1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар


Download 465.74 Kb.
bet10/20
Sana07.03.2023
Hajmi465.74 Kb.
#1246649
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   20
Bog'liq
elektronika lek

Оптоэлектроника диодлары
Оптоэлектроника – электрониканың бир бөлими болып, ахборотты қабыл етиў, узатыў ҳәм қайта ислеў процесслери жақтылық сигналларын электр сигналларына айландырыўшы ҳәм керисинше тийкарланған қурылмалардың теориясы ҳәм әмелиятын үйренеди. Оптоэлектроника элементлери болып фотодиод ҳәм жақтылық диоды есапланады.
Фотодиод деп бир ғана р-n өтиўге ийе болған фото-электр әсбапқа айтылады. Фотодиод сыртқы кернеўлик дерекли (фотодиодлы режим), ҳәмде сыртқы кернеўлик дерегисиз схемаларға жалғаныўы мүмкин. Сыртқы кернеўлик дерек сондай жалғанады, р-n өтиў тескери жылжыған болсын. Жақтылық түсирилмегенде диод арқалы жүдә кишкене “қараңғылық” экстракция токи I0 ағып өтеди ҳәм ол берилип атырған кернеўликке байланыслы болмайды. n-база тараўына қадаған етилген зона кеңлигинде бирқанша үлкен болған энергиялы фотонлардан қуралған жақтылық түсирилгенде, электрон–ковак жуплықлар генерацияланады. Егер жуплықлар өтиўден диффузия узынлығынан аспайтуғын аралықта пайда болса, жақтылық тәсиринде генерацияланған коваклар өтиўниң электр майданы тәсиринде экстракцияланады ҳәм тескери ток оның “қаранғылық” мәнисине салыстырмалы артады. Жақтылық ағымы Ф қанша интенсив болса, диод тескери токи IФ мәниси сонша үлкен болады.
3.3–сүўретте түрли жақтылық ағымы мәнислериндеги фотодиод ВАХсы келтирилген. Жақтылықтың кең нурланыў чегараларында фототок жақтылық ағымына дерлик сызықлы байланыслы болады.

3.3 – сүўрет.
Пропорционаллық коэффициенти бир неше мА/мм ди қурайды ҳәм фотодиод сезгирлиги деп аталады. Фотодиод түрли өлшеў қурылмаларында жақтылық ағымын қабыл етиў, ҳәмде оптик–талалы байланыс линияларында қолланылады.
Фотодиод режиминен тысқары фотодиодтың вентиль (фотовольтаик) режими кең қолланылады. Бул режимде фотодиод сыртқы кернеўлик дерегине жалғанбастан ислейди ҳәм қуяш энергиясын туўрыдан туўры электр сигналға айлантырыўға хызмет қылады. Диод вентиль режиминде нурландырылғанда оның шығыўларында вентиль кернеўлик жүзеге келеди. Фотодиод бул жағдайда қуяшлы айландырғыш деп аталады. Бир бири менен электр тәрепинен жалғанған айландырғыш ҳәм батареялар космик аппаратлар ҳәм жер үсти қурылмаларындағы РЭАларды тәмийинлеў ушын электр энергия дереги сыпатында қолланылыўы мүмкин.

Download 465.74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling