Қарақалпақ халық әмелий көркем-өнери тийкарында оқыўшылардың дөретиўшилик қабилетин раўажландырыўдағы методологик принциплердиң орны


Download 30.7 Kb.
Sana06.04.2023
Hajmi30.7 Kb.
#1333055
Bog'liq
илимий макала


Қарақалпақ халық әмелий көркем-өнери тийкарында оқыўшылардың дөретиўшилик қабилетин раўажландырыўдағы методологик принциплердиң орны
Өзбекистан Республикасы президентиниң бес басламасының бириншиси, жаслардың музыка, суўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўын асырыўға, талантын көрсетиўге хызмет етеди делинген.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 21.04.2020 жылғы ПҚ-4688 қарарында Суўретлеў өнери ҳәм әмелий көркем өнери тараўында жетискенликти жәнеде асырыўға тийисли шара-илижлары туўрысында талантлы ҳәм профессионал көркем өнер ийелериниң билим ҳәм көникпелерин раўажландырыўға қаратылған оқытыўдың заманагөй форма ҳәм методлары, жетискен педагогик технологиялар, электрон ахборот ресурсларынан кең пайдаланған халда тәлим процессиниң жоқары дәрежеде алып барылыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Усы қарарлар Жаңа Өзбекистан, үшинши Ренесанс фундаментин қурыўда суүретлеў өнерин оқытыў орынларында жаңа оқытыў методларын, принциплерин енгизиўди талап етеди. Дунья жузиниң жетекши оқыў орынларының оқыў системаларын киритиў, оқыў реже ҳәм бағдарламаларын заман талабына сай қылып дузиў талап етиледи.
Қарақалпақ халық әмелий көркем өнерин, этник ҳәм көркем мадениятын уйрениў заманагөй көркем-өнер педагогикасының тийкарғы машқалаларының бири. Себеби халық әмелий көркем өнериниң келип шығыўын билмей турып жаңа көркем дөретпе жаратыў мүмкин емес. Әсирлер даўамында Қаракалпақ мәдениятының ең жақсы үрип-әдетлериниң бир бөлеги гөззаллық өлшеми, сулыўлық улгиси, миллий қасийетлер сыпатында жылдан-жылға раўажланып кеңейип аўладтан-аўладқа өтип келмекте. Инсан күнделикли турмыста пайдаланған буйымларын эстетик, көркемлик ҳәм мәдений гөззалығын қадирлеўди уйренип ҳәм байытып келди. Қарақалпақ халық әмелий көркем өнери, безеў өнери, нағыс турлери, басқада әмелий көркем өнерлери Туркий халықлар маденияты ҳәм әмелий көркем өнер менен тығыз байланыста болған.
- юрта ҳәм оның безеўлери: ағашқа ислеў бериў, тоқымашылық, гилемшилик, кулалшылық, зергерлик, металга ислеў бериў, кестешилик каби өнерлеринде көп уқсаслықлар бар. Қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларын Қарақалпақ әмелий көркем өнерине окытыў оның пайда болыўынан баслап класстан классқа өтиўи менен амелий көркем өнер турлериниң амелий сабақлары енгизилип, өнерментшиликти кеңейтириў ҳәм суўретлеў өнери сабақларында халық әмелий көркем өнер буйымларынан пайдаланыў аркалы оқыўшыларды миллий әмелий көркем өнери буйымларының сулыўлығын ҳәм көпқырлылығын тусиндириўге мотивация болады.
Ҳәзирги күнде жаңа Өзбекстанды қурыў жолында ата-бабмыздан қалған мийрасты, миллий әмелий көркем өнери турлерин инновацион педагогик технологияларды қолланып раўажландырыў зәрүр.
Қарақалпақстан Республикасында суўретлеў өнери оқытылатуғын қанийгелестирилген мектеплер саны:




Атамасы

Басқарыўшы мекеме

саны

1

Қарақалпақстан Республикасы қанийгелестирилген көркем өнер мектеп интернаты

Өзбекстан Республикасы Бадий Академиясы

1

2

Нөкис қаласы мәденият ҳәм көркем өнер мектеби

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги

2

3

Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги

23

Қарақалпақстан Республикасының қанигелестирилген мектеп оқыўшыларының көркем ҳәм дөретиўшилик қабилетлерин раўажландырыў методологик принциплери төмендеги машқалаларды шешиўге жөнелис береди:


  1. Қанийгелестирилген мектеплерде Қарақалпақ халық әмелий көркем өнер тийкарында оқыўшыларды кәсипке таярлаў;

  2. Жоқары оқыў орынларында оқыўды даўам еттириўге жетерли билимли етип жетилистириў;

  3. Республикамыздағы қанийгелестирилген мектеплерде суўретлеў өнери пәниниң максимал дәрежеде заман талапларына сай дәрежеде инновацион педагогик методлар қолланыў.

  4. ?

Қанийгелестирилген мектеплерде суўретлеў өнери оқытыўшысының тийкарғы ўазыйпасы оқыўшыларының көркем-дөретиўшилик қабилетин раўажландырыў, дуньяға көз қарасын фантазиясын раўажландырыўда креатив жандасыў. Оқыўшы дөретпе жаратыўында өзин еркин ҳәм азат сезиўи шәрт ҳәм улкен әхемиетке ийе. Оқыўшының суўретлеў өнерине, әмелий көркем өнерге қызығыўы әсте секин избе-изликте пайда бола баслайды. Ҳәр бир сабақта олар арзу қылсын, ойнасын, өз идея ҳәм образларын суўретлеп бере алсын. Оқыўшының көникпелерин, билимин асырыў көп тарептен оқытыўшының сабақты қалай шөлкемлестириўине байланыслы. Суўретлеў өнери сабақларында оқыўшы өзиниң горизонтларын кеңлигин, көз-карасының узақлыгы, шексиз имканиятларының бар екенлигин сезип барыўы тийис, бул оқыўшыларға дөретиўшилик қабилетин раўажландырыўға ҳәм аңын, көркем фонтазиясын қалиплестириўге жәрдем береди.


Методикалық принциплер амелий көркем өнери дөретпелери тийкарында канийгелестирилген мектеплерде суўретлеў өнер пәнинде оқыўшылардың көркем-дөретиўшилик қабилетин раўажландырыў механизми:
а) қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларын әмелий көркем өнер тараўына баслаўшы таярлаў;
б) қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларының көркем-дөретиўшилик қабилетин раўажландырыўда халық амелий көркем өнери дөретпелерин суўретлеў өнери пәни менен байланыстырыўға қаратылған тапсырмалар бериў;
в) қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларының көркем-дөритиўшиликке болған қызығыўшылығын арттырыўда халық амелий көркем өнери дөретпелеринен кеннен пайдаланыў;
г) Суўретлеў өнери сабақлары процессинде дөретиўшилик мухит жаратып бериў;
д) Суўретлеў өнериниң көркем-дөретиўшилик жумыслары арқалы билим, көникпе ҳәм тәжрийбе арттырыўдың узликсиз процессин жаратып бериў.
Әмелий көркем өнер тийкарында суўретлеў өнери сабақларында оқыўшылардың көркем-дөретиўшилик қабилетлерин раўажландырыў бойынша бул методик принциплердиң тийкарғы мақсетлери:
а) қанийгелестирилген мектеплерде суўретлеў өнери тараўында соңғы илимий экспериментлер тийкарында қолланылатуғын өзгеше жандасыў тийкарында оқыўшылардың көркем-дөретиўшилик қабилетин раўажландырыў;
б) жаңа Өзбекстанды қурыўда ўатанымыз келешеги болған жасларды ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғын билимли, илимли креатив жасларды кәсип бағдарында таярлаў.
Қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларының көркем-дөретиўшилик қабилетлерин әмелий көркем өнери дөретпелери тийкарында раўажландырыў методикасы Қарақалпақстан Республикасы этнографик мәденияты материаллары тийкарында төмендеги пикирлерди нәзерде тутады:
* теориялық материалларды оқытыўдың дидактик принциплерине муапық тусиндириў: илимий, анықлық, избе-излик ҳам системалық, өмир менен байланыслы, барлық, мектеп оқыўшыларының индивидуал қасийетлерин есапқа алыў, билимди өзлестириўдиң күши.
* суўретлеў онери сабақларында оқыўшылардың көркем-доретиўшилик қабилетлерин раўажландырыўшы принциплер, методлар, форма, ускенелер ҳәм шәрт-шарайытлардың оптимал уйғынлығынан пайдаланыўға мотивация бериў.
* көркем-дөретиўшилик тапсырмаларының машқалалы жағдайларын шешиў, оқыўшылардың дөретиўшилик потенциалын мақсетке муапық раўажландырыў.
Дөретиўшилик сана-сезимниң раўажланыўы менен бирге басланады. Дөретиўшилик ислеп шығарыўшы сыпатында мийнетке қарама-қарсы қойылады, ол репродуктив болып есапланады. Сол мәнисте дөретиўшиликти мийнеттиң ең жоқарғы формасы сыпатында, бундай мийнетке қабилетти шахсий сыпатлардың ең жоқары раўажланыў дәрежеси сыпатында талқын қылыў мумкин. Дөретиўшилик ис ҳәрекет, яғный жаңа қадириятларды жаратыўда дөретиўшиликти оқыўшылардың машқалаларынан ажралған халда көрип болмайды. Ҳәр оқыўшының өз алдына бир дуньясы, көз-қарасы бар.
Қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларының эстетик ис-ҳәрекетин, дөретиўшилигин бахалаўдың ислеп шығарылған критериялары мазмуны:

  1. Мектеп оқыўшыларының суўретлериндеги формалар: балалар дөретпелериниң үш өлшемли, график, рең, композицион, көркемлик ҳәм образлы шешими.

  2. Мектеп оқыўшыларының натюрморт, пейжаз, портрет, сюжет ҳәм декоратив композицион дөретпелериндеги мазмун.

  3. Оқыўшылардың жумысларында техник усыллар ҳәм материалларда ислеў дәрежеси.

Қаракалпақстан Республикасы халық әмелий көркем өнери тийкарында оқыўшылардың көркем-дөретиўшилик қабилетин раўажландырыў, оларда көркем ҳәм дөретиўшилик қабилетти мақсетли формаластырыў қуралы сыпатында суўретлеў, декоратив, әмелий ҳәм дөретиўшилик ис ҳәрекетине тийисли методик принциплерди қолланыў.
Бул машқалаларды шешиў ушын оқыў режесиниң мазмуны оқыў процессиниң турлери: натурадан ҳәм есинен суўрет салыў, тематик суўрет салыў, қолланыў, электрон ресурслардан пайдаланыў, моделестириў, декоратив жумыслар, суўретлеў өнери ҳәм қарақалпақ халық әмелий көркем өнеринен келип шығып миллий нағыс элементлери тускен буйымларды оқыў постановкаларында пайдаланыў нәзерде тутылады. Оқыў жылы даўамында көникпе, тәжрийбелер:
а) суўрет соғыў қабилетин раўажландырыў;
б) турли дереклерди анықлаў, олардан пайдаланыўдың мазмунын келтириў;
в) тийкарғы затты анықлаў, дереклерди салыстырыў арқалы илимий жуўмақ бериў;
г) нәтийжелерди бахалаў, өзин-өзи бахалаўды қалиплестириў кеби принциплер уйретилип барылады.
Қанийгелестирилген мектеп оқыўшыларының халық әмелий көркем өнери тийкарында дөретиўшилик қабилетлериниң раўажланыўында керекли көникпелерди оқыўшыларда пайда етиў механизмин ислеп шығыўда төмендеги тапсырмалар белгиленди:

  1. натурадан суўрет салыўда оқыўшылардың билим ҳәм көникпелери дәрежесин анықлаў, декоратив ҳәм тематик суўрет сабақларында, сондайақ суўретлеў өнериниң айрым турлерине қызығыўлары ҳәм шахсий қатнасын анықлаў;

  2. Халық әмелий көркем өнери тийкарында оқыўшылардың дөретиўшилик кабилетин раўажландырыў қасийетлерин анықлаў, табият қойнында суўрет салыў, тематик ҳәм декоратив суўрет салыўдың ролин анықлаў.

  3. Теориялық материалларды оқытыўдың дидактик принциплерине сайкес тусиндириў; илимий, анық, избе-изликте, турмыс, барлық пенен байланыслы, индивидуал ислесиў, оқыўшының дәслепки билимин есапқа алыў, өзлестириўи, шахсқа ҳурмет.

  4. Методик мақсетти, оқыў-дөретиўшилик ўазыйпаларды, жуўмақлаўшы нәтийжеге қойылған шәрт-шарайыт ҳәм талабларды, қыдырыў материалын, эскизлерин, декоратив ҳәм әмелий көркем өнериниң таяр жумысын анықлаў ҳәм таяр жумысты бахалаў критериялар анықластырыў.

  5. Қарақалпақстанның этнографик мийрасын қанийгелестирилген суўретлеў онери мектеплери оқыўшыларының көркем-дөретиўшилик қабилетлерин раўажландырыўшы принциплер, методлар, формалар ҳәм шәрт-шарайытлырдың оптимал интенсивлигин қоллаў.

  6. Көркем-дөретиўшилик ўазыйпаларды шешиў мектеп оқыўшыларының әмелий көркем өнери бойынша әмелий искерлиги ушын дөретиўшилик процессти мақсетли раўажландырыў.

Сондай етип әмелий көркем өнер, көркем маденият, этнографик маденият дөретиўшиликтиң тийкары сыпатында оларды уйрениўде билим, көниликпе ҳәм тәжрийбелерин қалиплестириўде унамлы тасир етеди. Бул әсиресе ҳәзирги кунде миллий мадений урип адетлеримизди қайта тиклеў, раўажландырыў ҳәм жаңалаў маселелерине шешим бола алады.


Қарақалпақстан халық әмелий көркем өнери регионал этно-көркем маденияты биз тарепимизден тарийхый раўажланып атырған көп кабатлы мәдений қадириятлар системасы, сондайақ бул регионда шахстың дөретиўшилик потенциалын, өзи-өзин аңлаў ҳәм жария етиў процесси сыпатында саўлеленеди.
Мектеп оқыўшылары тәрепинен көркем-дөретиўшилик ис ҳәрекети процессинде технологияларды ислеп шығарыў оларды аңлы рәўиште көркем-дөретиўшилик процесстиң өзине ислеп атырған дөретпесине толық жуўапкершилик пенен катнаста болыўды ҳәм суўретлеў өнери сабақларында көркем-дөретиўшилик усыллары, техникалары, формалары ҳәм шәртлери менен танысыўға үйретеди.
Суўретлеў ҳәм амелий көркем өнер композиция интеграциясы менен қанийгелестирилген мектеплер оқыўшыларының көркем-дөретиўшилик қабилетлерин раўажландырыўдың методик системасы шеңберинде әмелге асырылатуғын талим процесси әмелий сабақлардың, стандарт ҳәм ностандарт формалардан пайдаланыўды көзде тутады. Буларға сабақтың стандарт формасы ҳәм «дөретиўшилик семинар»ының ностандарт формасы киреди, бул ҳәр бир оқыўшының мақсетке ерисиўдеги жетискенликке, касбий саўатлығын асырыўдағы жетискенликке, суўретлеў өнери тараўында көркем-дөретиўшилик қабилетлерин раўажландырыўға ерисиўди нәзерде тутады.
Download 30.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling