Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


 Юридикалық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын салықлар ҳәм


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet36/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

5. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын салықлар ҳәм 
жыйымлар 
Салық қатнасықлары бар болыўының тийкарғы шәртлеринен бири - бул 
мәмлекеттиң бар болыўы болса, екинши шәрти болып салықларды тӛлеўге 


ылайық болған салық тӛлеўшилердиң бар болыўы. Ӛзбекстанда салықлар 
дерегине қарап юридикалық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын 
салықларға ажыратылады.
Салық салыў мақсетинде Юридикалық тәреплер дегенде меншигинде
хожалық жүргизиўи ямаса оператив басқарыўында мал-мүлки болған ҳәм ӛз 
мәжбүриятлары бойынша усы мал-мүлк пенен жуўап беретуғын, сондай ақ 
ғәрезсиз балансқа ҳәм есап-китап бетине ийе болған тәреплер түсиниледи. 
Юридикалық тәреплерден алынатуғын салықларға барлық жанапай 
салықлар, кәрхана дәраматына салық, жер асты байлықларынан 
пайдаланғанлығы ушын, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын, саўда 
шӛлкемлериниң жалпы дәрамат салығы, жер салығы, мал-мүлк салығы, киши 
бизнес ушын бирден-бир салық ҳәм басқалар киреди. Базы салықларды 
(ҚҚС, акциз) юридикалық тәреплер де физикалық шахслар да тӛлейди. 
Физикалық шахслар тӛлейтуғын салықларға дәрамат салығы, жер, мал-мүлк 
салықлары киреди. Юридикалық тәреплердан алынатуғын салықлар 
мәмлекет бюджети дәраматларының үлкен бӛлимин қурайды. Бул 
салықлардың әҳмийетли ӛзгешелиги нақ пулсыз формада кәрханалар есап 
бетлеринен бюджет есап бетлерине кӛширип қойылады. Оны ӛндириў аңсат 
ҳәм арзанға түседи. Физикалық шахслардан алынатуғын базы салықлар нақ 
пулға ӛндирилгенлиги ушын оны тӛлеў қыйын кешеди. Бундай салықларға 
жер, мал-мүлк салықлары, ҳәм бир қатар жыйымлар киреди. Салық жыйнаў 
қәрежети кӛбейип кетеди. Себеби, бул жумыс пенен арнаўлы тәжирийбеге 
ийе 
болған 
инспекторлар 
шуғулланады, 
ҳүжжетлер 
(декларация, 
хабарнамалар, чақырықлар ҳәм басқалар) кӛп жазылады. 
Физикалық шахслар салықлары ишинде ең салмақлы орындағысы
пухаралар жәми дәраматына салықлар есапланады. Бул салық арқалы 
пухаралардың группалары дәраматларын басқарып барыў имканияты 
жаратылады. 
Жоқарыда айтқанымыздай, Юридикалық тәреплердың бюджетлерге 
тӛлейтуғын салықлары туўры ҳәм жанапай салықларға бӛлинеди. 


Туўры салықлар дәрамат (пайда) салықлары ҳәм ресурслар 
салықларынан қуралады. Жанапай салықлар болса қосымша қун салығы, 
акциз салығы, бажыхана бажынан ибарат.
Юридикалық тәреплер салықлары ишинде жанапай салықлар үлеси 
артып барыўы тенденциясына ийе, туўры салықлар салмағы болса пәсейип 
барыў бағдарында. Бундай ҳалат ӛним ӛндириўшилердиң үлесине түсетуғын 
салық жүгин кемейтип, олардың ӛндирислик хызметин күшейтеди. Соның 
менен бирге туўры ҳәм жанапай салықлар бюджеттиң беккем дерегине 
айланып оның социаллық зәрүр болған қәрежетлерин ӛз ўақтында ҳәм 
үзликсиз финансластырыў имканиятын жаратады.
Юридикалық тәреплер салықлары пул айланысын беккемлеўде де үлкен 
әҳмийетке ийе. Туўры салықлар Юридикалық тәреплердың қәрежетлерге 
мӛлшерленген қаржыларын қысқарттырып айланысқа ӛз пулларын 
шығарыўға алып келеди. Жанапай салықлар болса, товарлар (жумыслар, 
хызметлер) қурамында болып, баҳа есабынан айланыстағы артықша 
пулларды айланыстан алады. Солай етип салықлар пул айланысын 
беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болады. 
Салықлардың артыўы товар (хызмет, жумыс) усынысын арттырады, 
талапты кемейттиреди. Бул болса, пул эмиссиясын кемейтеди. Бирақ 
усыныста реал қуны пәс болғанлығынан инфляцияны пайда қылыўы мүмкин. 
Юридикалық тәреплер ӛзлерине жүкленген салықларды есаплаў ҳәм 
бюджетке ӛз ўақтында, толық тӛлеў жуўапкерлигин алған. Олардың 
тӛлейтуғын салықлары тийкарынан нақ пулсыз, яғный кәрхана, шӛлкем, 
бирлеспениң банктеги есап бетлеринен қаржыны кӛширип, республика 
ямаса жергиликли бюджет есап бетлерине ӛткериў жолы менен әмелге 
асырады. Нызам бойынша ҳәр қандай юридикалық шахс ӛз салық ҳәм басқа 
мәжбүрий тӛлемлерин белгиленген ўақытта бюджетке толық ӛткериўге 
мәжбүр. Буның ушын олар салық ҳәм басқа тӛлемлердиң мүддети келгенинде 
пулларды ӛткериў ҳүжжетлери болған тӛлеў тапсырмасы, чеклерди жазып 
банклерге тапсырыўы керек. 


Егер тӛлеў тапсырмалары ӛз мүддетинде жазылып банклерге 
тапсырылмаған болса салық мекемелери ӛзлериниң инкасса-тӛлеў 
талапнамалары арқалы ӛндирип алады. Ҳәр бир ӛз ўақтында бюджетке 
ӛткерилмеген күн ушын ӛткерилиўи керек болған салық суммасы есабынан 
0,07 процент пеня есапланып салыққа қосымша рәўиште бюджетке 
мәжбүрий ӛндириледи. Әлбетте пеня суммасының кӛбейиўи кәрхананың 
финанслық ҳалатына унамсыз тәсир кӛрсетеди. Пеня кәрхана ушын қосымша 
салық болады. 
Соның ушын ҳәр қандай хожалық субъектлери есапшылары салықлар 
ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлерди оларда белгиленген тӛлеў мүддетине шекем 
ӛз ўақтында тӛлеп барыўы шәрт. Бунда әсиресе аванс тӛлемлерге кӛбирек 
итибар қаратылыўы лазым, себеби ҚҚС, дәраматқа (пайдаға) салық ҳәм 
басқаларда аванс тӛлемлер саны кӛп болғанлығынан қарыздарлықтың 
кӛбейиўине алып келеди. Ҳәзирги күнде бул қарыздарлық пенен гүрес 
экономиканы турақластырыўда әҳмийетли мәмлекет иләжларына айланбақта. 
Юридикалық тәреплердың барлық салықлары нақ пулсыз тӛленеди. 
Бирақ, айырым жыйымлар (мәмлекет ҳәм бажыхана бажылары) нақ пуллы 
болыўы мүмкин. Юридикалық тәреплер салықларының нақ пулсыз тӛлениўи 
жүдә үлкен экономикалық әҳмийетке ийе. Пул ӛткериўлер тезлеседи, 
социаллық қәрежетлер тежеледи. 
Физикалық шахслар дегенде Ӛзбекстан Республикасының пухаралары, 
шет ел пухаралары ҳәм пухаралығы болмаған шахслар түсиниледи. Финанс 
жылында салық салынатуғын дәрамат, мал-мүлк, жер, майданы, транспорт 
қураллары ҳәм сондай басқа предметлерге ийе болған физикалық шахслар 
оларға белгиленген салықларды тӛлейди. 
Ӛзбекстан Республикасында бәрҳама жасап турған яки финанс жылында 
басланатуғын ямаса тамамланатуғын он еки айға шекем болған қәлеген 
дәўир даўамында 183 күн яки оннан кӛбирек мүддетте Ӛзбекстанда турған 
физикалық шахс Ӛзбекстан Республикасының резиденти деп қаралады. 
Ӛзбекстан Республикасының резиденти болған физикалық шахсларға 


олардың Ӛзбекстан Республикасындағы, сондай ақ оннан тысқарыдағы 
хызмети дереклеринен алынған дәраматлары бойынша салық салынса, 
Ӛзбекстан Республикасының резиденти болмаған физикалық шахсларға 
Ӛзбекстан Республикасы аймағындағы хызметинен алынған дәраматлар 
бойынша салық салынады. 
Жоқарыда айтып ӛтилгенлерден жуўмақ қылып айтыўымыз мүмкин, 
мәмлекетимиз салық нызамшылығына муўапық салық тӛлеўшилер еки үлкен 
топарға, яғный юридикалық ҳәм физикалық шахслар топарына бӛлинеди ҳәм 
олардың хызмет кӛрсетиў ӛзгешелигинен келип шығып және қурамлық 
бӛлимлерге ажыратыў мүмкин. Республикамыз мәмлекетлик бюджети 
дәраматларын қәлиплестириўде юридикалық тәреплер тӛлейтуғын салықлар 
үлкен әҳмийетке ийе екенлигин жоқарыдағы мағлыўматлардан тиккелей 
кӛриўимиз мүмкин. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling