Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
2. Салықлардың
улыўма белгилери ҳәм басқа экономикалық категориялардан парқы Ҳәр қандай экономикалық категорияның мазмунын тереңирек аңлаў ушын оған тән улыўма белгилерди анықлаў лазым болады. Мәселен, кредит экономикалық категория сыпатында мүддетлилик, қайтарыў шәрти, белгили муғдарда үстеме ҳақы (процент) тӛлеў киби улыўма белгилерге ийе, усы белгилер кредит категориясының мазмунын кеңирек ашып бериў ушын хызмет қылады. Сол айтқанымыздай салық категориясы да бир қатар ӛзине тән белгилерге ийе, усы белгилер салықларды басқа тӛлемлерден парқлаў ушын хызмет қылады. 16 Vohobov A., Srojiddinova Z. «O‗zbekiston Respublikasining Davlat byudjeti». TMI 2002, 115 b. 36 – bet. 17 Xvan L.B.: Solik huquqi. Toshkent Кonsauditinforn, 2001. 26-bet Соны айырықша айтыўымыз лазым, салықлардың белгилери бойынша да экономист алымлар тәрепинен ҳәр қыйлы пикирлер айтылған. Мәселен, проф. Қ. Яҳѐев салықлардың улыўма белгилери сыпатында тӛмендегилерди тийкарлайды. 1. Салықлар ҳәм жыйымлар мәжбүрий болып, бунда мәмлекет салық тӛлеўшиниң дәраматларының бир бӛлимин мәжбүрий тӛлем сыпатында бюджетке алады. Бул мәжбүрийлик Олий Мажлис тастыйқлап берген салық Кодексиниң тәртиплери тийкарында әмелге асырылады. Демек, мәжбүрийлик белгиси ҳуқуқый жақтан мәмлекет тәрепинен кепилленеди. 2. Салықлар қазнаға мәмлекет бюджетине түседи. Бирақ басқа түрдеги фондларға түсиўши тӛлемлер салық қатнасықларын сәўлелендирмейди. 3. Салықлар турақлы белгиленген ҳәм бәрҳәма ҳәрекетте болады. Тарийхта әсирлеп ӛзгермей ҳәрекетте болған салықлар бар. Оның илимий тийкары қанша терең болса, сонша турақлы ҳәм узақ жыллар ӛзгерместен ҳәрекет қылады. 4. Мәмлекетке тӛлеген салық суммасы тӛлеўшиниң ӛзине толық қайтпайды, яғный ол эквивалентсиз пул тӛлеми. 18 Рус экономисти А.Медведев ӛзиниң «Салықларды қандай режелестириў керек» атлы китабында салықларға тән болған еки белгини, яғный мәжбүрийлик ҳәм эквивалентсизлик киби белгилерди айтады. Жоқарыдағылардан келип шығып, бизиңше салықлардың улыўма белгилерин тӛмендегише аңлатыў мүмкин: 1. Салық тӛлеўши пулдың белгили суммасын мәмлекетке тӛлер екен, буның есесине тиккелей бир товар яки хызмет алмайды. Айырым алынған салық тӛлеўши тәрепинен тӛлеген салық муғдары менен ол тутынатуғын социаллық хызметлер ортасында туўрыдан-туўры байланыс бар болмайды. Мәмлекетке тӛленетуғын салықлар менен оның есесине алынатуғын экономикалық ҳәм социаллық хызметлер ортасында тиккелей байланыстың жоқлығы салық тӛлеўшилер салыққа тартыўды жүк сыпатында баҳалаўлары 18 Yahyoev Q. «Soliqqa tortish nazariyasi va amaliyoti». T-2003 y. ушын себеп болады, олар салықлар есабынан әмелге асырылатуғын мәмлекет қәрежетлериниң бағдарын мақуллаўлары да мүмкин. Айырым алынған салық тӛлеўши әдетте жәмийет ҳәм ӛзиниң кӛрген пайдасы яки мәпин тӛлеген салықлары менен салыстырып отырмайды. Бул соған алып келеди, ақыбетинде пухаралардың бир бӛлими салықлар тӛлеўден мойын таўлаўға, ӛз дәраматларын жасырыўға урынады. Мәмлекет ӛз пухараларынан жыйып алған салықларды нәтийжели ҳәм ашық айдын тәризде ислетсе ҳәмде пухаралардың кӛпшилик бӛлими мәмлекеттиң экономикалық социаллық ҳәм басқа дәстүрлерин ӛз қаржылары есабынан пул менен тәмийнлеўге разы болғанда ғана жоқары дәрежедегги салық тәртиби принциплери жүзеге келеди. 2. Салықлар мәжбүрий тӛлемлер есапланады. Салықлардың толық муғдарда ҳәм ӛз ўақтында тӛлениўи ушын жуўапкершилик салық тӛлеўшилер жуўапкершилигине жүкленген болсада, олар ықтыярлы емес, мәжбүрий рәўиште тӛлейди, мәмлекет салық тӛлеўден мойын таўлағанларды жазалайды. 3. Мәмлекет пайдасына салық тӛлеў арқалы дәраматтың әўелден белгилеп қойылған, ең әҳмийетлиси, нызамлы тәртипте кӛзде тутылған бӛлими ӛндирип алынады. Кӛплеген мәмлекетлердиң, соннан, Ӛзбекстанның да нызамларында салықларды белгилеў ҳәм олардың кӛлемлерин анықлаўға тек ғана жоқары нызам шығарыўшы ҳәкимят яки оның тәрепинен ўәкиллик берилген шӛлкемлер ҳақылы саналады, деп беккемлеп қойылған. Ӛзиниң қәлеўине қарап жаңа салықлар белгилеў яки олардың кӛлемлерин анықлаўға ҳеш кимниң ҳақы жоқ. Тӛлемлердиң нызамлы, ашық-айдын ӛзгешеликке ийе болыўы салықлардың бас характери есапланады. 4. Салықлардың және бир белгиси олардың мәмлекет яки жергиликли бюджетке келип түсиўи, яғный салықлар бюджеттен тысқары фондлар яки ҳәр қыйлы басқа фондларға келип түспейди. 5. Салықларға тән болған улыўма белгилерден бири сыпатында мәмлекет ҳәмде юридикалық ҳәм физикалық шахслар ортасында меншикликти қайта бӛлистириў процесиниң жүзеге келиўи есапланады. Әпиўайы етип айтқанда кәрханалар ҳәм халықтан алынатуғын салықлар, тийкарында олар меншигиниң белгили бир бӛлиминиң мәмлекет есабына ӛткерилиўин билдиреди. Буның менен хожалық жүритиўши субъектлерге тийисли болған мүлк дәрамат формасында мәжбүрий тӛлеў болып, мәмлекет мүлкине айланады. Демек, жоқарыда айтып ӛтилген салықларға тән болған улыўма белгилер олардың экономикалық мазмунын ашыўға хызмет қылады. Салық категориясы басқа экономикалық категориялар: финанс, кредит, қамсызландырыў, инвестиция кибилер менен улыўма уқсаслыққа ийе, яғный олардың барлығы пуллы қатнасықларды аңлатады. Лейкин салықлардың ӛзине тән жоқарыда айтып ӛтилген белгилери бар, усы белгилер салықларды басқа экономикалық категориялардан парқлаў ушын хызмет қылады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling