турарсаң. 
Минерсең Жәйҳүнди жалынан қармап,
Жигирма үш тоғыртқадан сен ҳарлап,
Қырқыўға айдалған қойдай топарлап,
Асаў толқынларды айдап турарсаң. 
Ӛриң Түйемойын шалқарлы ҳаўыз,
Тыным табар дегиш деген жалмаўыз,
Қарақалпақ ҳәм Хорезм, Ташаўыз,
Әспек етпей, кеўлин шағлап турарсаң. 
Пахта кәни болар шӛлге суў барып,
Жантақлы далада бағлар ырғалып.
Алтын кирпик ақ салылар салланып,
Гүлте жоңышқа болып нурлап турарсаң. 
Ӛриң Тӛрткүл, ығың Қоңырат болып,
Сен суў берген жерлер шын абад болып,
Гүлабы, гүрбеги, торнабат болып,
Ширең тил айырып торлап турарсаң. 
Астыңнан Әмиўим ағар сарқурып,


Үстиңнен поездлар ӛтер ҳайқырып,
Нӛкисти абадан қәнтли жай қылып,
Қутлы кәрўанларды жоллап турарсаң. 
Даңқлы бес жыллықты дәраматынан,
Туўысқан халықлардың кәраматынан,
Ленинлик дослықтың шарапатынан
Демде гигант болып орнап турарсаң. 
Москва ҳәм Ташкент, Ленинграды,
Бир жерде ҳәммениң мақсет-мурады,
Үш мың уста — қырық миллеттиң әўлады,
Бәрин бир семьяға жайлап турарсаң. 
Тақыятас—нур қаласы қойының,
Мәканысаң дослық, мийнет тойының,
Шамшырағы Әмиўдәрья бойының,
Уллы ислерге бел байлап турарсаң. 
Мүлки болып Ўатанымның, ӛзимниң,
Кӛрки болып социалистлик дүзимниң,
Имараты болып коммунизмниң,
Алтын келешекке шарлап турарсаң. 
Ғарқалләзий суўға арналар толып,
Саҳраларда бағы-бостан қулпырып,
Ленинге бир гӛззал ескерткиш болып,
Әмиў жағасында жайнап турарсаң. 
1973-жыл. 

Download 1.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   29




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling