15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- сүўрет. Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын дүзилген жумыс орынлары дүзилиси


Download 0.79 Mb.
bet130/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   198
Bog'liq
Miynet

7.4- сүўрет. Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын дүзилген жумыс орынлары дүзилиси


Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар көрсетилген топарларының характерли талапларына муўапық келиўши мийнет шараятларын тәмийинлеўши жумыс орны социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын дүзилген (ажыратылған ямаса бәнт етип қойылған) жумыс орынлары есапланады (7.4-сүўрет).
Нызамшылыққа қарай, социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын дүзилген ямаса ажыратылған мийнет орынларына жайластырыў жумыс бериўши тәрепинен район (қала) Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайының жолламасы бойынша ямаса ғәрезсиз түрде әмелге асырылады.


Қысқаша жуўмақ
Жумыс пенен бәнтлик - пуқаралардың нызам ҳүжжетлерине қарсы келмейтуғын жеке ҳәм социаллық мүтәжликлерди қанаатландырыў менен байланыслы, оларға мийнет ҳақы ямаса мийнет дәраматы келтирилетуғын ҳәрекети болып табылады.
Толық жумыс пенен тәмийинлеў - бул кәсипке (қәнигелиги) тийисли мийнет пенен тәмийинлениўи болып, ол шахсқа дәрамат келтиреди ҳәм өзи ҳәмде шаңарағының мүнәсип турмыс кешириўине шараят жаратады.
Халықтың жумыс пенен ақылға муўапық тәмийинлениўи жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы базар теңсалмақлығына ерисиўди билдиреди. Бундай ҳалда жумыссызлықтың жол қойылыўы мүмкин (тәбийий) дәрежеси жүзеге келеди.
Еркин таңланған жумыс пенен тәмийинлеў соны көзде тутады, бунда өзиниң мийнет етиўге болған қәбилетине (жумыс күшине) ийелик етиў ҳуқықы тек ғана оның ийесине, яғный хызметкердиң өзине тийисли. Бул принцип ҳәр бир хызметкердиң жумыс таңлаўында туўры жол тутыўын, ҳәр қандай административлик тәризде жумысқа тартыўды қадаған етиўди кепиллейди.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге мәмлекеттиң тәсир көрсетиў түрлери: актив тәсир көрсетиў - мийнет усынысын хошаметлеў, мийнетке болған талапты хошаметлеў, талап ҳәм усынысты муўапықластырыў илажлары (мағлыўмат, мәсләҳәт хызметин көрсетиў, кәсиплик тараўда мәсләҳәтлер бериў, халықтың кем бәсекиге шыдамлы топарлары ушын бәнтлик дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм басқалар), регионларға жәрдем көрсетиў илажлары ҳәм усы сыяқлылар; актив емес тәсир көрсетиў - жумыс пенен бәнт болмаған халыққа социаллық жәрдем көрсетиў.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling