Вилоят, туман, шаћар
Download 290 Kb.
|
Некролог
- Bu sahifa navigatsiya:
- Әжинияз атындағы НМПИ ректораты,...
ХХ әсирдиң белгили алымы, «Пидакерлик мийнетлери ушын» ордениниң ийеси, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, педагогика илимлериниң докторы, профессор, шайыр Өсербай Әлеўов 2022-жылдың 20-декабрь күни 78 жасында дүньядан өтти.Ө.Әлеўов 1945-жылы 27-майда Кегейли районының ҳәзирги «Дәрўаза қум» хожалығына қараслы «Тентек жап» бойындағы «Әйтеке» аўылында туўылды. 1963 - жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-филология факультетиниң қарақалпақ филологиясы бөлимине оқыўға кирди.Болажақ алым ҳәм шайыр Ө.Әлеўов 1967-жылы институтты табыслы тамамлап, Хожелидеги орта мектеплердиң биринде муғңаллим, директордың оқыў ислери бойынша орынбасары болып жумыс иследи. 1970-жылы Ташкенттеги педагогика илимин изертлеў институтына педагогика теориясы ҳәм тарийхы қәнийгелиги бойынша аспирантураға кирди. 1974-жылы «Бердақтың педагогикалық көз қараслары» деген темада кандидатлық, 1995 жылы «Қарақалпақстанда тәлим-тәрбиялық ойлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы» деген темада докторлық диссертациясын табыслы қорғады. Ол 1970-жылдан 1983-жылға шекем Өзбекстан педагогика илимин изертлеў институтының Қарақалпақстандағы филиалында илимий хызметкер, илимий хаткер, 1983-1990- ҳәм 1997-2016-жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң педагогика ҳәм психология кафедрасында үлкен оқытыўшы, доцент, профессор, баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының баслығы лаўазымларын атқарды. 1990-1995-жыллары жаңадан шөлкемлестирилген Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кафедра баслығы, факультет деканы лаўазымларында иследи. 2017-жылдан баслап институттың «Педагогика» кафедрасының профессоры лаўазымында жумыс иследи. Ө.Әлеўов жигирмадан аслам монография ҳәм оқыў қолланбаларының, 300 ден аслам илимий мақалалардың авторы. Профессор Ө. Әлеўовтың илимий басшылығында еки илим докторы, жигирмадан аслам илим кандидатлары жетилисип шықты. Алым Низами атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети жанындағы, Қары Ниязий атындағы Өзбекстан Республикасы илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминдеги, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы қәнийгелестирилген илимий кеңеслердиң ағзасы, баслық орынбасары сыпатында да жақланып атырған диссертациялардың сапалы болыўына өзиниң үлесин қосып келди. Илимпазға илимдеги жетискенликлери ҳәм тәлим-тәрбия ислериндеги табыслары ушын 2000 жылы профессор илимий атағы берилди. Академик Ө.Әлеўов зайыбы Зинахан Қутлымуратова менен биргеликте үш қызды тәрбиялап, ержеттириўге еристи. Қызлары: Гүлистан, Гулжахан ҳәм Раўшанайлар юридикалық қәнийгеликлерди ийелеп, ҳәзир ҳуқық тараўларында хызмет ислемекте. Профессор Ө.Әлеўовтың көп жыллық мийнетлери инабатқа алынып еки мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Президумының (1977, 1994) ҳүрмет жарлығын алыўға, «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери» ҳүрметли атағының берилиўине (2001 жыл), «Фидакорана хизматлари учун» ордениниң көкирегине тағылыўына миясар болды. Сондай-ақ, Англиядағы Кембридж университети жанындағы дунья алымларының биографиясын үйрениўши Халық аралық Орай тәрепинен проф. Ө. Әлеўовқа «ХХI әсирдиң белгили алымы» атағында алды. Ҳақ кеўил, кишипейил, зәдердес ҳәм пидайы алым О.Әлеўовтың жарқын естелиги мәңги ядымызда сақланады. Әжинияз атындағы НМПИ ректораты,... Download 290 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling