1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар


Download 465.74 Kb.
bet12/20
Sana07.03.2023
Hajmi465.74 Kb.
#1246649
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   20
Bog'liq
elektronika lek

5-tema: Tuwrılawshı diodları- qurılmanıń islew principin úyreniw. (Laboratoriya)
Туўырлаўшы диодлар
Туўырлаўшы диодлар кернеўлик дереги өзгериўшең кернеўликти өзгермеске бурылыўда қолланылады. Туўырлаўшы диодлардың тийкарғы қәсийети– бир тәреплеме өткезиўшең болып, оның пайда болыўы туўырлаў эффекти менен анықланады.
Туўырлаўшы диодлардың ислетилиўи частота диапазоны жудә кең. Сол себепли олар исши частота диапазоны бойынша классланады.
Пәс частоталы туўырлаўшы диодлар (ПЧ диодлар) кәрхана частотасындағы (50 Гц) өзгериўшең токты өзгермеске бурыўда қолланылады. ПЧ диодларға қойылатуғын тийкарғы талап – бул үлкен мәниске ийе болған туўырланған токлар алыў. Туўырлаўшы диодлар тийкарғыинде 0,3 А ге, 0,3 А ден 10 А ге шекем ҳәм 10 А ден жоқары болған туўырланған токларға арналған кишкене, орта ҳәм үлкен қуўатлы диодларға бөлинеди. ПЧ диодлар үлкен р-n өтиў менен характерленеди.
Жоқары частоталы туўырлаўшы диодлар (ЖЧ диодлар) оң ҳәм жүз мегагерц частотаға шекем болған сигналларды сызықлы емес электр өзгерттиргишке арналған. ЖЧ диодлары жоқары частота сигналлары детекторлары, араластырғышлар, частота өзгертиў схемалар ҳәм басқаларда қолланылады. Жоқары частота диодлары кишкенен инерцияға ийе, сонлықтан кишкене жүзеге ийе болған точкалы р-n өтиўге ийе ҳәм сол себепли олардың тосық сыйымлығы пикофараданың бир бөлими шөлкемлестириледи.
Шоттки тосықлы диодлар кернеўлик дереги қайта жалғаўларда кең тарқалған, сонлықтан олар қайта жалғаныў исши частотасына 100 кГц ҳәм одан жоқарыға арттырыўға, радиоэлектрон аппаратура аўырлығы, өлшемлерин киширейтиўге ҳәм кернеўлик дереги ФИК асырыўға қолайлық жаратады. Шоттки тосығы металлды ярым өткизгиш пенен контакты нәтийжесинде пайда етиледи. Ярым өткизгиш материал сыпатында көп жағдайларда n–түрдеги кремний, металл сыпатында болса Al, Au, Mo ҳәм басқалар қолланылады. Бул ўақытда металл шығыў кремний шығыў иссинен үлкен болыўы талап етиледи. Бундай диодларда диффузия сыйымлығы нольге тең, тосық сыйымлығы болса 1 пФ дан аспайды.

Download 465.74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling