Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Бурынғы аўқам дәўиринде салықларға болған қӛз қарас
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
5. Бурынғы аўқам дәўиринде салықларға болған қӛз қарас
1917 жыл октябрьде болшевиклер зорлық пенен әмелге асырған аўдарыспақ бурынғы аўқам халқлары, соннан Ӛзбекстан тарийхында 75 жыл даўам еткен жаңа колониаллық сиясатын баслап берди. Жаңа экономикалық сиясатқа ӛтилиўи мүнәсибети менен аграр ӛндиристи раўажландырыўға қаратылған хожалық қатнасықлары енгизилди. 1919 жыл март айында жаңа экономикалық сиясат (НЭП) жәрияланыўы менен жаңа салық сиясаты шӛлкемлестирилди. Усы система аўыл хожалығы, ӛнерментшилик, дәрамат, мүлк ҳәм рента салықлары, тамға жыйымлары, мийрас ҳәм басқа бажылар киби мәжбүрий тӛлемлерди ӛз қурамына қамтып алды. 1922 жыл 11 апрелде ―Натура салығы ҳаққында‖ғы қарар қабыл қылынды. Усы қарарға кӛре дийханлардың наразылығына себеп болған азық-аўқат разведкасы орнына жалпы ӛнимниң 10 проценти муғдарында азық-аўқат салығы белгиленди. Лейкин арадан кӛп ўақыт ӛтпей хожалықтың үлкен-кишилигинен келип шығып, салықты дифференциалластырыў енегизилди. Салық тӛмендеги пропорцияларда алыныўы белгилеп қойылды: 2 десятинаға шекем жери болған ҳожалықлардан ҳасылдың 5 проценти, 2-4 десятинаға шекем 10 проценти, 4-6 десятинаға шекем 12 проценти, 6-8 десятинаға шекем 14 проценти ҳәм т.б.. Жаңа экономикалық сиясат пахташылық сиясатына да белгили ӛзгерислер киритти. Пахташылықты мийнет қураллары менен тәмийнлеўге итибар күшейттирилди. Оларға ҳәр қыйлы жеңилликлер берилип, ат-кӛлик салығынан, пәс раўажланған ҳожалықлар азық-аўқат салығынан азат қылынды. Булардың ҳәммеси дийханлардың кейпиятына, оларды кӛбирек пахта жетистириўге болған умтылыўында ӛзгерислер болыўына алып келди. 1923 жыл 13 июньда базы қарама-қарсылықларды сапластырыў мақсетинде азық-аўқат салығынан бирден-бир аўыл хожалығы салығына ӛтиў ҳаққында декрет шығарылды. Нәтийжеде, товар-пул қатнасықларының субъекти болған дийханлардың роли сезиларли рәўиште күшейди. Жеке капитал тийкарында шӛлкемлестирилген дәлдалшылық ҳәм саўда ширкетлери турақлы идеологиялық қадағалаў астында болды. Кӛбинесе, жеке меншикке жүдә үлкен муғдарда салық салынды, исбилерменлердиң еркин хызмети болса пүткиллей шеклеп қойылған еди. Соңынан мәмлекет жеке секторды тоқтатыўды тезлестириў мақсетинде қосымша салықлар ӛндирди. 1923-1925 жылларда тӛмендеги салықлар әмел қылған: 1. Туўры салықлар: - аўыл хожалығы салығы; - ӛнерментшилик салығы (саўда ҳәм ӛндирислик кәрханаларына); - мүлк салығы; - рента салықлары; - герб жыйымлары ҳәм басқалар. 2. Жанапай салықлар: - акциз салықлары (чай, кофе, шекер, дуз, алкоголлы ишимликлер, темеки ӛнимлери, нефт ӛнимлери ҳәм басқа түрдеги товарларға енгизилген); - ҳәр қыйлы бажылар. 1922-1923 жылларда туўры салықлар бюджетти салықлы дәраматлардың 43 процентин, 1923-1924 жылларда 45 процентин, 1925-1926 жылларда 82 процентин қураған. 1930 жылларда жаңа салық реформаларын ӛткериў талап қылынды. Салық реформаларын ӛткериўдиң тийкарғы себеби тӛмендеги кемшиликлерди жоғалтыўға қаратылған еди. - салықлар санын қысқартыў мақсетинде айланыс салығын енгизиў; - бир салық объектиниң бир неше мәртебе салыққа тартылыўы ҳәм баҳаларды режелестириўдиң қурамалылығын тоқтатыў. Буның ушын пайдадан ажыратпалар ҳәм кооперацияда дәрамат салығы енгизилди. Айланыс салығы қурамына бир неше салық ҳәм пайдадан ажыратпаларға 6 түрли салық бирлести. Алып барылған салық реформасы нәтийжесинде кәрханалардан бюджетке алынатуғын дәраматлар 7 есе артты. Лейкин соған қарамастан республикада ҳеш бир аўыр индустрия гиганты шӛлкемлестирилмеди, себеби оларды қурыў миллий колониаллық мәплерине сай келмес еди. Соның ушын республикада пахташылықты раўажландырыў менен байланыслы санаат тараўлары, азық-аўқат, жеңил санаат тараўларын кеңейттириўге ғана әҳмийет берилди. Санаат кәрханаларының кӛпшилиги шийки зат, ярым таяр ӛним ислеўге қәнигелестирилди. Себеби таяр ӛнимнен түсетуғын жоқары дәрамат Ӛзбекстан шийки затын қайта ислеўге қәнийгелескен аўқамдағы орайлық кәрханалар тәрепинен әмелге асырылды. Екинши дүнья жүзлик урыс басланғаннан соң Ӛзбекстан фронт зәрүрликлерин тәмийнлеўши материаллық базаға айланды. Бюджеттен әскерий илажларға сарпланған қаржылар 114,7 миллиард сўмды қурап, соннан 58,8 миллиард сўм яки 50,8 процентти әскерий қәрежетлер қураған еди. Буннан тысқары, республика фронтқа 4 млн. 148 мың тонна пахта, 54 мың тонна пилла, 3 млн. 83 мың дана қара кӛл териси ҳәм азық-аўқат ӛнимлерин жӛнеткен. Ӛзиниң ўатанпәрўарлық миннетин жоқары дәрежеде кӛрсеткен Ӛзбекстан халқы фашизм үстинен тек бурынғы аўқамды емес, ең дәслеп ӛз халқын сақлап қалды. Ӛзбекстан территориясында урыс ҳәрекетлери болмаған болсада, басқа республикалар қатары бул жерде де экономикалық система изден шықты. Экономиканы қайта тиклеў ислери басланып, қатар илажлар белгиленди. Соннан, салық системасына үлкен итибар қаратылды. Бул бағдарда салық муғдары хожалықлар жер участкасына қарап белгиленетуғын болды. Нәтийжеде айырым областларда жүзимзарлықлар кесип тасланды. Салық 2-3 есе кемейди. 1958 жылдан баслап халық қаржысы есабынан «иқтыярлы» тәртипте жазылатуғын заѐмлар бийкар қылынды, дәрамат салығы ҳәм басқа салықлар кемейттирилди. 1965 жылдан баслап пайдадан ажыратпалар тӛлеми орнына 3 түрли кӛрсеткиш тийкарында есапланатуғын тӛлемлер енгизилди. Бул тӛлемлер түрли кәрханалар мысалында сынаўдан ӛткерилди. Лейкин олар күтилген нәтийжени бермегенлиги себепли миллий дәраматтың ӛсиў пәтлери пәсейип кетти. Усы мүнәсибет пенен 1987 жыл 7 июльдағы финанс механизмин қайта қурыў қарарына муўапық санаат кәрханалары ҳәм тараўлары тийкарғы итибарды гезектеги мәселелерди шешиўге қаратып, финанс ҳәм экономикалық мәселелерден узақласқанлықлары критикаланды, кәрханаларда ӛндирис қәрежетлерин кемейтиўге жетерли итибар берилмегенлиги кӛрсетилди. Қарардың екинши бәнтинде айланыс салығының тӛлеўшиси тиккелей ӛним жетистиретуғын кәрхана болыўы керек деп кӛрсетилген. Бул статьяның әҳмийети соннан ибарат, бир тәрептен республиканың тийкарғы шешиўши шийки заты есапланған пахта, пиллә, реңли металлардан пайдаланып басқа республикадағы кәрханаларға ӛним ислеп шығарса, олар сол жерде салыққа тартылып, екинши тәрептен пахта ҳәм басқа шийки затларды сатыўдан келген дәраматлар салыққа тартылмайтуғын, республика бюджетине бул дәраматлартүспейтуғын еди. Бул иләжлар Ӛзбекстанда финанс системасындағы крезислерди күшейтти. Нәтийжеде экономикалық кӛрсеткишлер бойынша республика аўқамда соңғы орында еди. Бурынғы аўқам дәўиринде мәмлекет пенен мәмлекет меншиклиги ортасында салық қатнасықлары болыўы мүмкин емес деген идеологиялық пикирге таянған ҳалда мәмлекет пенен мәмлекет меншигине тийисли кәрханалар ҳәм шӛлкемлер ортасында салық қатнасықларына тыйым салыўға ҳәрекет қылынған, лейкин жоқакрыда кӛрип ӛткенимиздей, бурынғы аўқам мәмлекети шӛлкемлестирилгенинен баслап оның территориясында ҳәр қыйлы салықлар әмел қылған ҳәм мәмлекеттиң салықсыз бар бола алмаслығын және бир мәртебе кӛрсетти. Салық тараўындағы жүдә әҳмийетли ӛзгерислер бурынғы аўқамды басқарыў шӛлкеминиң 1987 жыл июль пленумында тастыйқланған ―Мәмлекетлик кәрханалар (бирлеспелери) ҳаққында‖ғы нызамы қабыл қылыныўы менен байланыслы. Оған муўапық кәрханалар меншиклик формасына қарамастан бюджетке тӛлемлер менен бир қатарда олар пайдасын салыққа тартыў мүмкинлиги де расмий рәўиште тән алынды ҳәм 1991 жыл 1 январынан баслап халық хожалығының барлық тараўларында меншиклик формасына қарамастан кәрханалар ҳәм мәмлекет ортасындағы қатнасықлар салық усылына ӛткерилди. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling