Созылыў ямаса қысылыў деформациясында брустың кесе кесимлеринде тек ғана бойлама ишки зорығыў күшлери пайда болады
Download 71.58 Kb.
|
2-lektsiya-1
2– лекция 2.1. Созылыў-қысылыў деформациясында ИКФның эпюрасын қурыў Созылыў ямаса қысылыў деформациясында брустың кесе кесимлеринде тек ғана бойлама ишки зорығыў күшлери пайда болады. Бойлама ямаса нормал күш деп, брустың кесе кесиминде пайда болған нормал кернеўлердиң тең тәсир етиўшисине айтылады: . (3.1) Бойлама зорығыў күши кесиндилер усылыжәрдеминде табылады. Брустың ыхтиярый кесиминдеги бойлама зорығыў күши брустың алып қалынған бөлегиндеги барлық сыртқы күшлердиң брус көшерине проекцияларының алгебралық жыйындысына тең. Бунда сыртқы күш проекциясы кесимнен сыртқа бағдарланған болса оң белги менен теңлемеге киритиледи ҳәм керисинше. Бойлама күшлердиң брус көшери бойлап өзгериў нызамын көрсетиўши график бойлама күш эпюрасы деп аталады. Бунда абсцисса көшери эпюраның база сызығы болып хызмет етеди ҳәм ол стерженниң көшерине параллел етип жүргизиледи. Буған тик етип жүргизилген ордината көшерине таңланған масштабта, белгисин нәзерде тутқан ҳалда бойлама күштиң мәнислери қойылады. Бойлама күштиң эпюрасының брустың көшери бойынша бағдарда тәсир етип атырған топланған күшке тийисли точкасында усы топланған күштиң мәниси ҳәм бағдарында бойлама күштиң шамасы секирип өзгереди. Егер брусқа бойлама бағдарда тегис бөлистирилген күш тәсир етип атырған болса, бойлама күштиң эпюрасының тийисли бөлеги қыяланған туўры сызық көринисинде болады. Бунда усы бөлектеги эпюраның қыяланған туўры сызығының ординаталарының парқы усы бөлектиң узынлығы менен бөлистирилген күштиң интенсивлигиниң (жеделлиги) көбеймйсине тең болады. Қурылған бойлама күштиң эпюрасының дурыслығын тексериўде әне усы көрсетпелерге итибар бериў керек. Стерженлерди беккемлилик ҳәм қаттылыққа есаплаўда керек болатуғын бойлама күштиң зәрүр шамалары бойлама күштиң эпюрасынан алынады. Бойлама (нормал) күшлерди анықлаў ҳәм олардың эпюрасын қурыўды төмендеги мысалда көремиз: 3.1 –мысал. Бир ушы менен беккемленген стерженниң көшери бойлап Р1=30 кН, Р2=50 кН, Р3=66 кН болған күшлер тәсир етеди дейик. Усы стержен ушын нормал күштиң эпюрасы қурылсын (3.1 – сүўрет, а). Шешилиўи: Стерженниң кесимлериндеги нормал күшлерди анықлаўды брустың еркин ушынан баслаймыз. 1-1 кесим (3.1 – сүўрет, б). Системадағы таяныш реакциясын таўып отырмаў ушын1-1кесим ин өткизип, брустың еркин бөлеги тәрепин алып қалғанымыз мақул. 3.1– сүўрет Алып қалынған бөлектиң кесиминдеги нормал күшти барқулла кесимнен сыртқа қарай бағдарлаймыз. Егер анықланған нормал күштин мәниси оң белгиде шықса, қаралып атырған бөлек созылыў, ал кери жағдайда қысылыў деформациясы тәсиринде болады. Шәртли түрде созыўшы нормал күшти оң, ал қысыўшы нормал күшти болса терис деп белгилеў қабыл етилген. Солай етип, брустың жүргизилген1-1 кесимнен пәсте қалған бөлеги ушын тең салмақлылық теңлемесин жазамыз. Z=0. N1-Р1=0. Буннан N1=Р1= 30 кН (созыўшы). Бул аңлатпа жоқарыда көрилген бойлама зорығыў күшиниң теңлемесин дүзиў қағыйдасына сәйкес келеди. 2-2 кесим (3.1 – сүўрет, в) Енди жоқарыдағы қағыйдаға көре: N2=Р1-Р2=30-50=-20 кН (қысыўшы) 3-3 кесим (3.1 – сүўрет, г) N3=Р3-Р2+Р1=66-50+30=46 кН (созыўшы) Енди бойлама (нормал) күшлердиң табылған мәнислериниң тийкарында нормал күштиң эпюрасы (3.1–сүўрет,д) қурылады. Буннан брустың төменги ҳәм жоқарғы бөлеклериниң созылатуғынын, ортадағы бөлегиниң қысылатуғынын көремиз. Nmaх=46 кН. Download 71.58 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling