Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы бас юрисконсульт А.Бабажанов
№01/11-855
15.05.2022
|
"Qaraqalpaqstan Respublikasi Jollardan Paydalaniw" УК
Нөкис қаласы, Қызкеткен гузари н/ж
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы "PRO PLUS TRY" ЖШЖ менен "Qaraqalpaqstan Respublikasi Jollardan Paydalaniw" УК ортасында 2020-жыл 01-июнь куни №01/06-санлы хәм 2021-жыл 05-январь куни №01/01-санлы алды-сатты шәртнамалары дузилген, бирақ "Qaraqalpaqstan Respublikasi Jollardan Paydalaniw" УК тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли жәми қарыздарлық 479 641 000 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 20.05.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы бас юрисконсульт А.Бабажанов
№01/11-856
Do'stlaringiz bilan baham: |