Сиёсий пр сиёсий жараёнларда


Download 23.04 Kb.
Sana20.12.2022
Hajmi23.04 Kb.
#1037912
Bog'liq
Сиёсий ПР сиёсий жараёнларда


Сиёсий ПР сиёсий жараёнларда
ПР дыӊ еӊ тийкарғы баслаўшыларыныӊ бири сыпатында, бизнес тараўында ПР ды қолланған инсан сыпатында америкалы Айви Ли атап өтиледи. Оған «Принциплер декларациясы» тийисли. Онда 1903-жылы мына сөзлер атап өтилген еди: «Бизиӊ хызметиниӊ жасырын бюро емес. Барлық жумысымыз ашық-айдын алып барылады. Бизиӊ материалларымыз анық. Барлық сәўлеленип атырған материаллар бойынша қосымша мағлыўматларды алыўға болады. Биз барлық газетаға биз келтирген қәлеген факт бойынша анық мағлыўмат бере аламыз. Бизиӊ мақсетимиз – анық ҳәм ашық рәўиште жәмийетлик институтлар атынан пуқараларға актуал мәселелер бойынша өз ўақытында ҳәм анық мағлыўмат бериў». Солай болса да ПР дыӊ негизинде манипуляция жатқан еди. Яғный манипулятив ҳәрекетлер менен инсанлардыӊ санасына, ис-ҳәрекетлерине тәсир етиў.
Бизнес ПР негизинде сиясий ПР да раўажлана баслады. 1919-жылы Нью-Йоркта Эдвард Бернейс деген адам «Атақлы болыўды» басқарыў фирмасында жумыс баслайды. Өз ўақытында Бернейс америка президентлери тәрепинен жумысқа шақырылған еди. Ҳәтте оныӊ хызметинен Гитлер де пайдаланбақшы болған бирақ оған өзи қайылшылық бермеген. Солай болса да оныӊ технологияларынан бир қатар сиясатшылар пайдаланған, әсиресе, Бернейстиӊ китабынан Гитлердиӊ идеологы Геббельс жақсы пайдаланған.
Оныӊ пикири: «Биз дәслеп өз жумысымызды атақлы болыўды басқарыў деп атадық. Биз клиентлерде жәмийетте атақлы болық жолларын үйреттик. Лекин бир жыл өткеннен соӊ өз хызметимиздиӊ атамасын ПР бойынша кеӊес бериў деп өзгерттик. Яғный биз клиенттиӊ жәмийет алдындағы ҳәрекетлери кеӊес бериўге мүтәж деп есапладық».
1920-жылдыӊ орталарына келип демократиялық партиялық орайлық офисинде ПР бойынша жеке мәсләҳәтши жумыс алып барған. 1936-жылы АҚШ республикалық партиясы рәсмий рәўиште ПР бойынша директор лаўазымн тастыйықлады.
Заманагөй сиясий ПР биринши гезекте сиясий мәсләҳәт бериўди өз ишине алады. Тийкарынан информациялық бағдар менен байланыслы. ПР мен биринши гезекте сиясий процесстиӊ сиясий мәсләҳәтшиси есапланады. Ал кейин болса ғалаба коммуникация ҳәм технологиялар тараўыныӊ тар көлемдеги қәнигеси, оған қосымша сиясий реклама, имиджмейкинг бойынша да қәнигелеседи.
Заманагөй дәўирде сиясаттыӊ анықламасы – бул бир тәрептиӊ екинши тәрептен үстем болыўы болып қалмастан, ал арнаўлы адамларжыӊ өзгеше искерлиги. Жәмийеттиӊ раўажланыўы менен жәмийетти қураўшы инсанлар, киши ҳәм үлкен топарлар, социаллық қатламлар арасында қарама-қарсылықлар болыўы тәбийий ҳал есапланады. Бул қарама-қарсылықлар жәмийеттиӊ раўажланыўына кери тәсирин тийгизбеўи ушын бул талапларды басқарап баратуғын сфералар пайда болды. Мәселен, бир қатар музыкантлардан ибарат орекстрди басқарыў ушын да дирижер керек.
Өз кельесинде отырған сиясатшы ушын сиясат керек емес. АЛ барлық монастырь ушын басқарыў керек, ол монахлардыӊ талап ҳәм усынысларын координацияға салып отырады. Жеке адам өзин сиясаттан жырақтаман деп ойлаўы мүмкин бирақ, жәмийетте жасап турып жәмийеттен ғәрезсизбен деп атап өтиў мүмкин емес. Ҳәтте шаӊарақта да сиясий қатнасықлар бар, ол биргеликтеги өмирди тәртиплестиреди ҳәм улыўмалық машқалаларды шешеди.
Сиясатқа көп адамлар тартылған сайын онда ғалабалық информациялық процесслер үлкен роль ойнай баслайды. Шаӊарақ басшысы ушын газета шығарыў шәрт емес. Телевидениесиз қәўим басшысы да жасай алады. Бурыӊғы дәўирде монархлар да жәмийетлик қарасларға арнаўлы қураллар жәрдеминде қатнас жасаған. Сиясаттыӊ демекратияласыўы ғалаба хабар қуралларыныӊ раўажланыўын талап етти. Ғалаба хабар қураллары жәмийетте демократиялық процесслердиӊ раўажланыўына тийкар жаратып берди.
Г.Почепцов «Сиясатта жеке ўақыялар болмайды. Оныӊ ҳәр бири – бул ғалабалық ўақыя. Бул тек ғана пассив рәўиште аудитория алдына шығыў емес, ал аудитория менен актив ислесиўди аӊлатады. »
ПР изертлеўшилери сиясат театрға уқсайды, екеўинде де аудиторияныӊ жүрегине жол табыўға урынылады. Бир мақсетлер бирдей қуралды пайдаланыўды талап етеди.
Сиясат шешим қабыл етиў тараўынан ПР жумысы тараўына айланды. Оныӊ искерлиги қурамаласқан сайын арнаўлы командаларды пайда етиўди талап етти. Заманагөй сиясатта бир адамныӊ ҳәрекет етиўи жүдә шекленген. Ҳәтте билгили сиясатшылар ушын да жәрдемшилер, мәсләҳәтшилер керек.
Сиясий мәсләҳәт бериў институты батыста 1960-жыллары пайда болды, яғный социаллық-сиясий ўазыйпаларды әмелге асырыў ушыш хызмет етти. Сиясий элита ҳәм жәмийет арасында көпир ўазыйпасын атқарып берди.
Эдвард Бернейс АҚШ та бириншилерден болып Америкада ПР бойынша мәсләҳәтги жәмийетшилик пенен ислесиўши қәнигеден гөре кеӊ көлемдеги мәселелер менен шуғылланатуғынлығын атап өтеди: «Мәсләҳәтши өз клиентиниӊ социаллық әҳмийетли көнликпелерин анықлаўға ҳәрекет етеди. Изертлеў жоллары менен өз клиентиниӊ бағдарларыныӊ жәмийет күткендей талапларға жуўап берем е я бермей ме деген сораўларға жуўап излейди. Ол клиентине өз ҳәрекет етиў бағдаларын жәмийетшилик талапларына қарай өзгертиў кереклигин мәсләҳәт береди.
Ол барлық ўақытта басқа адамлардан ғәрезли болып қалады, қәлеген объект, корпорация публикаға бойсынады.
Мәсләҳәтши барлық ўақытта да ҳалатты қолға алып, сиясатшыны басқара алмайды. Сол ушында сиясат ҳәм сиясий мәсләҳәтши арасындағы қатнасықлар субъектив, жеке ҳалда болады. Мәселен И.В. Сталин тек ғана бир мәсләҳәтшиниӊ хызметинен пайдаланған Поскребышев.
Әдетте тәжирийбели мәсләҳәтши сиясатшы менен өзине қолайлы болған қатнасықты ислей алады. Лекин айрым ҳалатларда сиясатшылар мәсләҳәтшиниӊ пикирлерине қул салғысы келмейди. Мысалы, президентлик кампанияларыныӊ биринде мәсләҳәтши қыйын характерге ийе сиясатшы менен жумыс алып барады. Сиясатшыныӊ азмаз болса да туўры жолға түсириў ушын мәсләҳәтши ҳәр күни азанда сиясатшыны «Ассалаўма алейкум, господин Президент» деген сөзлер менен қарсы алады. Сиясатшы бир нешше күн өткеннен кейин өзин президентлерден тута баслаған ҳәм негатив ҳалатлар өз-өзинен жоқ болып кеткен.
Әўметли сиясий мәсләҳәтши болыў ушын мәсләҳәтшиде профессионаллық уқып болыўы керек. Бул туўры билим дәрежеси, сиясат яки сиясат әтирапында жумыс ислеў тәжирийбеси болыўы керек.
Бир қатар әмелиятшылар бундай уқыплардыӊ төртеўин атап өтеди. 1) жағдайға тез масласа алыў қәбилети. 2) ҳалатқа байланыслы байланыс орнатыў стиль тез өзгерте алыў уқыбы. 3) дөретиўшилик шешимлер қабыл ете алыў. 4) тез қәлиплестире алыў уқыбы.
Солай болса биз мәсләҳәтшини ишки жеке-психологиялық уқыбын атап өтемиз:
1. адаптив уқыбы. Сиясий мәсләҳәтшиниӊ жумысы жүдә қыйын ҳәм ҳәр тәреплемели. Қыйын ҳалаттағы басымға шыдам бере алыў ушын тез өзгерип туратуғын ҳалатқа тез көнлиге алыў керек. Тәжирийбеден сол нәрсе белгили жақсы сиясий мәсләҳәтшилер өзгерип туратуғын ҳалатларға тез бейимлесип кете алады.
2. КОммуникативлик уқыбы. Усы уқыпқа ийе болған мәсләҳәтши қандай да бир ҳалатта қалайынша ҳәрекет етиў керек екенлигин жақсы биледи. Ол алдында ким турғанлығына байланысты қатнас жасаўды тез өзгерте алады. Олар клиентлер, журналистлер, сайлаўшылар менен жақсы жумыс алып барады. Пикирлескен көпшилик ҳалатта мен алмасығыныӊ орнына бизлер алмасығын қолланады.
3. Креатив уқыбы. Дөретиўшиликке жақын инсанлар барлық нәрселер дөретиўшилик жуўмақ шығарғысы келеди. Бундай мәсләҳәтшилер сиясатшылар менен де сайлаўшылар менен де тез тил таўысып кете алады.
Глоссарий

Түсиник

Түсиндирмеси

Реклама агентлиги

Рекламаны шөлкемлестириў ҳәм жобаластырыў бойынша клиентлерге толық яки шекленген хызмет көрсететуғын профессионал шөлкем

Анонс

Товарлардыӊ базарға шығарылыўы, ғалаба хабар қуралларында еӊ қызықлы болған материаллардыӊ реклама етилиўи

Баннер

Инглис тилинен алынғанда байрақ дегенди аӊлатады. Баспасөздеги реклама модулине уқсаған графикалық көринис

Билборд

Көпшилик жыйналатуғын көшелерге, трассаларға илип қойылатуғын реклама щити. Тахтадағы реклама дегенди аӊлатады.

Бренд

Қарыйдардыӊ санасында белгили саўда маркасы яки товардыӊ образын жаратыў.

Брендинг

Маркетинг коммуникациясыныӊ бир бөлими. Фирмалық стиль, оныӊ элементлери, фирманыӊ уникал имиджин пайда ететуғын өз алдына бағдар

Буклет

Текст ҳәм иллюстрация менен бир баспа бетиндеги реклама бети.

Download 23.04 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling