Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Салық хызмети шӛлкемлериниң басқа шӛлкемлер ҳәм финанс-кредит
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
4. Салық хызмети шӛлкемлериниң басқа шӛлкемлер ҳәм финанс-кредит
мекемелери менен ӛзара бирге ислесиўи Мәмлекетлик салық мекемелери ӛз алдына қойылған ўазыйпаларды орынлаў ҳәм ӛз функцияларын әмелге асырыў даўамында мәмлекеттиң басқа мекемелери менен үзликсиз бирге ислеседи. Мәмлекеттиң басқа мекемелери менен ӛзара қатнасықларында салық мекемелериниң усы ўазыйпа ҳәм функцияларды қандай дәрежеде орынлаўын белгилеп береди. Мәмлекетлик мекемелер системасы улыўма жуўапкершиликли, функционал ҳәм тараў мекемелериниң бир пүтин ҳалда ӛзара бирге ислесиўши системасын аңлатады. Сол себепли, мәмлекетлик салық мекемелери мәмлекеттиң басқа шӛлкемлери менен ӛзара байланыслары характерин үйрениў ғәрезсиз анализ ҳәм бәрҳама жетилисиў объекти сыпатында қаралыўы керек. Салық мекемелериниң республика экономикасына ҳуқуқый тәсириниң кӛлеми кеңлигин, усы мекемелердиң жумыс формалары ҳәм хызмет мазмунының ӛзине тәнлигин есапқа алсақ, усы машқалаға үлкен итибар бериў жүдә әҳмийетлилиги ҳаққында жуўмақ келип шығады. Салық нызамлары сӛзсиз рәўиште ӛзгертиўлерге зәрүр болған бир шараятта мәмлекеттиң салық системасы салықлардың туўры есапланыўы ҳәм олардың бюджетке толық муғдарда киритилиўи, салық мекемелерин шӛлкемлестириў пайытында олар алдына қойылған мақсетлерге ерисиў, салық тӛлеўшилердиң қатнаслары, салық нызамларына бойсыныўы кӛбинесе республикадағы салық, ҳуқуқты қорғаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдың басқа шӛлкемлериниң муўапықластырылған тәриздеги әмелий, оператив рәўиштеги биргеликтеги ҳәрекетине байланыслы. Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик салық комитети мәмлекетлик шӛлкемлер менен биргеликте салық нызамларының қолланылыў әмелиятын үзликсиз тәризде анализлейди ҳәм улыўмаластырады, олар тийкарында әмелдеги норматив ҳүжжетлерге республикадағы экономикалық жағдайдың раўажланыўын талап ететуғын ӛзгерттириўлер ҳәм қосымшаларды киритиў бойынша тийисли усынысларды береди. Мәмлекетлик салық комитетиниң қатнасыўында әмелге асырылатуғын административлик-ҳуқуқый қатнасықларды кӛрип шығар екенбиз, олардың ишинде мәмлекетлик салық комитети мәмлекетлик басқарыўдың ғәрезсиз субъекти сыпатында пайда болатуғын қатнасықларды ажыратып кӛрсетиўимиз мүмкин. Олар Мәмлекетлик салық комитети менен орынлаўшы ҳәкимияттың басшысы Ӛзбекстан Республикасының Президенти, сондай ақ ҳәкимяттың жоқары ўәкиллик шӛлкеми - Ӛзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм республика орынлаўшы ҳәкимят шӛлкеми - Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинети ортасында пайда болатуғын қатнасықлар есапланады. Мәмлекетлик салық комитетиниң республикадағы мәмлекетлик ҳәм орынлаўшы ҳәкимяты басшысы Республика Президенти менен қатнаслары Ӛзбекстан Республикасының Конститутсиясы нормаларында белгилеп берилген. Президент Ӛзбекстан Республикасы министерликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәмде мәмлекетлик басқарыўдың басқа шӛлкемлерин дүзеди ҳәм тоқтатады, усы мәселелерге тийисли пәрманларды Олий Мажлис тастыйқлаўына киритеди. Президент, сондай ақ, Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинети ағзаларын лаўазымларға тайынлайды ҳәм босатады, республика басқарыў шӛлкемлериниң қабыл қылған ҳүжжетлерин тоқтатады ҳәм бийкар қылады, Ӛзбекстан Республикасының нызамларын имзалайды. Президенттиң Республика Конститутсиясы ҳәм нызамлары тийкарында ҳәм оларды орынлаў бойынша шығаратуғын пәрманлары кӛбинесе директивалар ҳәм анық ўазыйпалардан ибарат болады, бунда ҳүкиметтиң ҳәм мәмлекетлик салық комитетиниң ҳәрекетлериниң уйғынлығы тәмийнленген болады. Ӛзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң ӛзара қатнаслары мәселесине келгенде тӛмендегилерди ажыратып кӛрсетиў мүмкин. Бундай ҳуқуқый қатнасықлар ушын тӛмендегилер тийкарғы фактор есапланады: бириншиден, Олий Мажлис Ӛзбекстан Республикасының Конституциясына муўапық оның жуўапкершиликлерине киритилген ҳәр қандай мәселени, соннан, салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлерди енгизиўге байланыслы мәселени ӛзиниң кӛрип шығыўы ушын қабыл қылыўға ҳақылы. Екиншиден, Ӛзбекстан Республикасы Конституциясының 78-статьясы 19-бәнтине ҳәм «Ӛзбекстан Республикасының Олий Мажлиси ҳаққында» ғы Нызамға муўапық Олий Мажлис Президенттиң министерликлер, мәмлекетлик комитетлери ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың басқа шӛлкемлерин шӛлкемлестириў ҳәм тоқтатыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйқлайды. Буннан тысқары, Ӛзбекстан Республикасының орынлаўшы ҳәкимят шӛлкемлери системасын ҳәм жуўапкершиликлерин белгилеў Олий Мәжлистиң жуўапкершиликлерине киреди. Егер республика Президенти мәмлекетлик басқарыў шӛлкемлериниң ҳүжжетлерине қарай оларды бийкар қылыў ҳуқуқына ийе болса, Олий Мажлис бундай юридик жуўапкершиликлерге ийе емес. Олий Мажлис ӛзиниң бәрҳама әмел қылыўшы комитетлери ҳәм комиссиялары арқалы Мәмлекетлик Салық Комитетиниң хызметине әҳмийетли тәсир кӛрсетип турады. Солай етип, Мәмлекетлик салық комитети менен Олий Мәжлистиң тығыз байланыслы ҳәрекети дәслеп оның нызамшылық функцияларын әмелге асырыўы процесинде пайда болады. Мәмлекетлик салық комитети менен республика ҳүкимети, Министерлер Кабинети ортасында жүдә беккем ӛзара қатнасықлар бар. Министерлер Кабинети - Ӛзбекстан Республикасының орынлаўшы ҳәкимят шӛлкеми есапланады ҳәм пүтин мәмлекетлик басқарыў шӛлкемлери системасына олардың келисилген тәриздеги хызметин тәмийнлеген ҳалда басшылық қылады. Ӛзбекстан Республикасының «Ӛзбекстан Республикасының Министерлер Кабинети ҳаққында»ғы Нызамына муўапық республиканың хызмет шеңберине тийисли болған Ӛзбекстан Республикасы Конституциясына ҳәм ол ҳаққындағы нызамға қарай ӛз жуўапкершиликлерине киретуғын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўының барлық мәселелерин шешиўге ҳақылы. Министерлер Кабинети министерликлер ҳәм мәмлекетлик комитетлердиң, мекемелер ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың басқа шӛлкемлериниң хызметин муўапықластырып турады ҳәм бағдарлайды, сондай ақ, министерликлер, мәмлекетлик комитетлери ҳаққындағы тийисли нызамларды тастыйқлайды, яғный мәмлекет шӛлкеминиң дүзилисин ҳәм оның жуўапкершиликлерин белгилейди. Нызамның усы нормалары басқа барлық мәмлекетлик басқарыў шӛлкемлериндей мәмлекетлик салық комитетин де Министерлер кабинетине бойсыныўын ҳәм оның алдында жуўапкер екенлигин билдиреди. Министерлер Кабинетиниң Мәмлекетлик салық комитетине тиккелей басшылық қылыўы Мәмлекетлик салық комитети әмел қылатуғын норматив ҳүжжетлер, улыўма директивалар яки анық (жеке тәртиптеги) кӛрсетпелер шығарыў формасы арқалы да пайда болады Мәмлекетлик салық комитетиниң ҳүжжетлери ҳаққында соны айтыў мүмкин, егер олар әмелдеги нызамларға қайшы келетуғын болса, Министерлер Кабинети оларды бийкар қылыўы мүмкин. Мәмлекетлик салық комитети салық нызамларын жетилистириўге тийисли усынысларды белгиленген тәртипте Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетине киритиў бойынша толық ҳуқуққа ийе. Мәмлекетлик салық комитети ӛзине жүкленген тийкарғы ўазыйпаларға муўапық рәўиште, сондай ақ, Қарақалпақстан Республикасы, областлар ҳәм Ташкент қалалық бюджетлерине салықлар ҳәм басқа тӛлемлердиң келип түсиўине тийисли тапсырмалардың орынланыўы нәтийжелерин анализлеў ҳәм соңынан бул бойынша Министерлер Кабинетине хабар бериў ўазыйпасын да атқарады. Мәмлекетлик салық комитети сырт ел инвесторларының инвестиция хызметин салықлар арқалы тәртипке салыў бойынша шара иләжларды ислеп шығыўда, салық сиясатын муўапықластырыў мәселелери бойынша сырт еллер менен мәмлекетлер ара питимлер ҳәм шәртнамаларды таярлаў ҳәм имзалаўда, еки жақлама салық салыныўын сапластырыў бойынша Министерлер Кабинетиниң тапсырмасына қарай мәмлекетлер ара питимлерди тастыйқлаў ҳәм имзалаўда қатнасады. Мәмлекетлик салық шӛлкемлериниң жергиликли ҳәкимят шӛлкемлери менен биргеликтеги ҳәрекети олардың Ӛзбекстан Республикасында алып барылып атырған бир пүтин салық сиясатын әмелге асырыўда, Қарақалпақстан Республикасы, областлар ҳәм районлар бюджетлерине салықлар ҳәм басқа тӛлемлердиң келип түсиўин тәмийнлеў бойынша тапсырмалардың орынланыўы нәтийжелерин анализлеўде қатнасыўында кӛринеди. Мәмлекетлик салық комитети күнделикли хызмет процесинде мәмлекетлик басқарыўдың басқа шӛлкемлери менен тез-тез қатнасықларға кириседи, бундай қатнасықлар мәмлекетлик қадағалаўдың усы орайлық шӛлкеми хызметин анық ажыратып кӛрсетеди. Базар экономикасы шәраятында салықлар оның тийкарғы тәртипке салыўшы факторы болады. Мәмлекетлик басқарыўдың Мәмлекетлик салық комитети, Финанс министерлиги ҳәм басқа шӛлкемлер системасының биргеликтеги ҳәрекети бир қанша үлкен әҳмийетке ийе. Дәслеп усы шӛлкемлер алдында турған ўазыйпа ҳәм мақсетлердиң улыўмалығын айтып ӛтиў керек болады. Финанс министерлиги финанс системасы қурамына киретуғын шӛлкемлерди басқарыў процесинде Ӛзбекстан Республикасы финанс системасы механизминиң бир пүтинлигин, базар қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм халықты социаллық қорғаў шәраятында баҳаларды тәртипке салыўдың экономикалық усылларының әҳмийетин күшейтиўди тәмийнлеп мәмлекеттиң финанслық, валюта, баҳа, монополияға қарсы сиясатына муўапық келетуғын салық сиясатын белгилейди. Ӛзбекстан Республикасының салық ҳәм финанс шӛлкемлери кәрханалардың сырт ел валютасындағы қаржыларының мәжбүрий тәртипте сатылыўы лазым болған суммаларын, сондай ақ кәрханалардың тӛлейтуғын салықларының туўрылығы ҳәм ӛз ўақтында әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады. Мәмлекетлик салық комитети менен республиканың банк системасы ортасында беккем шериклик қарар тапқан. Олар ӛткерилетуғын валюта операцияларының әмелдеги нызамларға муўапықлығын ҳәм буның ушын зәрүр рухсатнамалардың барлығын, резидентлердиң бюджетке салықлар ҳәм басқа тӛлемлерди тӛлеўге тийисли мәжбүриятларын, сондай ақ, сырт ел валютасын Ӛзбекстан Республикасының Орайлық банкисине сатыўға тийисли мәжбүриятларын орынлаўын, валюта қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўын, сырт ел валютасындағы тӛлемлердиң тийкарлылығын, валюта операциялары бойынша есап ҳәм есабаттың толықлығын ҳәм объективлигин биргеликте тексереди. Ӛзбекстан Республикасының барлық банк мекемелерине салық басқармалары ҳәм инспекцияларының кӛрсетпелерине қарай кәрханалар, мекемелер ҳәм шӛлкемлердиң есап бетлеринен салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлерге тийисли қарызлар суммасын мүддети ӛткерип жиберилген ҳәр бир кун ушын пеняны есаплаған ҳалда ӛндирип алыў ҳуқуқы берилген. Банк яки кредит мекемесиниң айыбына кӛре салық тӛлеўшиниң тӛлеў тапсырмасы орынланбаған ҳалларда болса усы банк яки кредит мекемесинен тӛлеў мүддети ӛткерип жиберилген ҳәр бир кун ушын салықтың тӛленбеген суммасынан белгиленген тәртипте пеня ӛндирип алынады. Пеняның ӛндирилиўи банк яки кредит мекемесин салыққа тийисли тапсырмаларды орынлаўдан азат қылмайды. Мәмлекетлик салық комитети тийкарғы хызметин Ӛзбекстан Республикасының әмелдеги салықларға тийисли нызамларына бойсыныўы, салықлар, жыйымлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлердиң туўры есапланыўы, толық ҳәмде ӛз ўақтында тӛлениўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыўы процесинде республика ҳуқуқты қорғаў шӛлкемлери системасы менен биргеликте хызмет кӛрсетиў зәрүрлиги пайда болады. Мәмлекетлик салық комитетиниң Ӛзбекстан Республикасы Ишки ислер министерлиги, Ӛзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы, Ӛзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети ҳәм олардың орынлардағы бӛлимлери менен әмелий шериклиги оларда мәмлекеттиң экономикалық мәплерин қорғаў бойынша бир қатар улыўма ўазыйпалардың барлығы менен байланыслы. Олардың ҳәр бири ӛз жуўапкершиликлери шеңберинде тийисли усыллар арқалы экономикадағы жынайый жағдайлар ҳаққында зәрүр хабарларды жыйнаўды әмелге асырады, оларды анализ қылады ҳәм анықланған ҳуқуқбузарлықларға тийисли шаралар кӛреди. Салық мекемелериниң басшылары ӛз хызметлери ҳәм бӛлимлериниң Ӛзбекстан Республикасының салыққа тийисли нызамлардың бузылыўларын ӛз ўақтында анықлаў ҳәм оларға шек қойыўға, сондай ақ ӛз ара мәпдар болған басқа мәселелерди шешиўге тийисли ҳәрекетлерин үзликсиз рәўиште муўапықластырып турыўлары шәрт. Усы мақсетлерде исши топарларының шӛлкемлестирилиўи, ең әҳмийетли машқалалар болса комиссиялардың биргеликтеги мәжилислеринде кӛрип шығылыўы мүмкин. Биргеликтеги ислер бойынша бирден бир дерекнама дүзиледи ҳәм оны бир тәрептен, усы тексериўди ӛткерген ислеўшилер, екинши тәрептен болса, тексерилген кәрхана, мекеме, шӛлкемниң басшысы ҳәм бас есапшысы яки исбилерменлик хызмети менен шуғылланатуғын пухара имзалайды. Жуўмақ қылып айтқанда, республикамызда салық хызмети шӛлкемлери ӛз алдына қойылған ўазыйпа ҳәм функцияларға муўапық бир қанша шӛлкемлер ҳәм мекемелер, финанс-кредит мекемелери менен ӛз ара биргеликте хызмет кӛрсетеди. Бундай шериклик республиканың барлық ҳәкимят мекемелери, соннан, республика президенти, Олий Мажлис, Министерлер Кабинети, суд шӛлкемлери менен биргеликте әмелге асырылады. Мәмлекетлик салық комитетиниң усы мекемелер менен шериклиги кӛбинесе нызамлы актлерди ислеп шығыў, орынланыўын тәмийнлеў киби мәселелерде аңлатылса, оның финанс-кредит мекемелери менен шериклиги тиккелей салықларды ӛндирип алыўға қаратылған ўазыйпаларды шешиўде әҳмийетке ийе. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling