Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-918
31.05.2022
|
"SHAN’ARAQ INVEST QURILIS" ЖШЖ
Нөкис қаласы, Андижан көшеси №72
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АК "Алокабанк" Қарақалпақстан аймақлық комплекс хизметлер көрсетиў орайы менен "SHAN’ARAQ INVEST QURILIS" ЖШЖ ортасында 2020-жыл 14-февраль куни №12-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "SHAN’ARAQ INVEST QURILIS" ЖШЖ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 66 380 000 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 18 102 100 сум, пайыз қарыздарлығы 5 976 200 сум, есапланған пеня 542 100 сум, жәми 72 898 300 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 07.06.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-919
Do'stlaringiz bilan baham: |