Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы бас юрисконсульт А.Бабажанов
№01/11-889
23.05.2022
|
"POWER STROY" ЖШЖ
Нөкис қаласы, Бозатаў көшеси №90
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АК "Алокабанк" Қарақалпақстан аймақлық комплекс хизметлер көрсетиў орайы менен "POWER STROY" ЖШЖ ортасында 2020-жыл 02-декабрь куни №152-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "POWER STROY" ЖШЖ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 227 799 200 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 10 799 200 сум, пайыз қарыздарлығы 30 654 200 сум, есапланған пеня қарыздарлығы 6 958 400 жәми 265 411 600 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 30.05.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-890
Do'stlaringiz bilan baham: |