Поэмалар «Қарақалпақстан»


Download 1.21 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/29
Sana06.11.2023
Hajmi1.21 Mb.
#1750462
TuriПоэма
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   29
Bog'liq
2 5197394174621517486

Биринши тараў 
 
ЛЕНИН КЛУБЫНДА 

Хор 
Турғыл, қарындасым, жатпа муңайып,
Турсаң, жарық жолға алып бараман.
Тур, еркин жолларда қәдем урайық.
Журсең жарық жолға алып бараман. 
Кӛп ўақ жылан шақты бизди,
Енди азатпыз, халайық.
Кел, қурдаслар, бахтымызды,
Бизлер күтип алайық. 
Октябрь қуяшы жақтыртты жолды,
Ҳәмме азатлыққа талабан болды,
Түргел, ески жолда тек те сен қалдың.
Турсаң таза жолға алып бараман. 
Әкең сатты байдың қызып малына,
Бай залым жетпеди арзы-ҳалыңа,
Бул жолда қарайды ким обалыңа?
Жүргил, жақты жолға алып бараман. 
Б а ғ ж а н 
Рахмет, Әбдираман, ҳәр сӛзиң дүрдей,
Жүректи толқытар тыңласаң бирдей.
Еле қәпестеги қуслар аз емес.
Алсын олардағы еркинлик нәфес. 
К ӛ п ш и л и к 
Бағжан дурыс айтады, қосыламыз биз де,
Рахмет, Әбдираман, рахмет сизге. 
Ә б д и р а м а н 
Билемен, гирбиң жоқ бул сӛзиңизде,
Сӛйтсе де, адамды мақтамаң кӛзге.
Қосық - бул ӛмирдиң мәңги жолдасы,
Ол - дәрья, жүректен алар сағасын ...


Мына жаңа бәҳәр, азатлық заман.
Биз тахтын аўдардық патшаның, ханның,
Ескилик—ордасы еди жыланның,
Ордасы бузылған жыланлар бирақ
Еле дем шекпекте артына қарап.
Жылан ким? Ол суўық тек кӛрер кӛзге,
Жат-жамай
14
қасында жылан да сӛз бе?
Жыланнан кӛп есе күшлн каҳәри,
Жылан зәҳәринен ӛткир зәҳәри.
Жылан—бир кесеклик, басқа не қылар?
Жат-жамай қаныңды теспестен сорар.
Темирдей соққысынан аўдарыспақтың
15
Олар жер қабынып, жутпақта заққым.
Бирақ олар берилмес жығылған менен.
Нақыл бар: «мантыққан тал қармар» деген.
Салын ийрим тартқан жаўлар бул ўақта,
Жандалбасы менен қармаланбақта.
Жолатпа оларға қутқарыў кемесин.
Тек тынбай ура бер, жыйдырма есин. 
Кимниң тиси шықса ҳадал мийнеттен,
Бул әдил турмыстан қалмасын шетте,
Егер ким излесе халықтың бахытын, 
Ӛзин бул гүреске арнасын пүтин. 
Қатнассын күш, жигер, уқыбы менен,
Я билим, я қәлем, мылтығы менен;
Я жаў сырын кӛргиш кӛзлери менен,
Большевикше иси, сӛзлери менен.
Шайыр қосығы, бақсы намасы менен.
Ал, артистлер? ... 
К ӛ п ш и л и к 
... гүрес сахнасы менен.
Ә б д и р а м а н 
Демек, солай болса, умытпаң онда:
Жақында шығасыз сиз каникульға.
Үйли-үйиңизге тарқалмаң, бирақ,
Биз ойын қоямыз елди аралап. 
К ӛ п ш и л и к
Биз таяр, барамыз ҳеш сепсиместен. 
Б и р қ ы з
Тек те мен барыўға таяр емеспен. 
К ӛ п ш и л и к
14
Жат-жамай – класс душпаны. 
15
Аўдарыспақ – революция мәнисинде (отзыншы жыллардың термини И.Ю.) 


(таңырқап
Сен - бизиң бағымыздың ғошшак бүлбили,
Сәнли сахнамыздың ең сулыў гүли, -
Бул сӛзиң дурыс емес, не болды саған,
Неге бара алмайсаң, айтшы, Арыўхан? 
А р ы ў х а н 
Гастрольға жан деп бара алар едим,
Журт кӛрип, мен де ел аралар едим;
Әттең, бара алмайман, сиз айып кӛрмең,
Бүлбил ӛзлигинен бардан безер ме?
Мениң туўған әкем қаттылаў адам,
Каникульда бармасам бақырар маған ... 
Басқа сӛз айтпады, тек усылай деп,
Жупқа орамалдың бир ушын тислеп,
Ҳеш бир тәўеллеге қулақ салмастан,
Үнсиз шығып кетти сыртқа Арыўхан.
Кӛпшилик таңланды изинен қарап,
Қызлар «Арыўхан» деп жуўырды. Бирақ,
Бағжан жолды тосып, иркип оларды,
Айтты кӛпшиликке мына хабарды: 
Б а ғ ж а н 
Мүмкин қатты қоллы шығар атасы,
Бирақ, бул, - мениңше жай баҳанасы,
Буннан он күн бурын кӛрдим бир аўҳал:
Сабақтан шықтық биз түс аўған мәҳәл.
Ҳәм тез аўқатланып жатақханадан,
Жуўырдық екеўмиз клубқа таман,
Жолымызды тосты бир файтон арба,
Бир қағаз бар файтоншының қолында.
Ақырында Арыўхан файтонға миңди ...
Досларым, аржағын билмеймен енди.
Кеште жатақ жайға келсем клубтан,
Китап оқып отыр екен Арыўхан,
Соннан бери китаптан бас кӛтермес,
Ақшам уйықлай алмас, жадырап күлмес,
Жалынсам да «айт» деп ҳәр күн сайын мен,
Сабақ тарта алмадым сыр келебинен. 
Ж и г и т
Билсем, бул ҳәдийсе тегин емес ҳеш. 
Қ ы з
Ий, әдира қалсын, бузылды десеш ... 


Ә б д и р а м а н 
Қарындасым, неге олай дейсең сен?
Бузыла бере ме файтонға минген?
Дос адам ӛлшемей сырттан тон пишпес,
Сүринсең, сӛз ертип, изиңе түспес.
Қайта, оның сырын билиңлер қәне.
Қолдан келсе дәрман бериң дәртине. 
К ӛ п ш и л и к 
Аўа, билиў керек бул сырды тезден.
Ә б д и р а м а н 
Қыз кеўли - ақ сандық. Гилтин теңизден,
Сүңгип тапқан ашар ... 
Ж и г и т 
Сүңгир едим мен ...
Бул әжеп ис екен не деген менен. 
(Жигит жуўырып шығып кетеди

Download 1.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   29




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling