Гүрриңлескенинде жалласып олар,
Ҳәр бири ӛзинше «фәйласуф» олар.
Олар сәл нәрсеге қанәәт қылған,
Олар асықпайды, асығып болған.
Ғаррылықтың, аўыр миннетли жүгин
Сыр бермей кӛтерип жүрисер бүгин.
Сӛз қозғаса Адам атадан баслар,
Изин ай, жулдызға апарып таслар,
Айдан келип, мақтасар бул заманды,
Сиясаттан «оқытар» ҳәр адамды.
Не айтса да, ӛзи кӛргендей айтар,
Билмесе де, ӛзи билгендей айтар.
Базда қайыл қалсаң даналығына,
Базда күлкиң келер садалығына,
Сӛйтсе де, оларда терең мәни бар,
Ғаррысыз аўылдың қандай сәни бар?
Жаслар
хызмет етип, тӛринде күтер,
Сӛйтип азаматлық сынаўдан ӛтер.
Егер сен аспанды турсаң да тиреп,
Аттан түсип, сәлем бермегиң керек.
Сонда ғаррылар қайтадан туўғандай,
Қуўанар белине белбеў буўғандай.
Жүрдек ешеклер үстинде ғаўқыйып,
Сӛйлесип барар жолға зорға сыйып.
Бирақ аңламаған едим ҳеш бурын:
Кеше аўыл жолында кешқурын
Кӛрдим базардан қайтқанын олардың.
Айҳай, дым сийрексип барар олар дым...
1975-жыл.
ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР
(эпитафия)
Кӛпирип кӛп жазатуғын шайырдың қулпытасындағы жазыў
Бул соныңдай шайыр: ол ҳеш ӛлмейди,
(Тухымы кӛп нәрсе қалай ӛледи?)
Пушкин бул дүньяға енди келмейди,
Бирақ, мына шайыр талай келеди...
Зықна ҳәм сақ адамның кулпы тасындағы жазыў
Буның сақлығынан кудай сақласын,
Сыр сейфиниң гилтин жойтпастан кетти.
Кирзовой етикте сақлап ақшасын,
Ӛлерде ӛзине де айтпастан кетти.