15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Әпиўайы ҳәм қурамалы мийнет
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2. Репродуктивлик ҳәм дөретиўшилик мийнет.
- 3. Функционаллық ҳәм профессионаллық мийнет.
1. Әпиўайы ҳәм қурамалы мийнет. Әпиўайы мийнет раўажланыў дәрежеси менен ажыралып турмайды, ҳәр қандай адамның организми орта есапта ийе болған жумысшы күшиниң жумсалыўы менен белгиленеди. Бул хызметкерден арнаўлы кәсиплик таярлық талап етпейтуғын, маманлықсыз мийнет есапланады. Дәреже алған ямаса көбейтирилген мийнет ғана қурамалы мийнет есапланады. Қурамалы мийнет бир саатта, әпиўайы мийнеттиң бир неше саатты жәмлеўши мийнет бирлиги менен белгиленеди. Усы себепли де маманлы хызметкерлер ўақыт бирлиги даўамында маманлығы жоқ хызметкерлерге қарағанда көп өним ҳәм қун жаратады.
2. Репродуктивлик ҳәм дөретиўшилик мийнет. Репродуктивлик мийнет – қайталанылған, алдыннан белгили болған, дөретиўшилик тәреплери болмаған мийнет. Дөретиўшилик мийнет болса қуралыўшы мийнет болып, онда инсан сапа жағынан жаңа, қайталанбаған, өзине сай, басқаша зат жаратады. Дөретиўшилик мийнеттиң нәтийжелери инсанның қәбилети, жумысқа берилгенлиги, оның әҳмийетлилиги, шәрт-шараятларыныа ҳәм басқаларға байланыслы болады. 3. Функционаллық ҳәм профессионаллық мийнет. Функционаллық белги бойынша мийнет қандай мақсетке қаратылғанлығына, жумсалыў тараўына ҳәм хожалық хызметиниң экономикалық дәўириндеги функционаллық ролине қарай түрлерге бөлинеди. Мәселен, илимий хызметкердиң мийнети төмендегише сүўретлениўи мүмкин: ақылый, дөретиўшилик, қурамалы, жоқары маманлы, индивидуал, илимий, инновацион, техника менен қуралланған, жоқары технологиялық, әҳмийетли, орташа аўырлықтағы, ғәрезсиз, регламентсиз мийнет. Жумысшылер бригадасының мийнети көпшилик жағдайларда физикалық, дөретиўшилик, орташа қурамалы, маманлы, коллективлик, өндирис пенен байланыслы, қурыўшылық, техника менен қуралланған, орташа технологиялық, ҳәрекетшең, орташа аўырлықтағы, көркемлик, жалланба, регламентленген болады. Ҳәр бир хызметкерге ҳәм коллективке сәйкес түрде мийнетти ҳәр тәреплеме сүўретлеў усы мийнет кәрхана ямаса шахстың социаллық ҳәм экономикалық ўазыйпаларын шешиўде мийнет етиўдиң мақсетлеринен келип шығатуғын талапларға сәйкес келиўи-келмеўин баҳалаў ушын зәрүр тийкар болып хызмет етиўи керек. Ҳәр бир кәрхананың өндиристеги орнына қарай ҳәм орынлайтуғын функцияларына муўапық түрде хызметкерлер топарлары дүзиледи. Ҳәр бир функция кәрхананың нормада ислеўи ушын зәрүр болған хызметтиң тәреплери менен байланыслы болады. Ҳәр бир функционаллық топар шешетуғын ўазыйпалар ушын өзине сәйкес ўазыйпалар болады. Бундай тәртипте шөлкемлестирилген мийнетти функционаллық мийнет деп атаў мүмкин. Функционаллық мийнет орынланатуғын хызметкерлериниң дүзилиси өз өзгешеликлери менен бир-биринен ажыралатуғын мийнет есапланады (мәселен, өндиристе, басқарыў мийнети, илимий мийнет ҳәм басқа). Ҳәр бир топардың жумысында мийнет айрықша кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша ажыралады. Буған инженер-технолог, инженер-конструктор, инженер-шөлкемлестириўши, инженер-нормаластырыўшы кәсиплериниң ажыралыўы мысал бола алады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling