Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
САНАТ
Күшли болсаң жердей бол. Бар нәрсени кӛтергеи. Таза болсаң суўдай бол, Бәрин жуўып кетирген. (Қырғыз санаты). Кеўил деген жаман зат. Таў болсам деп турады, Нәҳәнликте ҳәммеден Ғаў болсам деп турады, Кеўил деген жаман зат, Дала болсам дейди ол. Қартайғанда қайтадан Бала болсам дейди ол. Кеўил нени күсемес? Бүркит болып уяда, Қус баласы қонбаған Қонсам дейди қыяға. Қой баласы шӛп отлап, Енапатқа семирер. Кеўил деген сондай зат, Марапатқа семирер. Кеўил деген кеңейсе Кең сарайдың ӛзи ол. Кеўил қурғыр тарайса, Бир тебенниң кӛзи ол. Кеўил қусы йошланса, Жулдызларға ушар ол. Кеўил кӛзи жасланса, Жапалақка усар ол. Кеўил күни қызарса, Таўдың тасын жибитер. Жүреклерде муз турса, Сол музды да еритер. Кеўил қурғыр музласа, Басқаларды тоңдырар. Кеўил гүли жайнаса, Шӛлге бостан қондырар. Сәл нәрсеге қылтыйып, Шамырқанып туратын, Кеўил деген не десем, Насбай екен бир атым. Айнадан қатты нәрсе жоқ, Сәл нәрседен сынар ол. Кеўилден пәтли дәрья жоқ, Сәл жерде тынып қалар ол. Дәўран деген бир жорға, Сүре алған сүрип баратыр. Нәпси деген бир дорба, Таўлар сыйып баратыр. Нәпси деген зоң ғарға, Тояр күни болар ма. Размерсиз бир дорба, Толар күни болар ма! * * * Кисилерди қыйнайсаң, Ўа кисилик-кисилик! Ӛз ханаңа сыймайсаң, Сәл нәрсеге исинип. Үлкенсип жүрип ҳәммеден, Ушалмаған кисилик. Аттан түссе, зәңгиден – Түсеалмаған кисилик. Әп-әнейдей кӛзлериң, Алаўратқан кисилик Тәкаббырсып, тиллерин Лалаўлатқан кисилик. Әззиге үйип қабағын, Шалқайып кеткен кисилик. Күшлини кӛрсе, аяғы – Қыйсайып кеткен кисилик. * * * Жыйнап-жыйнап гийнени, Жипке дизбе ийнени. Досларыңа ӛкпелеп, Түйе қылма түймени. Сайып-сайып сыртынан, Күлме адамның артынан. Зар боларсаң достыңның Кӛшип кеткен журтына. 1975-жыл. СОҢ КӚЛДЕ Бермес едим он кӛлге, Кӛл ийеси мен болсам, Кел сулыўы Соң кӛлде Мен болсам да сен болсаң. Тан атқанда оянсаң, Кӛл суўына шомылсаң, Аққуўдай боп тарансаң, Қапталыңда мен болсам. Қосықлар келсе дӛреўге, Қалсаң кӛлде түнеўге, ―Сүйемен‖ десең биреўге, Сол биреўиң мен болсам. Болот болсам жылқы айдар, Тартып алсам Жантайдан. Сулыўлықта халық айтар Ақмӛр 7 менен тең болсаң. Тӛртеў қалсақ аўлақта: Самал ессе таў жақтан, Соң кӛл менен сол ўақта Сен болсаң да мен болсам. Соң кӛлдиң жаўған қарында, Жаслығымның барында, Қалар едим Нарында, Егер жаным сен қалсаң... 1973-жыл. Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling