«Tastıyıqlayman» Mektep direktorı G. Srashova


Жумыс баслаўдан алдынғы қәўипсизлик талаплары


Download 0.73 Mb.
bet6/68
Sana24.04.2023
Hajmi0.73 Mb.
#1394205
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   68
Bog'liq
инструк. по О.Т

11. Жумыс баслаўдан алдынғы қәўипсизлик талаплары.
1. Жолға шығыў алдынан әлбетте медициналық көриктен өтиўи тийис.
2. Автомобилдың сазлығына исеним пайда етиў, буның ушын тормоз, рул басқармасы, жақтыландырыў ускенелери, оңға ҳәм шепке бурылыўы ҳаққында хабарлаў жақтылық ускенеси, даўыс ускенеси, айна тазалағыш, аккумуляторлар батареясының жағдайы, жанылғы, суў ҳәм май өлшеми, шиналардағы басым муғдары, шиналардың желиниў дәрежеси, спидометрдиң ислеўи ҳәм басқа артықша бөлшеклердиң ислеў жағдайы тексериледи.
3. Автомобилдиң артықша ( запас ) тросы, мәжбурий тоқтаўлар белгиси, механикалық көтергиш, артықша ( запас ) шина, керекли әсбап-ускенелер барлығын тексериў.



  1. Транспорттың тазалығын тексериў. Автомобилди бензин менен жуўыў қадаған етиледи.

  2. Жолға шығыў алдынан автомобилди техник көриктен өткериў.

  3. Жол ҳәрекети маршрутын уйренип шығыў, жолдың қәўипли жерлерин ( қәўипли бурылыслар, халықтың жасаў пунктлери, темир жол кесиспелери, кескин пәсликлер ҳәм бийикликлер ) билиў.

  4. Тийисли белгиге ийе болған жол қағазын алыў.

111. Жумыс ўақтында қәўипсизлик талаплары.
1. Айдаўшы автомобиль басқарыўында шалғымаўы, ҳәмийше пикири жәмленген, дыққат итибары автомобил басқарыўында болыўы тийис.
2. Айдаўшы бәрқулла автомобилдиң көрсеткиш ускенелерин ( приборлар ) бақлап барыўы, шаўқым пайда болғанда дәрҳал ҳәрекетти тоқтатыў керек.
3. Ҳәр қандай тоқтаў жағдайында автомобиль әлбетте қол томызына қойылыўы шәрт.
4. Айдаўшы өзин бийжағдай сезгенде дәрҳал ҳәрекетти тоқтатыўы, жумыс орнын қәўипсиз жағдайға келтириўи ҳәм басшысын хабардар еткен ҳалда врачқа мурәжат етиўи лазым.
5. Айдаўшы жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел қылыўы, жол шараятларын, көриниў дәрежесин, атмоспера шараятларын, рельефин, ҳәрекетлениўде автомобиллердиң қатнаў дәрежесин, автомобиль жағдайын ҳәм басқаларды есапқа алған турде тезликти өзгертириўи тийис.

Download 0.73 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   68




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling