Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети б у й р ы қ Нөкис қаласы 2023-жы


Download 14.17 Kb.
Sana27.03.2023
Hajmi14.17 Kb.
#1300721
Bog'liq
2-кайта тапсырыу


БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК
УНИВЕРСИТЕТИ
Б У Й Р Ы Қ


Нөкис қаласы «____»__________ 2023-жыл


«Аралық ҳәм жуўмақлаўшы
қадағалаўларды екинши қайта
тапсырыў ҳаққында»

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 31- январьдағы 59-санлы, 2020-жыл 31-декабрьдағы 824-санлы қарарлары менен тастыйқланған, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигиниң 2018-жыл 9-августдағы 19-2018-санлы буйрығы менен тастыйықланған Режелердеги талапларды муўапықластырыў, билимлендириў сапасын тəмийнлеў ҳəм студентлерге жəне де қолайлықлар жаратыў мақсетинде


Б У Й Ы Р А М А Н:


1. Оқыў-методикалық басқарма баслығы Б.Дауменов ҳәм де барлық факультет деканларына:
1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 31-январ күнги 59-санлы қарары менен тастыйықланған “Жоқары оқыў орынлары студентлерине стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында”ғы Реже талапларынан келип шығып, 2022-2023 оқыў жылы гүзги семестр жуўмағы бойынша, кредит-модул системасында оқып атырған (1-3 курслар) аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаўлардан өзлестире алмай қалған студентлерге усы жыл феврал айыныӊ 28-сәнесинен баслап март айыныӊ 15-сәнесине шекем екинши қайта тапсырыўларды дәстүрий (оффлайн) формада өткериўге рухсат етилсин.
2. Екинши қайта тапсырыўлар факультетлерде дүзилган сапа комиссияларының тиккелей қадағалаўында өткерилсин.
3. Екинши қайта тапсырыўлар орнатылған тəртипте факултет деканлары тәрепинен тастыйықланған кестелер тийкарында өткерилсин. Қадағалаўлар нəтийжеси 1 (бир) күн мүддетте дағазалансын, студентлер ҳәм олардың ата-аналары дыққатына жеткерилсин.
4. Екинши қайта тапсырыўдан табыслы өткен студентлерге əмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳужжетлер тийкарында стипендиялар тайынлансын. Екинши қайта тапсырыўдан өте алмаған (академиялық қарыздар болған) студентлер белгиленген муғдардағы кредит төлемлерин төлеў арқалы жазғы семестрде оқыйтуғынлығы ескертилсин.
5. Усы буйрықтыӊ орынланыўын қадағалаўды оқыў ислери бойынша проректор О.Дуйсенбаевтыӊ жуўапкершилигине жүкленсин.
Тийкары: «Жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимин қадағалаў ҳəм бахалаў системасы ҳаққында»ғы Реже 26-бəнти, «Жоқары оқыў орынлары студентлерине стипендиялар тайынлаў ҳəм төлеў тəртиби ҳаққында»ғы Режениң 24-бəнти, “Жоқары оқыў орынларды оқыў процессине кредит-модул системасын еңгизиў тəртиби ҳаққында”ғы Режениң 29-бəнти.


Ректор: А.Реймов



Таярлаған:




Б.Дауменов

Келисилди:




И.Турдымамбетов







А.Баймуратов

Download 14.17 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling