ТЕМА 3 КК ОЙШЫЛ

Sana01.01.1970
Hajmi
#99537
Bog'liq
ТЕМА 3 КК ОЙШЫЛ



3-ТЕМА: XVIII әсир Жийен жыраўдың социаллық-философиялық көз-
қараслары 
Жоба: 
1. Жийен жыраў шығармаларындағы орайлық идеялар 
2. "Посқан ел", "Уллы таў" шығармалары ҳаққында 
Әдебиятлар: 
1. Мақсетов Қ. Қарақалпақ фольклористкасы. - Нөкис, 1989. 
2. Мақсетов Қ. Дәстанлар. Жыраўлар.Бақсылар. - Нөкис, 1992. 
3. Каримов А. Жийен жыраўдың өмири ҳәм творчествосы. - Нөкис, 1963. 
4. Жийен жыраў. Посқан ел. – Нөкис, 1990. 
Таяныш сөзлер: Жийен жыраў, Жаңадәрья, Қуўандәрья, азатлық гүреслери, 
Философиялық көз-қараслары, орайлық идея, халықшыл идея. 
Жийен жыраў Аманлық улы 1730-1784-жылларда Жаңадәрья ҳәм 
Қуўандәрья бойларында жасап өткен қарақалпақ әдебиятының классик 
шайыры. 
Дәслепки жыллардағы изертлеўлерде Жийен Тағай улы деп
жүритиледи. Мәселен Н.Даўқараевтың анықлаўына ҳәм шайырдың
биринши рет қосықлар топламында 1959-жылы усылай берилген. Академик 
С.Камаловтың "Қарақалпақлардың XIX әcрдеги Хиўа ханларына қарсы
халық азатлық гүреслери" деген 195y-жылы жарияланған кандидатлық
диссертациясында "Қарақалпақлар XVII-XVIII әсирдеги Сырдарья
бойындағы ҳәм олардың Россияға қосылыўына талпыныўы" деген бабында 
Жийен Жыраў "Қырық қыз" дәстанының авторы, сол дөреткен деген қәте 
пикирлери бериледи. Мине усындай на анық пикирлерге белгили 
изертлеўши, алым, Жийен Жыраў дөретпелери ҳәм дөретиўшилиги, оның 
жасаған дәўири хаққында оғада көп материалларды топлаған ҳәм усы
бағдарда кандидатлық диссертация жақлаған Артық Каримов 1963-жылы 
"Жийен Жыраўдың өмири ҳәм творчествасы" деген илимий
монографиялық мийнет жазды. Бул мийнетте Жийен Жыраўға байланыслы 
болған барлық мағлыўматлар анықланды ҳәм айрым тийкарсыз пикирлерге 
қатты соққы берилди. Жийен Жыраў "Қырқ қыз"дәстанын токпе шайыр ҳәм
жыраў ретинде халыққа танытып атқарған оны өзинше шайырлық
искусство менен жетилстирген талант ийеси болып табылады. "Қырқ қыз" 
халқымыздың мың жылдан арман дөреткен аўыз әдебиятын ең баҳалы
жемиси, халықлық дәстан болып табылады. Усы илимий мийнеттен 
баслап Жийен Жыраў Аманлық улы деп жүритилип киятыр. Булар терең 
дәлийлеўлер арқалы жүзеге келген пикирлер.
Жийен шығармаларын жыйнаў 1930-жыллардан баслап қолға алына
баслады. Белгили әдебиятшылар Садирбай Маўленов пенен Шәмшет 
Хожаниязовлар Жийен жыраўдың 1927 қатардан туратуғын "Посқан ел" 
поэмасын, 80 қатардан туратуғын "Бер түйемди", 131 қатардан туратуғын 
"Хош болың дослар" қосықларын халық арасынан жазып алып Өзбекстан 


Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалының қол жазбалар 
фондына тапсырған. 
"Бер түйемди"қосығында шайыр манлайына питкен жалғыз түйесин
бай адамның қолынан тартып алып қойғаны, оны бермесе халының не
кешетуғынлығы ҳаққында айтып жарлылық турмысына қыйналады. 
Қолында сонша дүнья малы турып жарлының бир малына көз салған аш көз 
байдың сутхорлық келбетин ашып береди. «Зарым бар да зорым жоқ. 
Жылаған менен не өнер» - дейди «Бер түйемди» қосығында. 
Бул еки қосықта да жарлылық турмыс қыйыншылықлары жырланған. 
"Хош болын дослар" қосығында туўылған ел менен хошласыў, оның
қәдирине жетиў мәселелери сөз етилген.
«Барарыма жерим жоқ, Батарыма көлим жоқ. Кетпейин десем күним 
жоқ. Шығарарға үним жоқ» - дейди «Хош болың дослар» қосығында. 
Шайыр барлық ўақытта қарақалпақ халқы деп,туўылған елим, елатым 
деп жырлайды. Мудамы халық атынан сөйлейди. Өзин қарақалпақ
халқының бир ўәкили шайыры сыпатында таныйды. Мысалы:
Қулақ салын досларым,
Қапылған бул заманда,
Қайғы ҳәсирет қаплады,
Қарақалпақ- булген ел,
Теңлик таппай ханлардан,
Посыуға белин байлады.
Ығылып посқан елатым,
Жоқ белгили мәканы,
Киндик қаным тамған жер,
Әрманда сеннен айрылдым.
Қарақалпақ елинин,
Малында ерк болмады.
Қарақалпақ әўлады,
Ун қосысып жылады.
Елимниң муңлы зарына,
Қайғылы нама шалып ем.
Елим болып тур талан.
Баян етсем барлығын,
Сендей зулым болған жоқ.
Қарақалпақтың баласын,
Гуўенлеп қойдай қырған жоқ.
Арылмас даулет байлығым,
Елатым сеннен айрылдым.
Бүлинген бул елимниң,
Неден болды жазығы?!
Жулынып тутқа қазығы ?! 
Жийен жыраў халықты гүресиўге бағдарлады. Қарақалпақлардың өзине 
тән миллий өзгешелигин раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Оның 
лирикаларында дурыс сөйлеў, ўәдеге опалы болыў. Харамнан қашыў, ҳадал


мийнет, табыс табыў, кисиниң ҳақысын жемеў, биреўдиң затына зорлық 
етпеў, өз еркинлигин, хүжданы ушын гүресиў усаған халқымыздың ҳасыл
қәсийетлерин көриўимизге болады. Ол халық батырларының ийгиликли 
ислерин қоллап - қуўатлады, олардың батырлық ис-ҳәрекетлерин халық 
арасында хаўаза етти. Мысалы: "Қарамырза батырды айт", "Хожа батырға", 
"Аманбайдың ала аты" қосықлары усындай.
Өзи журттын батыры,
Өзи журтым дилўары.
Аяғына кийгени,
Тоғыз қабат былғары.
Туўысы жақсы батырым,
Берге қуўат ҳал берди.
Бәрин айтты бирин айт,
Қарамырза батырды айт.
"Хожа батырға ", "Аманбайдың ала аты" қосықларында шайыр батыр 
болған менен ел ғамын ойламайтуғын, зулым болған, халықты қырғынға
ушратыуға себепкер болған адамлар ҳаққында айтады, олардың ел ғамын 
ойлап тәўбеге келиўин түсиндиреди. 
Жийен жыраў қарақалпақ халқының миллий сыпатын береди. Саҳрайы 
батыр, халқым деп жанын бериўши әдил, адамгершиликли, әдеп-икрамлы, 
мийримли, баўырман, өзи өлиўге жақын турса да, бир тислем нанын 
бөлискен кең пейилликти жырлайды.
Шайыр толғаўының астарлы мәнисине көмекейде турғанды неге
биз айта алмаймыз?! Айта алмай атырмыз?! деген шақырық, сүренди
сезиўимизге болады. Ол ҳәр бир қатарда усылай бир мәни анлатып
кетеди. Дәўир руўхы менен тығыз байланысып, арпалысып, гүресип күн
көриўдиң тийисли екенлигин уғындырады. Рети келсе тайынбай
көмекейде турған ашшы ҳақыйқатлықты айтыўды алға қояды. Және де
шайыр усы қосықтың екинши куплетин де сақланыўдың да зәрүрлигин,
қай жерде кәйтип сөйлеўдиң де кереклигин терең уғындырады. "Бай 
улынан бир-еки айтар сөзин кем болсын" Бунда жарысып сөйлеме,
ақмақ пенен ерегиспе деген мәнилерди анлаўға болады. Усы ойларынан
кейин астарлы мәнисте тағы да пикирлерин айқын баянлайды.
Өйтпесе жигитлер,
Айтажақты айтырмай,
Бас қуўсырылып жақ болар («Әй жигитер, жигитлер»). 
Бул жерде де еки мәни ни анлаўға болады. Бири ҳақыйқатлықты айтсан 
басына соққы тийип қуўсырылғын жаққа айналыўы мүмкин, екиншиден, 
ҳақыйқатлық қалай болмасын айтылыўы тийис, буны айтыў ушын барлық 
ақыл ушын барлық ақыл-хуўшын менен басын жаққа айналып сөйлемей 
қалмайтуғын жағдайға қалмайтуғын жағдайға келесен. Қалай болмасын 
ҳақыйқатлықты айтасан. Ал, иштеги дәрт бул айтылыўы керек деген күшли 
идеяны береди. Халқымыздың тиришилик етиўиниң бир дәреги
шаруашылық болса, бир дәреги дийханшылық . Халқымыз үш ай
қауыным, үш ай сауыным, үш ай қабығым, үш ай шабағым деп


жасаған. Оларға сыйыр негизги азық-ауқат, мол ырысқы несийбе дәреги.
Бийдай әзелден наны-асының арқауы. "Бийдай нанын болмаса бийдай 
сөзиң жоқпа" деген халық нақылының мәниси әйемнен киятырған 
халқымыздың турмыс тиришлиги менен байланыслы. Усылларға
тийкарлана отырып шыйыр дәўир ҳақыйқатлығын, залымлықты былай 
тәриплейди.
Саратанда суўықтан,
Сары ала сыйырдың,
Мүйизи қақ жарылды.
Бул жерде гәп тек сары ала сыйыр ҳаққында емес ал өз елиниң,
шаңарығының, турмыс тиришилигиниң тиреги, тийкары болған ер жигит
азаматлардың заман қысыўметинен мүйизинен қағылып жарылып
атырғанлығын образлы сүўретлеген. Усындай батыр турмыстың ҳәр
қыйлы қыйыншылықлары, адамлар зулымлығы, әдәлатсызлық себебинен 
куйреп жоқ болып атырғанлығы тәриплеген.
Жийен жыраўдың заман шынлығы ҳаққындағы ой-пикирлери 
"Алды-артым бийик жар екен ", "Көргенде болар, кеуилим хош", 
"Жүрегимде көп дағым"қосықларында да айқын сүўретленген.
2. XVIII әсирде өмир сүрген Жийен жыраўдың "Посқан ел", "Уллы таў" 
атлы толғаўлары шын мәнисиндеги тарийхый жыр болып есапланады. 
Қарақалпақ халқының тарийхы бойынша жазылған мийнетлерге қарағанда 
қарақалпақлар Хорезм ойпатына қонысланбастан бурын ҳәр қыйлы тарийхый 
жағдайларды бастан кеширген. "XVI әсирдиң ақыры XVIII әсирдиң ортасына 
шекем қарақалпақлардың тийкарғы массасы Сырдәрьяның орта ҳәм төменги 
жағынан жақын аймақта жасап турған. Сырдәрья қарақалпақларының 
көпшилик бөлими XVI әсирдиң даўамында ҳәм XVIII әсирдиң ортасына 
шекем қазақлардың арасында жасаған ҳәм олар қазақ ханларына сиясий 
экономикалық жақтан ғәрезли болған" (С.Камалов "Қарақалпақлардың XIX 
әсирдеги Ҳийўа ханларына қарсы халық азатлық гүреслери". Нөкис, 1955. 9-
бет). Қарақалпақ халқының тарийхында ең аўыр ҳәм қайта-қайта 
жаўгершиликке ушыраған дәўири XVIII әсир болып есапланады. "1723-жылы 
Қазақ ханлығы Жуңғар әскерлери тәрепинен топылысқа ушырайды. 
Жуңғарларға қарсы турыўға күши жетпегеннен кейин қазақлар бүлинген 
аўылларынан үш тәрепке қашады. Киши жүз батысқа, Ҳийўа ҳәм арқаға 
Жайық, Эмба бойларына қарай кетеди, орта жүз Орта Азияның орайлық 
областлары Самарқанд ҳәм Бухара тәреплерине кетеди, ал уллы жүз 
Жуңғариядан ғәрезли болып қалады" (Сонда). 
Жуңғарлардың бул топылысы тек ғана қазақ халқына зыянын тийгизип 
қоймастан олар менен көп жыллардан берли бирге отырған қарақалпақларға 
да үлкен тынышсызлық алып келеди. Қарақалпақлар да бүлгиншиликке 
ушырайды ҳәм бир бөлеги Сырдәрьяның жоқарысына Ташкент ҳәм оның 
қубла батыс тәрепине қарай кетиўге мәжбүр болады. Бир бөлеги Арал 
теңизиниң қубла батыс жағаларына өтеди. Қарақалпақлардың тийкарғы 
бөлегин Сырдәрьяның төменги жағындағы қарақалпақлар қурайды. Олар 
1743-жылға шекем бирқаншалары 1762-жылға шекем қазақлардың киши 


жүзиниң қараўында қалады. Бул жыллары Жаңадәрья бойында да посып 
келген қарақалпақлар болған. Жийен жыраўдың "Уллы таў" жыры 
қарақалпақлардың Түркстаннан Жаңадәрья бойына келип орналасқанлығын 
сөз етеди. XVIII әсирде қарақалпақ халқының тағы бир бүлгиншиликке 
ушыраўы олардың Арал теңизиниң Әмиўдәрья бассейнине, Жаңадәрья 
бойларына 
қарай 
көшиўи, 
1743-жылғы 
қазақ 
султанларының 
қарақалпақларға 
жасаған 
топылысының 
нәтийжесинде 
болады. 
Абулхайырдың шабыўы нәтийжесинен қарақалпақлар усы Жаңадәрья, 
Хорезмде жоқарғы қарақалпақларға бөлинип көшеди. 1760-62-жыллардағы 
Ералы султанның шабылыўлары қарақалпақлардың Хорезмге посып 
келиўине себепши болады. Жийен жыраў усы ўақыя ўақтында Жаңадәрья 
бойында Әмиўдәрьяның тармағы Көк өзек бойына көшип келген ҳәм өзиниң 
"Посқан ел" толғаўын усы ўақыяға байланыслы дөреткен. Улыўма алғанда 
XVIII әсирде қарақалпақ халқы бирнеше жаўгершиликти көрди. Жийен 
жыраў өз дөретпелерин усы тарийхый жағдайлар тийкарында дөретеди. 
Жийен жыраўдың "Посқан ел" жыры оның дөретпелериниң ең көлемли 
жырларының бири. Жырдың улыўма көлеми 2000 қосық қатарына 
шамаласады. "Посқан ел" атлы дөретпени "поэма", "толғаў" деп көрсетиў 
илимде орын алып киятыр. Дөретпени толғаў сыпатында қараў менен бир 
қатарда, теориялық тәрептен оны "тарийхый жыр" сыпатында атап көрсетиў 
дурыс болады. Себеби, Жийенниң "Посқан ел" жыры тарийхта болған 
ўақыяның тийкарында дөретилген. Ҳәр қандай жырда тарийхқа 
тийкарланады. Бирақ булар өз бойына көркемлик сыпатқа ийелеп үлкен 
эпослық дәрежеге жетеди. Усылайынша үлкен эпосқа айланады. Онда тарийх 
бир елес сыпатында сүўретленеди. Ал тарийхый жырда реал ўақыя толық 
бериледи. усы тәреплерин есапқа алып, "Посқан ел", "Уллы таў" жырларын 
тарийхый жыр сыпатында қараў дурыс болады. "Посқан ел" жырында 
тарийхый жағдайлар 1760-жыллардағы ўақыяға туўра келеди. Жыр 
қарақалпақлар турмысын, олардың басынан кеширген өмирин тема етип 
алған. XVIII әсирдиң екинши ярымындағы жаўгершиликлер себепли 
халықтың посып көшиўи, бахытлы трмысқа талпыныўы сыяқлы мәселелер. 
Жырда тийкарғы идея патриотизм, жаўгершилик келтириўши ханларға 
халықтың наразылығы, олардың қыйын аўҳалы сөз етиледи. Бундай 
азапларға түсиў жырда ашық көрсетиледи.
Ата журты Түркистан, 
Өмирлик жайлаў болмады, 
Жетим менен жесирге
Саясын ҳеш бир салмады, 
Алды менен басшысы
Еки ийнин жалмады 
Бузық болды ийшаны, 
Әдилсиз болды қазысы 
Гүнасыздан биразы 
Гүналы деп қыйналды. 


Жыраўдың патриотизми Ўатанды, мийнеткеш халықты сүйиў идеясы 
менен суўғарылған. Жыраў халықтың аўыр ҳалын: 
Буларды көрип мен сорлы
Күймейин нағып отларға,
Әдира қалған туўған жер, 
Болмаған соң абадан. 
-деп халықтың қайғылы турмысын қыйыншылық деп биледи. 
Жырдың тағы бир әҳмийетли тәрепи оның терең тәрбиялық мәнисиниң 
болыўында. Буны оқыў арқалы сол дәўирдеги халықтың аўыр жағдайларын 
көриўге болады. 
Жийен жыраўдың "Уллы таў" жыры 1959-жылы Қыяс Қайратдиновтан 
жазып алынды. Оның берген мағлыўматына қарағанда "Уллы таў" 
шығармасын Зыяў улы Исмамыт деген қыссаханның қысса китабынан 1932-
жылы жазып алып, үйренген. Жыр көлеми жағынан 300 ге жақын қосық 
қатарынан турады. Бунда Қарақалпақ халқының тарийхында орын алған 
тарийхый ўақыя сүўретленеди. Қарақалпақлар Уллы таў деген жерде 
отырғанда қазақ султанлары қарақалпақларға қарсы топылады, халықты 
қырғынға ушыратады. Қарсы гүрес алып барған халық тоз-тозы шығады. 
Олар Қуўандәрья, Жаңадәрья бойларына қарай көшеди. Жолда ашлықтан 
азап көреди. Жырдағы ўақыялар усы тарийхый жағдайды сөз етеди. Бул 
Абылхайырдың 1743-жылғы шабыўылына сәйкес келеди. "Уллы таў" 
жырында халықтың сыртқы басқыншыларға қарсы гүреси олардың жәбир 
шегиўи сүўретленеди. Халық ишинен шыққан батырлар, ар-намысы бар 
ҳаял-қызлар душпанлардың жәбирине шыдап отырмай, өз елиниң ары ушын, 
халықтың азатлығы ушын гүреседи.
Ылайық таппай турысты, 
Қарсыласып залым менен, 
Бүлинген елдиң ҳаяллары 
Салды ғайратты, күшти 
Урып жықты үш, төртти, 
Қолы пәтли жас баллар. 
Ийни келген жеринде
Аянбай тартты қылышты… 
делинеди. 
Жийен жыраў атқарған тарийхый жырлардың тили көркем ҳәм образлы 
ҳәм өткир және реал сүўретлеўлерге ийе. Жырларда эпитет, теңеў, метафора, 
метонимия, литота, сарказм т.б. өз-ара байланыслы түрде жийи ушырасады. 
Жыраў посқыншы халықтың жол бойы өлип атырғанын сүўретлегенде
Ҳаўадағы қара булт 
Дүньяның жүзин шолады, 
Жымыңласқан жулдызлар 
Жерге қарап сарқады. 
Бул сарыққан жулдыздай 
Жас жанлардың өшкени,
Қайғы менен қан жутып. 


Ақыретке көшкени, 
Қағылысқан қара булт 
Өлимниң суўын ишкени 
деген үзиндидеги эпитет, теңеў, метонимия бир-бири менен байланысқан. 
Улыўма жуўмақлап айтқанда Жийен "Посқан ел", "Уллы таў" жырларын 
тарийхый жыр сыпатында қарап, оның қарақалпақ халқының реал турмысын 
сүўретлеген дөретпе сыпатында есаплаймыз. 
Жийен жыраў «Посқан ел»де халқының тәғдирине қайғырып, ортаға 
сораўлар таслайды: «Шырақларым сизлердиң, Бахтыңызға не болды?». Бул 
қатарларды Т.Қайыпбергенов 3 әсирлик халық тарийхын сөз етиўши 
«Қарақалпақ дәстаны»нда эпиграф етип алған еди. 

Download

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling