Лекция компютер тармақларының стандарт технологиялары


Download 1.91 Mb.
Sana16.12.2020
Hajmi1.91 Mb.
#168054
TuriЛекция
Bog'liq
bes 3 [13](3)I1 (1)


ЛЕКЦИЯ - 2. КОМПЮТЕР ТАРМАҚЛАРЫНЫҢ СТАНДАРТ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ.

РЕЖЕ.

1. IEEE 802.х стандартла­рының дүзилиси ҳәм қурамы.

2. Сымлы тармақ технологиялары.

3. Сымсыз тармақ технологиялары.

1980 жылы IEEE (Institute of Electrical and Electronics Engineers)электро­техника ҳәм радиоэлектроника инженерлери институты қурамында локал компьютер тармақларын стандартластырыў бойынша 802 комитет дүзилген болып оның жумыс ислеў процесси нәтийжесинде IEEE 802.х стандартлары топламлары қабыл етилген еди. Бул локал компьютер тармақларының төменги дәрежесин проектлестириў бойынша усыныслардан ибарат стандарт топламлары. Кейин ала 802 комитетиниң жумыс нәтийжелери тийкарында ISO 8802-1…5 халықара стандартлар комплекси ислеп шығылды. Бул стандартларға сол ўақта кең тарқалған Ethernet, ArcNet ҳәм Token Ring сыяқлы стандартларының көрсеткишлери тийкар блған еди.

IEEE 802.х стандартларының дүзилиси 1- сүўретте келтирилген. IEEE 802.х стандарты жети дәрежели OSI моделиниң еки төмен дәредеси– физикалық ҳәм канал дәрежелериге тийисли болған стандартлар топламларынан ибарат.



1-сүўрет. IEEE 802.х стандартларының дүзилиси.

Бул стандартларға тийкарынан локал компьютер тармақларының канал дәрежеси еки дәрежеге бөлинеди:


  1. LLC (Logical Link Control) – мағлыўматлардың узатыўда логикалық басқарыў дәрежеси.

  2. MAC (Media Access Control) – мағлыўматларды узатыў орталығында байланысыўды басқарыў дәрежеси.

1-сүўрет барлық технологиялардың канал дәрежелер ушын улыўмалық есапланған бирден – бир LLC протоколы көрсетилип өтилген. Бул, IEEE институтынан басқа жерде ислеп шығылған локал тармақ стандартлары да 802.2 бөлим тәрепинен ислеп шығылған LLC дәреже прото­колына сәйкеслестирилген болыўы керек екенлигин көрсетеди.

802 комитет қурамына төмендеги бөлимлер киреди:

802.1 - Internetworking, тармақларды бирлестириў яғный бир неше тармақлар биргеликте ислеўди тәмийинлеўши стандартларды ислеп шығыў бөлими;

802.2 - Logical Link Control (LLC), мағлыўматларды узатыўда логикалық басқарыў стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.3 - Ethernet, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт етиўдиң CSMA/CD усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларsy ислеп шығыў бөлими;

802.4 - Token Bus LAN, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт етиўдиң Token Bus усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.5 - Token Ring LAN, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт теиўдиң Token Ring усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларды ислеп шығыў бөлими;

802.6 - Metropolitan Area Network (MAN), мега­полислер тармағы ямаса қала тармағы стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.7 - Broadband Technical Advisory Group, ҳәр қыйлы көринисдеги информацияларды узатыў стандартларын ислеп шығыў группасы;

802.8 - Fiber Optic Technical Advisory Group, шийша талшықлы тармақлар бойынша техникалық мәсләҳәт бериў группасы;

802.9 - Integrated Voice and data Networks, сес ҳәм мағлыўматларды узатыўшы интегратцияланған тармақлар стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.10 - Network Security, тармақ қәўипсизлиги стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.11 - Wireless Networks, сымсыз тармақлар стандартларын ислеп шығыў бөлими;

802.12 - Demand Priority Access LAN, l00VG-AnyLAN, әҳмийетге ийе дәреже тийкарында талап етиў усулы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларын ислеп шығыў бөлими.



Сымлы тармақ технологиялары. Сымлы тармақ технологиялары 1980 жылларда ислеп шығылған дәслепкилери - Ethernet, Token Ring ҳәм FDDI сыяқлы локал тармақ технологиялары есапланады. Олар – улыўмалық шина, жулдыз ямаса қалқа деп аталған топологиялардың бири тийкарында қурылған болып мағлыўматды узатыўда биргеликте пайдаланыллатуғын орталыққа ийе болған локал компьютер тармақлары технологиялары еди. Усы технологиялар компьютер тармақларында пайдаланып басланған дәслепки жылларында кең түрде пайдаланылған. Кейин ала болса сымлы тармақ технологияларының тийкарын Ethernet технологиясына классына кириўши Fast Ethernet ҳәм Gigabit Ethernet технологияларының стандартлары кең түрде ислеп шығылған ҳәм әмелиятта кең түрде пайдаланыла баслаған. Fast Ethernet ҳәм Gigabit Ethernet технологияларында мағлыўматларды узатыў тезлигин асырыў ушын коммутацияланаneғsy орталықтан пайдаланыў да жолға қойылған.

Ҳәзирги сымлы локал тармақ технологиялары қандай дүзилиске ийе екенлигин, Ethernet технологиясының 10Base-T ҳәм Fast Ethernet технологиясы қурамына кирген 100Base-TХ стандартлары мысалында көрип шығамыз. Буған себеп жоқары тезликлерде ислейтуғын кейин ала ислеп шығылған Gigabit Ethernet технологиясына усы стандартлардың дүзилиси ҳәм ислеў алгоритмлери тийкар етип алынғаны.



10Base-T стандартында «4-дейин концентраторлар» қағыйдасы әмел қылады. Усыған тийкар тармақлардың көби менен 500 м пайда еткен. Яғный бес сигмент ҳәр бири 100 метрден болғанда тармақтың диаметри 500 метр болады (2-сүўрет). Тармаққа көби менен 1024 компьютер байланыстырыў мүмкин. Буған концентраторлардың еки дәрежели иерархиялық көринисде байланыстырыў менен ерисиў мүмкин болады.

2-сүўрет. Ethernet концентраторларын иерархиялық усылында байланысы.


Fast Ethernet тармақларында коаксиал кабель пайдаланылмайды, соның ушын олардың дүзилиси – ҳәмме ўақыт коммутаторлар ҳәм концентраторлар тийкарында пайда етилген иерархиялық жулдыз топологиясына ийе болады (3-сүўрет).

3-сүўрет. Иерархиялық жулдыз топологиясы.


Fast Ethernet тармақлар конфигурациясының алдынғы - 10Base-T ҳәм 10Base-F сыяқлы стандартларынан парқы сонда, бунда концентраторлар тийкарында пайда етилген тармақтың диаметри көпи менен 200м (250м) болыўы мүмкин. Соның есабынан бул стандартда кадрды узатыў ўақты 10 есе киширейген, бул дегени информация узатыў тезлиги 100 Мбит/сек-ға жеткерилген.

Fast Ethernet технологиясы тийкарында пайда етилген тармақлардың улыўмалық узынлығы – коммутаторлардан пайдаланған ҳалда асырыў имканияты бар. Бунда физикалық сегментлердиң узынлығы ушын белгиленген чегаралар бузылмаўы керек. Соның ушын жоқары узынлыққа ийе болған магистраль локал компьютер тармоқларын пайда етиўде Fast Ethernet технологиясынан еркин пайдаланыў мүмкин болады. Бунда тармақтың ислеўи - толық дуплекс ре­жиминде әмелге асырылыў керек болады.

802.3u стандартына тийкарынан - Fast Ethernet тармағы ушын физикалық дәрәжениң үш түрли спецификациясы ислеп шығылған:

1. 100Base-TХ – беcинши категориялы еки жуптлы (төрт сымлы) экранланбаған есилген жуптлық (UTP) ямаса Type 1-ши эк­ранланған есилген жуптлық (STP) кабели ушын.

2. 100Base-T4 – үшинши, төртинши ямаса бесинши категориялы төрт жуптлы (сегиз сымлы) экранланбаған есилген жуптлық (UTP) кабели ушын.

3. 100Base- FX – еки шийша талшықлы кабел ушын.



Коммутаторлар ҳәм I-класс концентраторлар жәрдеминде пайда етилген Fast Ethernet технологиясы тармағының дүзилиси 4-сүўретте келтирилген.

4-сүўрет. Fast Ethernet тармағының концентраторлары жәрдеминде пайда етиўдиң көриниси.


Fast Ethernet стандарты концентраторлары еки түрли болыўы мүмкин:

1.I-класс концентраторлары, оларда 100Base-TХ, 100Base-FX ҳәм 100Base-T4 ларда пайдаланылатуғын портлар бар болады.

2.II-класс концентраторлары, уларда болса 100Base-T4 ямаса 100Base-TХ ҳәм 100Base- FX портлары бар болыўы мүмкин. Бул стандартларда «4 дейин хаблар» қағыйдасы орнына «1 ямаса 2 хаблар» қағыйдасы әмел қылады.

Ethernet технологиялары классына тийисли тармақ технологияларының ҳәзирде ислеп шығарылып атқан ҳәм жетилистирип келинип атқан 1, 10, 40 ҳәм 100 Гбит/сек тезликлерде ислей алатуғын Gigabit Ethernet технологияларының дүзилиси жоқарда көрип өтилген Ethernet ҳәм Fast Ethernet технологиялары стандартларының дүзилислерине уқсайды.



Сымсыз локал тармақлар. Ҳәзирги ўақытта келип сымсыз локал тармақлар сымлы локал тармақларға қосымша локал тармақлар сыпатында қаралмақта. Басқаша етип айтқанда сымсыз локал тармақлар сымлы яғный кабелли тармақлар менен бәсекелесиўши тармақлар емес.

Сымсыз локал тармақлардың бир неше абзаллықлар тәрепинен көриў мүмкин. Оларды орнатыў ҳәм модификациялаў яғный жаңалаў турыў жүдә аңсат бунда узын аралыққа жетиўши кабеллерге ҳәм оларды байланыстырыў ушын зәрүр болған қурылмаларға керек болмайды. Сымсыз тармақлардың және бир абзал тәрепи онда пайдаланыўшылардың көшип жүриў имканиятының (мобильность) барлығы.

Сымсыз тармақ технологиялары 802.11 стандарты есапланған WiFi технологиясы мысалында көрип шығамыз. 802.11 стандарты сымсыз локал тармоқларының еки түрли топологиясы бар:

1.BSS – базалық ямаса тийкарғы хызметлер топламы көкрсетилетуғын тармақ (Basic Servis Set). Бул тармақта базалық станция, барлық пайдаланыўшылар ушын арналған станция (байланысыў точкасы, антенна ямаса коммутатор) болмайды. Пайдаланыўшылар тармақтағы компьютер – өзлеринде орнатылған сымсыз тармақ адаптерлери жәрдеминде өз-ара информация алмасады (5-сүўрет). BSS тармағына кириў ушын – тармаққа байланысыў әмеллерин орынлаў керек болады.



5-сүўрет. BSS топологияли тармақлар.



STA1, STA2 – станциялар (компьютерлер, яғный пайдаланыўшылар, серверлер, коммутаторлар ямаса маршрутизаторлар).

2. ЕSS – кегейтирилген (қосымша) хызметлер топламын көрсететуғын тармақ (Extended Servis Set – ЕSS). Бул тармақ бөлистирилген орталық бирлестирилген бир неше BSS тармақлардан ибарат болады. (6-сүўрет)



6-сүўрет. ЕSS топологиялы тармақлар.



AP (Access Point) – байланысыў точкасы.

DS (Distribution System) – бөлистирилген система.

DSS (Distribution System Service) – бөлистирилген система хызмети.
Download 1.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling