Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
ОРТА АЗИЯДАҒЫ БИРИНШИ РЕНЕССАНС ДӘЎИРИНДЕГИ МЕКТЕП
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
ОРТА АЗИЯДАҒЫ БИРИНШИ РЕНЕССАНС ДӘЎИРИНДЕГИ МЕКТЕП ҨӘМ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОЙЛАР Ӛ.Әлеўов – НМПИ, п.и.д., профессор Ж.К.Таспанова – Қарақалпақ мәмлекетлик университети Орта Азия IX-X әсирлерде ислам мәдениятын, илимин жетик ӛзлестире баслады. Мавераннахрда раўажланған феодализмде жасаўға ерискен Тахаридлер ҳәм буннан кейинги Саманийлер ҳүкимдарлығы тусында билимлендириў тараўы әдеўир жетилисти. Бухара ҳәм Үргенч (ғӛне) Ислам мәдениятының шығыстағы орайына айналды. Халықтың билимлендириў ислерин басқаратуғын министрлик дүзилди. Маъмун академиясы жумыс иследи. Мектеп –медреселерде ҳәм алымлар арасында Греция, Индия мәмлекетлериниң илим жетискенликлери араб тилине аўдарылып үйренилди. Философия, медицина, астрономия, математика, поэзияны билген ―адиб‖ адам болыў жаслар ушын идеал есапланады. Жасларды диний ҳәм тәбият илимлерин және қәтипшиликке үйрететуғын ―куттаб‖лар (мектеплер) ен жайды. Ханифилер мектеби балалардың ақылын, ядын қәлиплестириўди айрықша ўазыйпа еткен ушын сабақ бирнеше мәртебе тәкрарлаў арқалы жүргизилген ҳәм шәкиртлердиң кӛбирек материалды ядында сақлаўына ҳәрекет етилген. Сондай-ақ Талабалардың үйренген материалларын ӛзлери менен бирге анализлеген. Оқыў қалыс үйретилген. Медреселер ―Низамий‖медресеси оқыў планы ҳәм программасы тийкарында устазлардың билим дәрежесине қарап жоқары ҳәм орта мағлыўмат беретуғын болып бӛлинген. Мәлим системаға ийе билим бериў орын алды. Түрк тиллериниң ҳәрекетте болыўына қарамастан Араб-парсы тили мәмлекетлик тил ҳәм жазыў есапланылды. Орта Азияға араб бул арқалы грек илими ен жая баслады. Тәбийий –математикалық илимлер ҳәм жәмийетлик ой-пикирлер раўажланды. Заманды жақсылаў бойынша излениўлер күшейди. Буның тийкарғы жолларының бири тәлим-тәрбия екенлигине 9 айрықша дыққат бӛлинди. Усы Саманийлер дәўиринде ҳәм зәрре адынрақ Мухаммед ал- Хорезмий (780-850), Ибн Сина, Мухаммед Ферғаний (861-), Имам Бухарий (810-874), АТ-Термизий (824-892), Рудаки (860-941), Ал-Фарабий (873-941), Ал-Беруний даңқы жайылған алым –ойшыллар дӛретиўшилик жумысларын алып барды. Әсиресе шығыстағы тунғыш академия ―Байт алхикманы‖ басқарған, бирнеше илимий экспедицияға қатнасқан Әл-Хорезмий математика, астрономия, география илимлерин раўажландырыў менен қатар шебер методист-педагог еди. Тәбиятты тәжрийбе арқалы билиўге болады деп объектив дүньяны ӛзлестириў жолларын айтыўы үлкен жетискенлик еди. ―Алжабр ҳәм алмухабала‖ китабында теңлемелердиң түрлерин (алты), ондағы белгили ҳәм белгисиз бир-бирине диалектикалық қарама-қарсылығын дәлилледи. Алгоритм теорияларын раўажландырыўы, табий-математикалық пикирлерди жетилистириўи айрықша дыққатқа миясар еди. Сондай-ақ бул дәўирде Мухаммед Ферғанийдың жасларға тәбиий математикалық билим бериў ойлары Орта-Азиядағы мектеп ҳәм педагогиканы раўажландырыўда жетекши орын ийеледи. Ол ―Астрономия илими‖ ―Ал-Ферғаний таблицалары‖, ―Астролябия қурылысы ҳаққында китап‖ т.б. мийнетлери менен жаслардың жаратылыс таныў билимин, дүньяға түсинигин қәлиплестирди. Әсиресе аспан планеталарын қозғалыў, айналыў бағыты қарама-қарсы болсада бир-бирине сәйкес келмейтуғынын баянлады. Жулдызларды классификациялады. Ай ҳәм Қуяштың тутылыўын есаплап берди. Стереографиялық проекцияның тийкарын салып астролабияның теориялық ҳәм практикалық тәрепин ислеп шықты. Традициялық илим жетискенликлерин пухта үйрениўди, сын кӛз бенен қараўды талап етти. Сӛз етип отырған дәўирде имам Бухарий, Абу Иса Мухаммед Ат-Термизийдиң тәлим-тәрбиялық кӛз-қараслары да үлкен әҳмийет атқарды. Имам Бухарий жаслайынан ядкеш, ислам ҳуқуқын, Ҳадийс илимин жетик билген ойшыл еди. Ол ―Ат-Тарихул Кабарий, ал-Жомеъ ас-сахих‖ ―Ал-Адаб ал-Муфрад‖. т.б. жигирмадан аслам китаплардың авторы. Басра, Шам, Хорасан медреселеринде Хадийс ҳәм ҳуқуқтаныў пәнлеринен устазлық етеди. ―Китабу-ду Афаис Сагир‖ китабында Ҳадийс тағлиматының методологиясын дӛретип, ҳадийс илимин үйрениўге методикалық қолланбалар жазады. Мухаммед Ибн Адбулланың (пайғамбардың) адамгершиликли минез-қулқын жаслар тәрбиясында пайдаланыўға кӛрсетпелер берип, тәрбиядағы ӛрнек усылын мазмунластырды. Сондай-ақ Абу Иса Мухаммед ат-Термизийдиң Орта Азия ҳәм Шығыс халықларындағы тәлим-тәрбиялық ойларды раўажландырыўдағы хызмети де уллы. Ол ―Китабилал‖, ―Китаб ат-Тарийх‖, ―Катиб аз-Зухд‖, ―Китаб ал –Асма ва Қуня‖ т.б. мийнетлер дӛретип бунда жаслар тәрбиясына тийисли машқалаларды котерип шықты. Имам Бухарийдың исин даўам етип Мухаммед пайғамбардың ӛмир жолы, хызметин тәрбияда ӛрнек ушын пайдаланыўды жетилистириди. Расулиланы оқымыслы, даналығы, әдеп пенен сӛйлеўи, кийиниў гӛззаллығы, әдилликтеги, адамгершиликтеги, ӛзин тута билиўдеги пәзийлетлерин жаслар тәрбиясында тийкарғы идеал болыўын түсиндирди. Сондай-ақ, усы саманийлер дәўиринен уллы ойшыл Абу-Абдулла Рудаки (860-941) есапланады. Ол бай поэтикалық мийрасларында тәлим-тәрбия мәселелерине кең тақталды. Адамның қәлиплесиўине тәсир етиўши тийкарғы факторларды нәсил, орталық ҳәм тәрбия деп шешти. Сол ўақтағы гейпара мектеп-медреселердиң билим бериўиндеги турмыс пенен байланыссызлығын сынға алды. Ақыл жасларға турмыс қыйыншылықларын жеңиў ушын керек деди. Билим инсанды камбағаллықтан 10 қорғайтуғын қурал деп есаплады. Ақыл ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбиясы байланыслы деди. Барлық халықлардың илимпазлары бирге ислесиўин илимлер жетискенлигин адамзаттың ийгилиги ушын ортақ пайдаланыўды гәп етеди. Саманийлер дәўириндеги мектеп ҳәм педагогикалық ой-пикирлердиң раўажланыўында Ал-Фарабийдиң атқарған хызмети айрықша болды. Ол Грек алымларының илимий жетискенликлерин Орта Азияға ен жайдырды. Ӛзи де кӛп қана илимий мийнетлерди дӛретти ҳәм Аристотел деп кейинги екинши муғаллим атын алды. Дүньяға кӛз-қарасы бойынша пантейст Әл-Фарабийдиң адамлар жәмийеттиң келип шығыўы ҳаққындағы тағлиматы тәлим-тәрбиялық ойларын күтә мазмунластырды. Ол алды менен инсанның қәбилетлилигин анықлап усыған сай тәрбия бериўди айтты. Тәлим бериў үйретиў жолы менен ал, тәрбия ӛрнек кӛрсетиў арқалы әмелге асырылатуғынын, буларды мазмунлы етиў ушын түсиндиргенде ядлап алыўды емес, ал избе-изликти сақлап белгили байланыслар бойынша ядта толықтырып уғуў зәрүрлигин айтты. Илимлерди системаластырып, педагогиканы сиясий илимлер қурамына қосты. Инсан алым деген атақты алыў ушын ҳәр бир илимниң усыл ҳәм қағыйдаларын толық билиўди, оның жуўмақ ҳәм нәтийжелерине түсиник комментария бериўге уқыплы болыўы, ҳәм надурыс пикир жүргизген алымлардың қәтелерин кӛрсете алыўы кереклигин айтты. Фарабий адамларда туўма мораллық сезим болмайтуғынын, оның тәрбия арқалы жүзеге келетуғынын адамның минез-қулқы сол адам жасаған орталықта қәлиплесетуғынын, жасларға эстетикалық ҳәм дене тәрбиясын бериў айрықша зәрүр екенлигин, жаслар усындай бағдарда қәлиплестирилгенде идеал, бахытлы жәмийетке ерисиў мүмкин екенлигин баянлады. Саманийлер дәўиринде энциклопедист алым Әл Берунийдиң мектеп ҳәм тәлим- тәрбия ҳаққындағы ой-пикирлери айрықша дыққатқа миясар болды. Тәбият илимлерин жетик билген ал-Беруний жасларға математика, физика, география, геодезия, философия, тарийх, этнография пәнлерин оқытыў тәрептары болды. Билиўде сезиў ағзалары ҳәм ойлаў процессиниң хызметине айрықша баҳа берди. Дүньяны билиўдиң илимий-критикалық методын ислеп шықты ҳәм барлық теориялардың тәжрийбелер арқалы пайда болатуғынын айтты. Жердиң ӛз кӛшеринде ҳәм қуяш әтрапында айналатуғынын, барлық затлардың жер орайына тартылатуғынын түсиндирди. Жеке адам мәселесинде ол ҳәрбир инсанның ӛзиниң жасаў мақсетин анықлап алыўын талап етти. Инсан 8 жастан 50 жасқа шекемги аралықта илим үйрениўи соң диний ислер менен шуғулланыўы кереклигин баянлады. ―Индия‖ шығармасында ҳәрбир халықтың тәрбиялық дәстүри, этнопедагогикасы болатуғынын, инсан минез-қулқы биологиялық тийкарларына /темпераментине/ ийе екенлигин түсиндирди. Ал-Берунийдиң мектеп ҳәм тәлим-тәрбиялық кӛз-қараслары ―алымлар баслығы‖ есапланған Ибн Сина менен қатар раўажланды. Ибн Сина Орта Азия халықларының оғада билимли тәўиби ҳәм педагог-психологы еди. Ол жасларға тәбият сырларын үйретиўди, бунда затлардағы себеп-нәтийже байланысын дурыс анықлап барыўды айтты. Адам минез-қулқының басқарылыўы руўхый процесслерге, темпераментке байланыслылығын түсиндирип, инсан жасын тӛрт дәўирге бӛлди. Илимди классификациялап, тәбият пәнлерин теориялық ҳәм практикалық деп ажратып жасларға медицина, физика, логика, педагогика пәнлеринен билим бериўди усынды. Саманийлер дәўири алымлары тек Мавераннахр аймағында илим емес, ал пүткил дүнья жүзине ӛзлериниң жәмийетлик-педагогикалық ой-пикирлери менен үлги болды. 11 Жаслардың билим алыўына, тәрбияланып шығыўына қаратылған жаңа талапларды пайда етти. Әсиресе тәбиий – математикалық пәнлердиң раўажланыўын жетилистирип, еркин ой жуўыртыўдың жаратылыс қубылысларын дурыс түсиниўдиң тийкарын беккемледи. Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling