Поэмалар «Қарақалпақстан»
АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ
(Республикалық халық хожалық ислерине өз тилеги менен белсене жәрдемлесип журген пенсионер отағасылардың ҳүрметине) Халық шақырса жатпас намыс-арлылар, Қыймылдасар жеткенинше ҳаллары. Жигитке бергисиз ғошшақ ғаррылар - Ақ алтынлы елдиң ақсақаллары. Жигитлик ӛткенсоң, ғаррылық мурат, Кәхудалық сӛзиң журтқа ўәсият. Топлымға кӛп түскен ғайратлы ғыйрат, Дүбир сезсе, желге тарар жалларын. Жигитликте ҳәр ким есирик нар болар, Қайда кыйқыў болса, сонда бар болар, Халқы ис буйырса тындырар болар, Еске түсер сол ғайратлы жылларың. Талай ат болдырды шабысыңыздан, Талай беллер сынды тебисиңизден, Қазан зорға қайнап табысыңыздан, Кӛп болған кеўилдиң қыйлы - қаллары. Пурсат бермей тал бойыңды жазыўға, Әкеңниң орнына кеттиң қазыўға. Қатты шаңғалақты салып азыўға, Шақсаң, пуш боп шықты жаслық әрманы. Айдасаңда байдың қосын, арбасын, Биймиллет ишкизбей суйық жармасын, Қыз-келиншек айта ғойса ҳармасын, Аш қарынды тойдырғанды паллары. Онсери бел менен сийсери кетпен, Жантақ дәстелетип, томар геўлеткен, Кегейли, Есимжап, Ханжап, Қызкеткен, Талай қазыўлардың болдық белдары. Соннан аяқ басып жаңа турмысқа, Қатнасқансыз қанша уллы қурылысқа, Кимиңиз Ўатанды қорғап урыста, Кимлер, аўыр тыл арбасын айдады. Ис гезегин енди жасларға берип, Дем алсаңлар елдиң зийнетин кӛрип, Бахытлы ғаррылық дәўранын сүрип, Ҳәзлессең, келинниң таяр шайлары. Бирақ дийқан бийғам шалқая билмес, Мийнет сүйген адам қартая билмес, Жамбаслап кӛрмеген жантая билмес, Отырса алдына сыймас қоллары. Ғаррылықтың дәрти сизге жуўымас, Тамырыңызда дийқан қаны суўымас. Жерге ҳәм мийнетке оятар ықлас, Шамурат атаның ӛрнек жоллары. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling