Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
АКТРИСАНЫҢ ЫҒБАЛЫ
(Таң нуры) Лиро-драмалық поэма Биринши драматургимиз қарақалпақ театрын дүзиўде белсене ис кӛрсеткен талантлы актер Әбдираман Ӛтеповтың естелигине арнайман. Автор ПРОЛОГ Ҳей сен, қоңыратлы қыз, жаным Арыўхан, Қызыл қапы алдында иркилдиң, неге? Сығалап турғанды қой тал арасынан, Жетер тартынғаның, кир ишкериге. Кир деймен, қымбатлым, қолыңды узат, Қәнекей, бир батыл қәдем ур, - тамам, - Тек сӛйтсең болғаны, ўәдем ҳақыйқат, Әжайып бир дүньяны ашайын саған. Сен ушын жат емес бул қызыл есик, Бийкар гүдикленип иштен жанасаң, «Қолдан келмес иске умтылар» десип, «Күлип журе ме» - деп гүманланасаң. Жоқ, бул жерде саған «арман тур» демес. Жаслар бунда қурар заўықлы кеше. Бул Жәлеке байдың хәўлиси емес Ҳәм шашыңнан сүйреп урмас бәйбише. Бунда жоқ, Жәлекениң Әйтен гешшеси, Сени қанға бояп, шалмақшы болған. Излеп келип, кирмей қайтқаны неси? Неге қамсығасаң жаным, Арыўхан? Сен жетим қыз едиң, сен шоры едиң, Бирақ аўылымыздың сәни болдың сен; Қалжыңбас жигитлердиң сен соры едиң, Жуўапты шарлар едиң, ӛткир сӛз бенен. Сен тезек териўге шығып арқашқа, Гейде қандай жақсы қосықлар айттың. Тӛздиң сен ыссыға, суўыққа, ашқа, Сулыўлығың қарыйдарды молайтты. Анаң ерте ӛлди, мийримсиз әкең. Сени сатты байға он тӛрт жасыңда. Киси есиги деген тоң тезек екен, Еритиў қыйын болды ғам-ғуссасында. Бирақ, аўылымызда ҳеш қыз, ҳеш қатын Алдыңа түспеди ақыл, шырайдан Ҳәм ашық минезиң, шоқ тәбиятың Куўды ғам-қайғыны сен жүрген жайдан. Лекин, тал шыбықтай таўланып сонда, Aўыp жүк астында сен ӛскен сайын, Азап сонша батты зил берип жанға, Журтқа ермек ушын сен болдың қайым. Гейде айдыллыңның жийегин тислеп, Кеттиң кӛзден таса жийделик бетке, Бастың ӛксигиңди ӛзиңди күшлеп, Тири жанға муңыңды шақпадың хәтте. Сӛйтип жүргениңде, таң атқан еди, Таң атты, нурлы таң, бир әжайып таң. «Қәпестеги бүлбил, азатсаң» деди Ҳәм мәңги қутылдың қуллық торынан. Нәлетий ақ отаў даўылдан қыйрап, Бай жәбиринен азат болғаның сениң,— Куслар дизбегиниң артынан қарап, Есинде ме: «Ленин» деп гүбирленгениң? Аўыл муғаллими сени жетелеп, Тӛрткүлге әкелип оқыўға берди. Азатлық таңында суңқардай түлеп, Кӛзлериң еркинлик нурларын кӛрди. Сен мәңги азатсаң, жолдас Арыўхан, Ҳей, кӛп азап кӛрген қарақалпақ қызы. Hyp алып еркинликтиң алтын таңынан, Күл сен, күн шығыстың гәўҳар жулдызы. Аш қызыл есикти, бас, аяқты бас, Бахытын қарсы алыўы керек ҳәр адам. Тартынба еркинлик алған қарындас, Жол ашық, жол ашық, жол ашық саған! Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling