12-Amaliy ish. Agentlik dasturlashtirish. Ishning maqsadi


Download 63.87 Kb.
Sana06.01.2023
Hajmi63.87 Kb.
#1080927
TuriПрограмма
Bog'liq
amaliy mashgulot-12


12-Amaliy ish. Agentlik dasturlashtirish.
Ishning maqsadi: Dasturiy ta’minot jarayoni Agentlik dasturlashtirishni o’rganish.
Интеллектуал ҳәм программалық агентлер түсиниги 20 жылдан алдын пайда болды, олардың программалық инженериядағы роли барған сайын артып бармақта.Джекобсон агентлерди проект менеджерлери, use case диаграммалары жәрдеминде архитектураны ислеп шығыўшылар сыпатында пайдаланыўдың келешеги бар екенин атап өтти.
Программалық инженерия көз қарасынан агент– бул өзине жетерли программа болып, ол алдына қойылған ўазыйпаларды орынлап нәтийжелер алыў ушын жумыс ислеўши информациялық орталықта өзиниң ҳәрекетлерин басқарыў уқыбына ийе болады. Агент мына қәсийетлерге ийе болады:
– автономлық – бул сырттан басқарыўсыз ҳәрекетлениў уқыбы;
– реактивлик – бул мағлыўматлардың ҳәм орталықтың өзгериўин сезе билиўи ҳәм оған жуўап бере алыў уқыбы болады;
– активлик– бул өзине мақсет қойып ҳәм оған ерисиў ушын берилген ҳәрекетлерди орынлай алыў уқыбы;
– басқа агентлер(ямаса адамлар) менен өзара ҳәрекетлерди орынлаў уқыбы. Программалық агенттиң тийкарғы ўазыйпалары мыналардан ибарат:
– өз бетинше жумыс ислеў ҳәм өзиниң ҳәрекетлерин бақлап барыў;
– басқа агентлер менен өзара ҳәрекетте болыў;
– сыртқы орталықтың аҳўалына байланыслы өзиниң ис ҳәрекетин өзгертип барыў;
– берилген функцияны орынлағаны ҳаққындағы ҳақыйқый информацияны бериў.
Интеллектуал агент пенен исендириў, ниет, миннетлеме түрдеги билимлер байланыслы болады. Бул түсиниклер концептуал моделге жатады ҳәм ҳәр бир агенттиң мақсетлерин әмелге асырыўдың операциялық жобалары менен өзара байланыста болады.
.

Рис. 4.8. Ҳәр қыйлы орталықларда агентлердиң өзара ҳәрекетине мысал.
Агентлер локал ҳәм бөлистирилген болыўы мүмкин (сүўрет. 4.8). Локал агентлердиң процесслери тармақтың клиентлик серверлеринде болып өтеди, берилген функцияларды орынлайды ҳәм жумыс орталығының улыўма аҳўалына тәсир етеди. Бөлистирилген агентлер тармақтың ҳәр түрли түйинлеринде жайласады, автоном түрде (параллел, синхронлы, асинхронлы) оларға бекитилген функцияларды орынлайды ҳәм бөлистирилген орталықтың улыўма аҳўалына тәсир етиўи мүмкин
Агентке бағдарланған программаластырыў тийкарын мыналар қурайды:
– агентлердиң ментал аҳўалын сыпатлаўшы формалласқан тил;
– жумыс орталығында агенттиң информациялық, ўақыт бойынша, мотивациялық ҳәм функционаллық ҳәрекетлериниң спецификациясы тили ;
– агент спецификацияларын түсиндириў тили;
– қәлеген программаны сәйкес агентлик программаларға конвертациялаў қураллары.
Агентлер өзара ҳәр қыйлы механизмлер жәрдеминде өара ҳәрекетте болады, атап айтқанда координация, коммуникация, кооперация ямаса коалиция механизмлери .
Агентлердиң координациясы дегенде ис ҳәрекетиниң келисимлилиги ҳәм өзара тартыссыз избе-из жумыс ислеўди тәмийнлеў процессин түсинемиз. Агентлердиң координациясы ылай анықланады:
– коалицияның басқа агентлер-ағзаларының мақсетлериниң өзара ғәрезлилиги менен және де агентлердиң бир бирине мүмкин болған тәсири менен;
– коалиция агентлери топары ушын улыўма жумыс ислеў рамкасында қабыл етилген шеклеўлер менен;
– компетенциялар менен – жумыс ислеў орталығы шәртлерин билиў ҳәм олардан пайдаланыў дәрежелери менен.
Download 63.87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling