Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
(Бегдияр албырап маңлайын услайды).
Аҳа, шығып па еди еле есиңнен, Неге маңлайыңды усладың бирден? Қалай, ҳакыйқатлық душшы ма екен? Ол тыртық ӛшпейди сыйпаған менен, Ол мәңги қалады маңлайыңызда. Енди жүре алмассаң сен арамызда, Ҳәй, сен қой терисин жамылған гәззап. Б е г д и я р Болды, хей саллақы, ӛш, аўзыңды жап! А р ы ў х а н Неге қалтырайды қолларың сонша? Б е г д и я р Билдим мен де сени, тикенли ғунша, Жулып кетермен-аў тамырын менен. (Албырап, жалтаўлап.) Арыўхан, әпиў ет ... абайсызда мен ... Онша шаплықпашы сен, қарындасым. Мен жаўың емеспен, олла ырасым. Елестире берме не болса соны. Нәлет болғыр байдың үйинде қонып, Мәс болғаным ырас ишкен соң арақ, Саямды салмадым ол ийтке бирақ ... Ол жамай жаўы ғой. Қуўдық арадан. Ал мен – большевикпен, қызыл партизан. Сабаңа түс қайтып, периштем, тыңла, Ағаң үлкен басын ийер алдыңда, Шын айтсам, «мақтадың» дейсен, сӛгесең: Басқалар бир шуқыр, сен бир тӛбесең ... А р ы ў х а н Енди сол тӛбениң шығып басына, Бир самаллап қалғың келген екен-дә. Б е г д и я р Жоқ, баўрында сол жасыл тӛбениң, Ӛмир бойы қалғым келеди мениң ... А р ы ў х а н Ҳаял-қыз тӛбе еди бир гезде ғана, Ким кӛринген шықты оның басына, Бирақ та ендиги қызлардың бүгин Айтайын тӛбеден ӛзгешелигин: Тӛбеге мине алар қәлеген адам, Самаллар, гүл терер оның баўрынан, Ал, қызлар - азат қус, услатпас енди. Ӛзи келип гүлиңе қонбағаншелли. Саған ең ақырғы буйрығым мениң: «Ким басын усласа еки кемениң, Суўға кетер» деген. Сен ғарры сағал, Халыққа кимлигиңди айтпасаң дәрҳал, Ертең ӛз териңди ӛз кӛзиң менен Малақай базарында кӛре бергил сен. Хош ҳәзирше енди, шириген түбир. Және ушырасамыз иретинде бир ... Б е г д и я р (жолын тосып) «Ҳаялдың, шашы узын, ақылы келте» деп, Бабамыз дурыс айтқан. Қаншық, бийәдеп. Саған кӛрсетермен ким екенимди. Сӛндирип кетейин жақты күниңди. А р ы ў х а н Ол күн сен сыяқлы жарғанатларды Күйдирип ӛлтиреди ... Б е г д и я р (тисин қайрап) Ҳәссений, дарды Безеп турар еди-аў бул сулыў денең ... Жоқ, сендей нашардан пәнт жемеспен мен. Мениң, де ең соңғы буйрығым саған: Мына бүлкилдеген ақ тамағыңнан Бир аўыз сӛз шықса ертең далаға, Кӛк кӛйлегиңдеги нағыслы жаға Дардың жиби деп бил. Мына қолларым Сол күни жумсайды билекте барын. Ҳәй, сен азат қатын, жаўыз душпаным, Мына маўзер сениң қай туўысқаның? Үңирейген аўзына қарап ал дурыслап ... А р ы ў х а н Аҳ, сен, қанға жерик, алдамшы, гәззап ... (қорқып кетип, талып жығылады). Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling