2 Тема

Sana01.01.1970
Hajmi
#195501
Bog'liq
2 Тема


2. Тема. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў
Жобасы:
2.1. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткизиў тәртиби.
2.2. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларына лицензия бериў тәртиби.
2.3. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин басқарыўдың мақсети ҳәм ўазыйпалары.
2.4. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын басқарыўдың шөлкемлестириўшилик структуралары.
2.5. Киши бизнес ҳәм исбилерменликте басшының басқарыў методикасы.
2.1. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткизиў тәртиби
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў бир неше басқыштан ибарат. Усы басқышлардың избе-излиги 2.1.1-сүўретте көрсетилген.



2.1.1-сүўрет. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў тәртиби

Жаңа кәрхананы шөлкемлестириўде дүзиўшилердиң қурамы белигиленип, дүзиў бойынша ҳүжжетлер, яғный кәрхананың уставы, кәрхананы шөлкемлестириў бойынша дүзиўшилердиң шәртнамасы ҳәм басқада норматив ҳүжжетлер ислеп шығылады. Соның менен бирге кәрхана басшысын ҳәм ревизия комиссиясы баслығын тайынлаў ҳаққында қатнасыўшылар мәжилисиниң 1-санлы баянламасы рәсмийлестириледи. Соңынан банкте ўақтынша есап бети ашылады, кейин 30 - күн ишинде устав капиталының 50 проценти келип түсиўи керек. Кейин кәрхана дүзилген орындағы жергиликли ҳүкимет мәкемелери тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өтеди.


Биржа, аудиторлық фирмалары ҳәм шет ел инвестициясына ийе болған кәрханалар болса Өзбекстан Республикасы (Қарақалпақстан Республикасы) Әдиллик министрлигинен дизимнен өтеди.
Кәрхананы мәмлекетлик дизимнен өткизиў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- кәрхананы дизимнен өткизиў ҳаққында дүзиўшилердиң арзасы;
- нотариал мәкемелери тәрепинен тастыйықланған еки нусқадағы дүзиў бойынша ҳүжжетлер (кәрхананың уставы, кәрхананы дүзиў бойынша шәртнама);
-кәрхананың мәнзилин тастыйықлаўшы ҳүжжет;
- мәмлекетлик бажыны төлегенлиги ҳаққындағы банктен берилген ҳүжжет;
- ҳәкимияттың ўәкилликли органлары тәрепинен кәрхананың аталыўы ҳаққында берилген гуўалық;
- мөр ҳәм тамғаның (штамп) үш нусқадағы үлгиси.
Кәрхана жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў мәкемелерине зәрүр ҳүжжетлерди қосымша қылып, арза тапсырған күннен баслап, узағы менен 7 жумыс күнинен 30 жумыс күнине дейинги мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткизилиўи керек. Кәрхананың мәмлекетлик дизимнен өткизилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы бирден бир мәмлекетлик реестрине киритиў ушын 10 күн мүддет ишинде Мәмлекетлик статистика комитетине хабар етиледи. Кәрхана мәмлкетлик дизимнен өткизилген күннен баслап шөлкемлестирилген ямаса ашылған деп есапланылады.
Мәмлекетлик дизимнен өткизилгеннен ҳәм исбилерменлик хызметине рухсат етилгеннен соң кәрхана басшылары:
- думалақ мөр ҳәм тамғаға буйыртпа береди;
- банкте есап бетин ашады;
- салық инспекциясынан дизимнен өткизеди;
- халықты социаллық қорғаў фондынан дизимнен өткизеди;
-бәнтлик орайынан дизимнен өткизиў керек.
Банкте есап бетин ашыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
-кәрхана басшысының арзасы;
-ҳәкимият тастыйықлаған дүзиўшилер ҳүжжетлери;
-нотариус тастыйықлаған имза үлгилери;
-мөр ҳәм тамға менен тастыйықланған карточкалар;
-ҳәкимияттың жергиликли кеңеси кәрхананы мәмлекетлик дизимнен өткизгенлиги ҳаққындағы қарардан көширме яки нотариус тастыйықлаған мағлыўматнама;
- салық органынан дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама.
Буннан кейин банк шөлкеми кәрхананың есап бетин ашады, бас есапшының имзасы қойылып, банктиң гербли мөри басылады.
Мәмлекетлик дизимнен өткеннен кейин барлық исбилерменлик субъектлери салық органына салық төлеўшиниң жеке (идентификация) рақамын алыў ушын мәмлекетлик дизимнен өткен ўақытта баслып 10 күн ишинде муражат етиўи керек.
Егерде кәрхана акционерлик жәмийети сыпатында пайда болған болса, оның дүзиўшилери акцияларды сатып алыў ушын оған ағза болыўы керек. Акцияларды сатып алыў ушын дүзиўшилер келешекте акцияларға ағза болыўы ҳаққында хабарнама шығарады. Хабарнамада акционерлик жәмийетиниң предмети, мақсети ҳәм мүддети, дүзиўшилер мәжилисиниң ўақты, устав фондының көлеми, акциялардың муғдары ҳәм түри, олардың қуны, акцияларға жазылыў мүддети ҳәм басқа да мағлыўматлар көрсетилген болады. Кейин дүзиўшилердиң мәжилиси өткизиледи. Ол төмендеги мәселелерди шешиўи керек:
-акционерлик жәмийетин дүзиў;
- акционерлик жәмийетиниң уставын тастыйықлаў;
- акцияларға ағза болыў тамаланғаннан соң устав фондының муғдарын анықлаў;
- акционерлик жәмийетиниң басқарыў органын сайлаў;
- жәмийеттиң хызмет бағдарларын белгилеў ҳәм басқалар.
2009 жылы исбилерменлердиң өз хызметин шөлкемлестириў менен байланыслы сарыпланатуғын қарежетлерди қысқарттырыў илажлары даўам еттирилди. Мәселен:
-архитектура-режелестириў тапсырмаларының топламларын алыў қуны – 4 есе;
-жойбар-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткизиў - 25 есе;
-кадастр ҳүжжетлерин рәсмийестириў қуны -2 есеге пәсейттирилди.
Исбилерменлик хызметин шөлкемлестириўдеги рухсат бериў процесслериниң қысқарттылыўы ҳәм төлемлердиң оптималластырылыўы менен байланыслы илажлар нәтийжелерин төмендеги кесте арқалы анық көриў мүмкин (2.1.1 - кесте).

2.1.1 – кесте. Исбилерменлик хызметин шөлкемлестириўде рухсат бериў процесслериниң қысқартырылыўы ҳәм төлемлердиң оптималластырылыўы



Рухсат бериў менен байланыслы процесслердиң түрлери



Төлем муғдары

Төлем муғдарының қысқартырылыўы процентте

Алдын әмелде қолланылған

Жаңадан киргизилген

Ең кем ис ҳақы муғдары бойынша

Сўмда

Ең кем ис ҳақы муғдары бойынша

Сўмда

Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткизиў

5

140200

2

56080

- 60

Банкте есап бетин ашыў

1

28040

0,5

14020

- 50

Архитектура – режелестириў тапсырмаларын ислеў

40

1120000

10

280400

- 75

Жер участкаларын рәсмийлестириў

-

130000

-

58000

- 56

Экологиялық экспертиза

25

701400

1

28040

- 96

Жойбар – смета ҳүжжетлерин экспертиза қылыў

10

280400

3

84120

- 70

Қурлыс барысында қадағалаў-орынлаў съемкаларын өткизиў

5

140200

3

84120

- 40

Нормативлер жойбарларының экологиялық экспертизасын өткизиў

75

2103000

1

28040

- 98,7

Гигиеналық сертификатлар алыў

10

280400

3

84120

- 70

Улыўма төлемлердиң қуны (лицензия ҳәм рухсатнамаларсыз)




5037660

-

830960

- 83,5


Download

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling