«тастыйықлайман» Шоманай районы ҳәкими орынбасары


Download 41.5 Kb.
Sana17.02.2023
Hajmi41.5 Kb.
#1207906
Bog'liq
баянламам сонгы конырау


«ТАСТЫЙЫҚЛАЙМАН»
Шоманай районы ҳәкими орынбасары
___________ И.Алланиязов
«___» май 2019-жыл






Шоманай районы ҳәкимлиги мәжлислер залында өткерилген мажилис
БАЯНЛАМАСЫ


Шоманай районы «___» май 2019-жыл.



Басшылық етиўши:

­

И.Алланиязов Шоманай районы ҳәкими орынбасары

Қатнасқанлар:

­

тийисли мəкеме ҳəм кəрхана басшылары
(дизим бойынша)



КУН ТАРТИБИНДЕ
25-май улыўма билим бериў мектеп питкериўшилериниӊ «Соӊғы қоӊыраў» кешесин шөлкемлестириў ҳəм оны өткериў ҳаққында
( И.Алланиязов, П,Искендеров Н.Сапаев, А.Бегжанова, М.Нарбаев , И.Алланиязов )

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша мәжлисти район ҳәкими Б.Янгибаев ашты ҳәм алып барды.


Ол өз созинде Шоманай районындағы билимлендириў мəкемелериниӊ 2018-2019-оқыў жылыныӊ табыслы тамамланғанлығы сондай-ақ, усы жылғы мектеп питкериўшилериниӊ «Соӊғы қоӊыраў» кешесин жоқары дəрежеде өткериўди районлық Мəденият бөлими тəрепинен орайлық спорт майданшасында өткериўди усыныс еткенлиги ҳәм де жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў қатнасыўшыларға ҳәр тәреплеме шараятларды жаратыў мақсетинде тийисли илажлар көриў, тамашагөйлердиӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша усыныс ҳәмде пикирлерин билдирип өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша мәжлис төмендегише
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша районлық Мəденият бөлиминиӊ билдирген усы жылдыӊ 25-май күни орайлық спорт майданшасында «Соӊғы қоӊыраў» атлы концерт бғдарламасын өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
2. Райондағы Орайлық спорт майданшасында «Соӊғы қоӊыраў» кешесин өткерилиўине руҳсат етилсин.
Районлық спорт мектеби директоры
3. Районлық Мəденият бөлимине:
Өткерилетуғын концерт бағдарламасын жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳəмде сес күшейтириўши үскенелер менен тəмийинлеў ўазыйпасы тапсырылсын.
4. Абаданластырыў басқармасыныӊ районлық бөлимине:
усы жылдыӊ 24-май күни орайлық спорт майданшасына сахнаны қурыў ҳəм сахна дикаратциялары менен тəмийинлеў тапсырылсын.
5. Районлық халық билимлендириў бөлимине:
район аймағындағы билимлендириў мəкемелери оқыўшыларыныӊ концертке қатнасыўын тəмийинлеў тапсырылсын.
6. Районлық Ишки ислер бөлимине:
- концерт бағдарлама өткерилиў барысында пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилиўи тапсырылсын.
7. Районлық Медицина бирлеспесине:
усы жылдыӊ 25-май күни орайлық спорт майданшасында болып өтетуғын «Соӊғы қоӊыраў» кешесине тез жəрдем машинасын ажыратыўды тəмийинлесин.
8. Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының районлық хабаршысы (У.Насыров), «Шоманай нуры» газетасы бас редакторы (К.Наурызов)ларға:
усы жылдыӊ 25-май күни орайлық спорт майданшасында болып өтетуғын «Соӊғы қоӊыраў» кешеси бойынша мақалалар жәриялап барыў усыныс етилди.
Усы баянлама шешиминиң орынланыўын қадағалаўды өз жуўапкершилигимде қалдыраман .


Баянламаластырған Ю.Сейтжанов
Download 41.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling