Миллий рейтинг

Sana01.01.1970
Hajmi
#245707
Bog'liq
Миллий рейтинг





ШОМАНАЙ РАЙОНЫ ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ БӨЛИМИ
БАСЛЫҒЫНЫҢ БУЙРЫҒЫ


Улыўма орта билим бериў мектеплериниң рейтингин анықлаў бойынша қадағалаў жумыслары ҳəм социаллық сораўнамаларды өткериў ҳаққында


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билим сыпатын қадағалаў мəмлекетлик инспекциясының 2018-жыл 17-декабрьдеги
9-мҳ-санлы, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң
2018-жыл 17-декабрьдеги 14-мҳ-санлы “Улыўма билим бериў мəкемелериниң жумыслары нəтийжелилигин баҳалаў критериялырын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қоспа қарары тийкарында 2020-2021-оқыў жылында барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10 пайызынан (Қарақалпақстан Республикасы бойынша
72 мектеп, Шоманай районы бойынша 3 (6,8,22-санлы мектеплер)) рейтинг процессин шөлкемлестириў ҳаққында буйыраман:

1. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 4-январь күнги 2021-жыл 4-январь күнги 1-санлы буйрығының
1-қосымшасы менен тастыйықланған районымызда
“Миллий рейтинг” процесслерин өткериў ўақыты 11-январь күни етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Районлық халық билимлендириў бөлиминиң билим сыпаты мониторинги бөлими ҳəм пəн методистлери, бириктирилген жуўапкерлерге (кураторларға):
-Миллий рейтинг процессине қатнасатуғын 6-,8-,22-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң таярлық жумысларын қадағалаўға алыў ўазыйпалары жүклетилсин.
3. 6-,8- ҳəм 22-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорлары (Б.Муханов, А.Садатдинов, А.Аразмурадов)на:
-улыўма орта билим бериў мектеплеринде график тикарында 1-мезгилде саат 800-де (8-санлы мектеп), 2-мезгил саат 1000-де (6-санлы мектеп), 3-мезгил 1300-де (22-санлы мектеп) педагогикалық жəмəəти ҳəм барлық 9-класс оқыўшыларының орынларда болыўын тəмийинлеў;
-егерде оқыўшылардың сабақ кестеси үйрениў графигинде мезгилге туўры келмеген жағдайда мектептиң педагогикалық кеңеси қарары ҳəм мектеп директорының буйрығы тийкарында сабақ кестесине өзгерислер киритиўге рухсат бериў;
-сабақ кестесине өзгерислер киритилген жағдайда 9-класс оқыўшылары ҳəм ата-аналарына түсиндириў жумысларын алып барыў ҳəм де оқыўшылардың сабақларға келип-кетиў жол ҳəрекети қəўипсизлигин тəмийинлеў;
-исши топардың сапалы ҳəм нəтийжели жумыс алып барыўы, орынларға өз ўақтында келип-кетиўиниң барлық илажларын шөлкемлестириў ўазыйпалары жүклетилсин.
4.Усы буйрықтың орынларыныў қадағалаў баслық орынбасары А.Атамуратовқа жүкленсин.



Баслық О.Султамуратов

Шоманай районы


5 январь 2021-жыл
1-санлы буйрығы
Download

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling