Поэмалар «Қарақалпақстан»
Download 1.21 Mb. Pdf ko'rish
|
2 5197394174621517486
МЕН ПАХТАКЕШ ХАЛЫҚПАН
Даңқлы мийнет нуры тамып жүзинен, Ӛз кәсибин жер жаҳанға танытқан,— Қандай халықсаң деп сораса ӛзимнен, Айтар едим:—«Мен пахтакеш халықпан!» Мен не дейин сизге пахтам ҳаққында, «Ақ алтын» деп журт ат қойған ўақтында. Пахтаң сениң алтыннан да зыят деп, Яшулының ӛзи айтты жақында,., Хызмет етсем елди сүйиндиремен, Ақ алтынды таўдай үйилдиремен. Мен дүньяны жас келиндей жасартып, Ҳасыл лифас пенен кийиндиремен. Пахта ҳаққында сӛйлесең де узақ күн, Жалықпайды адамлары биз жақтың, Мен пахтадан кем сүймеймен бирақта, Миллиардларын украин, қазақтың. Ақ алтын бул мениң ырыс булағым, Абырайым, наным, бәйгим, ылағым, Шынын айтсам Аббаз шайыр айтқандай, «Пахта!» десе ербеңлейди қулағым. Мениң қолым жерге жыллы тийеди, Жер де мени ӛз ийем деп сүйеди, Ана топырақ ықласымды баҳалап, Шигит ексем, алтын болып ийеди. Мен пахтадан даңқ алып, май шайнайман, Жатсам-турсам пахта ғамын ойлайман. Мен қызларға сырға соққан зергердей, Ҳәр түбине гүмис ғореқ байлайман. Қаршы менен Қарақумды қазғанман, Мырзашӛлдиң мәңги уйқысын бузғанман. Заман ушын мен анкета толтырсам, «Пахтакешпен» деп мақтанып жазғанман. Ҳәзир маған пүткил дүпья түсинди, Тәбият та мойынлайды күшимди, Мәмлекетим, ҳүкиметим, бәри де Қуўатлайды мениң даңқлы исимди. Маған уллы ҳүрмет қылар Москвам, Орал полат қуйып береди мудам, Машиналар ислеп оннан Ташсельмаш, Грузин шай демлеп тутады маған. Пахта десе қуяш жайнап шығады, Пахта десе суўлар шӛлге ағады, Шайырларым пахта десе йошланып, Журт таппаған сӛз маржанын табады. Мен қуяш мәканы Ӛзбекстанман, Жер жаҳанға даңқы түскен бостанман, Мен пахтакеш деген уллы кәсипти Космос бийигине алып ушқанман! Мен қайнар нәпесли Туркменстанман Миллион тоннам менен үлес қосқанман, Пахташылық айдымларын гилемге Ғайрынағыс ойып жазған дәстанман. Мен Памирдин мәрти—Тәжикстанман, Талай даңқлы табыс жолын ашқанмаи. Пахташылық даңқын жайып әлемге, Нурек болып қуяштай нур шашқанман. Мен атақлы ақ қалпақлы қырғызбан, Алатаўда жарқыраған жулдызбан. Пахта десе Тоқтағулдай йошланып, Мийнет сүйгиш Манасларды туўғызған. Мен айтыўлы Шымкентимен қазақтың, Әтирапым ақ бийдайлы узақ тың. Пахта десе Балхаш болып балқыйман, Афорт алма болып писип шалқыйман. Кәсиби кӛбейип, қолы узарған, Мен нефтши Азербайжан—Ҳазарман, Мен Кавказға қадап пахта байрағын, Пахта даңқын таўға ойып жазарман. Қатарымнан қалмайын деп қыстанған, Мен Хорезм, Қарақалпақстанман. Ең қыйын, ең салқын жерди жибитип, «Еллик» тей шӛллердиң сырып ашқанман. Айтшы достым, қай жулдызға ушасаң? Жолларыңды ақ липасқа бӛлейин. Ай ҳәм Жердиң арасына келеплеп, Үзилмейтин ӛрмек қурып берейин. Ақ алтынға бӛлейин кең аймақты, Раҳмет айтып сиздей ул-қызға. Пахтамнан тоқылған қызыл байрақты Тик апарып желбиретип жулдызға! 1914-ж. Октябрь. Download 1.21 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling