1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар
-tema: Maydanlı tranzistorlardıń dúzilisi (Na’zeriy)
Download 465.74 Kb.
|
elektronika lek
13-tema: Maydanlı tranzistorlardıń dúzilisi (Na’zeriy)
Майданлы транзистор (МТ) деп, ток күши мәнисин басқарыў yшын өткизүўши каналдағы электр өткизиўшеңликти өзгерттириў есабына электр майдан өзгериўи менен басқарылатуғын ярым өткизгишли актив әсбапқа айтылады. Майданлы транзисторлар түрли электр сигналлар ҳәм қуўатты күшейтиў ушынн арналған. Майданлы транзисторларда биполяр транзисторлардан өзгеше түрде ток пайда болыўынан тек бир түрдеги заряд тасыўшылар қатнасады: ямаса электронлар, ямаса коваклар. Соның ушын олар және униполяр транзисторлар деп ҳәм аталады. Майданлы транзисторлардың дүзилиси ҳәм канал өткезиўшеңлигине көре еки түри бар: р–n өтиў менен басқарылатуғын майданлы транзистор ҳәмде металл – диэлектрик – ярым өткизгишли (МДЯӨ) дүзилисиние ийе болған затвори изоляцияланған майданлы транзисторлар. лар МДЯӨ- транзисторлар деп ҳәм аталады. Р–n өтиў менен басқарылатуғын майданлы транзистор. 5.1 – сүўретте n–каналлы р–n өтиў менен басқарылатуғын майданлы транзистордың дүзилсиниң кесиндиси (а) ҳәм оның шәртли белгиси (б) келтирилген. а) б) n–түрдеги тараў канал деп аталады. Каналға заряд тасыўшылар киритилгенде контакт исток (И); заряд тасыўшылар шығып кететуғын контакт сток (С) деп аталады. Затвор (З) басқарыўшы электрод есапланады. Затвор ҳәм исток аралығына кернеўлик берилгенде пайда болатуғын электр майданы канал өткизиўшеңлиги, нәтийжесинде каналдан ағып өтип атырған токты өзгерттиреди. Затвор сыпатында каналға салыстырмалы өткизиўшеңлиги тескери түрдеги тараў қолланылады. Исши режимде ол тескери жалғанған болып канал менен р – n өтиў пайда етеди. Каналдың өткезиўшеңлиги оның қарсылығы менен анықланады , бул жерде - канал материалының салыстырма қарсылығы, l- узынлығы, S – каналдың көнделең кесим бети. Сыртқы кернеўлик пайда болмағанда канал узынлығы бойлап затвор астындағы каналдың көнделең кесим бети бирдей болады. Берилган полюста затвор ҳәм исток аралығына сыртқы кернеўлик берилсе UЗИ р–n өтиў тескери бағытта жылжыйды, канал тәрепке кеңейеди, нәтийжеде канал узынлығы бойлап каналдың көнделең кесим бети бир тегис тараяды. Канал қарсылығы артады, лекин шығыў токи IС = 0 болады, сонлықтан UСИ=0 (5.2 а - сүўрет). Егер исток ҳәм сток аралығына кернеўлик дерек жалғанса, ол жағдайда канал бойлап истоктан сток тәрепке электронлар дрейфи басланады, яғный канал арқалы сток токи IС ағып өте боаслайды. Кернеўлик дереги UСИ диң жалғаныў р–n өтиў кеңлигине ҳәм тәсир көрсетеди, сонлықтан өтиў кернеўлиги канал узынлығы бойлап түрлише болады. Канал потенциалы оның узынлығы бойлап өзгереди: исток потенциалы нолге тең болып, сток тәрепке артып барады, сток потенциалы болса UСИ ға тең болады. Р–n өтиўдеги тескери кернеўлик исток жақынында ға, сток жақын болса тең болады. Нәтийжеде өтиў кеңлиги сток тәрепке үлкенирек болып, канал кесими сток тәрепке кемейип барады (5.2. б -сүўрет). а) б) Солай етип, канал арқалы ағып өтип атырған токты UЗИ кернеўлик мәнисисн (канал кесимин өзгерттиреди) ҳәмде UСИ кернеўлик мәнисин (ток ҳәм канал узынлғы бойлап кесимди өзгерттиреди) басқарыў мүмкин. Исток тәрепинен канал кеңлиги берилген UЗИ мәниси менен, сток тәрепте болса UЗИ+ UСИ жыйынды мәниси менен анықланады. UСИ мәниси қанша үлкен болса, каналдың ықтырмалығы поналиги (клиновидность) ҳәм оның қарсылығы сонша үлкен болады. Каналдың көнделең кесими нольге тең болатуғын ўақытдағы затвор кернеўлиги жабық кернеўлиги (беркилиш кернеўлиги) UЗИ.БЕРК. деп аталадп. кернеўлик беркилиў кернеўлигине UЗИ.БЕРК ге тең болатуғын ўақыттағы сток кернеўлиги тойыныў кернеўлиги UСИ.ТЎЙ. деп аталады. Бул жерден (5.1) ўақтындағы транзистордың исши режими тегис өзгериў режими, ўақтындағы транзистордың исши режими болса тойыныў режими деп аталады. Тойыныў режиминде UСИ кернеўлик мәнисиниң артыўына қарамай IC токтың артыўы дерлик тоқтайды. Бул жағдай бир ўақыттың өзинде затвордағы UЗИ кернеўликтиң ҳәм артыўы менен түсиндириледи. Бул ўақытда канал тараяды ҳәм IC токтың кемейиўине алып келеди. Нәтийжеде IC дрейфи өзгермейди. Қандайда бир үш электродлы әсбап сыяқлы, майданлы транзисторларды үш түрли схемада жалғаў мүмкин: улыўма исток (УИ), улыўма сток (УС) ҳәм улыўма затвор (УЗ). УИ схема кең тарқалған схема есапланады. Download 465.74 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling