15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Ҳәмледарлық ҳәм босанғаннан кейинги дәўирлер бойынша напақа


Download 0.79 Mb.
bet11/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   198
Bog'liq
Miynet

Ҳәмледарлық ҳәм босанғаннан кейинги дәўирлер бойынша напақа. Ҳәмледарлық ҳәм босанғаннан кейинги дәўирлер дем алысы сыпатында ҳаялларға босаныўға шекем 70 календарь күн ҳәм босанғаннан кейин 56 календарь күн (босаныўы қыйын кешкен ямаса еки ҳәм оннан артық бала туўылған жағдайларда – 70 календарь күн) дем алыс бериледи. Бул напақаны тайынлаў ҳәм төлеў ушын белгиленген тәртипте мийнетке жарамсызлық бети тийкар болады ҳәмде көрсетилген барлық дәўир ушын төленеди. Жоқары, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим мекемелерин тамамлаған ҳәм белгиленген тәртипте жумысқа жиберилген ҳаялларға жумысты баслағанға шекем ҳәмледарлық ҳәм босаныўы бойынша берилген мийнетке жарамсызлық бети тийкарында напақа ҳаял жумысқа келиўи лазым болған күннен баслап бериледи. Жумысты ўақтыншалық тоқтатыў ямаса өндиристен ажыралмаған ҳалда оқыў орынларында оқыў қатнасы менен берилген қосымша дем алыс дәўиринде ҳәмледарлық ҳәм босаныўы бойынша дем алыс берилген ҳалда, напақа көрсетилген дәўир тамам болғаннан кейин ҳаял шығыўы лазым болған күннен баслап бериледи. Жумысшы жыллық дем алыста ҳәм баланы бағыў ушын дем алыста болған ўақытта ҳәмледарлық ҳәм босаныўы бойынша дем алыс берилгенде, напақа ҳәмледарлық ҳәм босаныў бойынша дем алыстың ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетинде көрсетилген барлық күнлери ушын бериледи. Баланы бағыў бойынша дем алыс дәўири ушын напақа тәрийп ставкасынан (лаўазым айлығынан) ҳәм дем алыс басланыўынан алдыңғы 12 ай даўамында алынған сыйлықлардың орташа айлық суммасынан есаплап шығарылады. Бунда ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети ашылған күнине болған тариф ставкасы орынларында белгиленген район коэффициенти ҳәм үстемелерди есапқа алған ҳалда алынады.
Ҳәмледарлық ҳәм босаныўы бойынша напақа, соннан, айырым жағдайларда, яғный мийнет шәртнамасы айрықша тийкарларға қарай бийкар етилгеннен кейин бир ай ишинде ўақтынша мийнетке жарамсызлық ямаса ҳәмледарлық ҳәм босаныў дем алысы басланған болса, напақа жасаў орнындағы район (қала) социаллық тәмийнат бөлими тәрепинен мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында бериледи.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling