Лекция -5 osi эталон модели


Download 385.5 Kb.
Sana19.06.2023
Hajmi385.5 Kb.
#1612688
TuriЛекция

ЛЕКЦИЯ -5 OSI ЭТАЛОН МОДЕЛИ.

РЕЖЕ.
1. OSI модели ҳәм оның классификатциясы.


2. OSI моделиниң дәрежелери ҳәм олардың орынлайтуғын ўазыйпалары.

Компьютер тармақларының ислеўин тәтмийинлейтуғын үскенелерди жаратыўда көп дәрежели ҳәм тармақларда стандартластырыў тийкары болып есапланады. Усы OSI моделине тийкарланған ашық системалардың бир-бири менен байланысқан ҳалда, яғный өз-ара ислесиўдиң жети дәрежели стандарт модели - Open System Interconnection (OSI) модели ислеп шығылған. Бул модел ҳәм оның ҳәр бир дәрежелери тармақ қәнийгелери ушын өзине cәйкес универсал тилге айланған.


OSI модели 80-инши жыллардың басларында стандартластырыў бойынша бир қатар стандартластырыў бойынша бир қатар шөлкемлер (ISO, ITU-T ҳәм тағы басқалар) қатнасыўында ислеп шығылған. OSI модели системаларының өз-ара ислеў дәределерин анықлайды ҳәм оларға тандарт атлар береди. Моделдиң толық классификатциясы мың беттен асады. OSI моделинде өз-ара ислеў үскенелери жети дәрежеси төмендегише аталады:
1.Физикалық дәреже.
2.Канал дәрежеси.
3.Тармоқ дәрежеси.
4.Транспорт дәрежеси.
5.Сеанслар дәрежеси.
6.Бөлистирилген дәрежеси.
7.Әмелий дәреже (1-сүўрет).
Мағлыўматлар алмасыў процессинде еки компьютер қатнасқанлығы, яғный бунда бир-бири менен келискен ҳалда ислеўши «иерархияның» жумысын пайда етиў керек болғанлығы себепли тармақтағы өp-ара ислеў үскенелериниң көп дәрежели көринисинде усыныс етиўдиң өзине тән тәреплери бар еди. Тармақтағы еки қатнасыўшы мағлыўматларды – мағлыўматларды узатыў ушын бир қанша келисиўлерди қабыл етиўлери керек болады. Мысалы олар өз-ара электр сигналларының дәрежелери ҳәм формасы ҳаққында узатылатуғын мағлыўматлардың узынлығы ҳаққында, информация узатыўдың исенимлигин қадағалаў усыллары ҳәм басқа көрсеткишлер ҳаққында келисип алыўлары керек болады. Бул келисиўлер барлық дәрежелер ушын қабыл қылыныўы керек, яғный төменги битлерди узатыў дәрежесинен баслап ең жоқарыға тармақ пайдаланыўшыға хызмет көрсетиў дәрежесине шекем.

Сүўрет-1. OSI моделине дәрежелердиң аталыўы

Еки компьютердиң өз-ара ислеў процесси мәлим бир қағыйдалар топламына тийкарланып әмелге асырылады, бул қағыйдалар топламы протокол ямаса интерфейс деп аталады. Тармақтың бирдей дәрежеге тийисли пайда етиўшилери ортасында информация алмасыў қағыйдалары протоколлар, өз-ара қатара турған дәрежелер ортасында информация алмасыў қағыйдалар болса интерфейслер деп аталады (2-сүўрет).


Пайдаланыўшы яғный қәлеген компьютер запрос жиберген ўақтында әмелий (жетинши) дәрежениң программалық тәмийнаты стандарт формасы хабарды (message) пайда етеди. Әдетте бул хабар– белгили формаға ийе болып, мағлыўматлар бөлеги ҳәм тамамлаўшы бөлимлерден ибарат болады. Хабар формасы, хабар жиберилген машинаның әмелий дәрежесинде узатылып атырған мағлыўматлар үстинде қандай ўазыйпаны орынлаў кереклиг ҳаққындағы информациядан ибарат болады (3-сүўрет).

Сүўрет-2. Еки компьютердиң өз-ара ислеў процесси.
Тармақ арқалы жиберилген хабар компьютердиң физикалық дәрежеси тәрепинен қабыл етип алынады ҳәм избе-из дәрежеме дәреже жоқарыға биринши дәрежеден жетинши дәрежеге узатылады. Ҳәр бир дәреже өзине тийисли болған форма бетин анализ қылады ҳәм қайта ислеп шығады, соң хабар формаларды алып таслап хабардық қалған бөлегин жоқарыда турған дәрежеге узатады.

Сүўрет-3. Ҳәр қыйлы дәрежеге тийисли хабарлардың көриниси.

Информация алмасыў процессинде мағлыўматлар бирлигин көрсетип бериў ушын хабар термини менен бирге басқа басқада сөзлер пайдаланылады. ISO стандартларында ҳәр қыйлы дәрежелер протоколлары ушын арналған мағлыўматлар бирлигин көрсетип бериў ушын протоколға тийисли мағлыўматлар блогы - Protocol Data Unit (PDU) деген улыўмалық атлап пайдаланылады. Мәлим бир дәрежеге тийисли мағлыўматлар блогын көрсетип бериў ушын көп жағдайларда төмендегише аталыўларды көриўиңиз мүмкин булар: кадр (frame), пакет (packet), дейтаграмма (datagram) ҳәм сегмент (segment).


OSI моделинде еки түрдеги протоколлар бар:
1.Алдыннан байланыс линияларын пайда етип ислейтуғын протоколлар. Телефон арқалы байланыс орнатып сөйлесиўге уқсап ислейтуғын протоколлар.
2.Байланыс линияларын алдыннан пайда етпей турып ислейтуғын протоколлар ямаса дейтаграммалы протоколлар. Бул болса почта арқалы хабар жибериўге уқсас ислейтуғын протоколлар.
Download 385.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling