15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-тема. МИЙНЕТ ҲАҚЫ ТƟЛЕЎ СИСТЕМАСЫ


Download 0.79 Mb.
bet52/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   198
Bog'liq
Miynet





14-тема. МИЙНЕТ ҲАҚЫ ТƟЛЕЎ СИСТЕМАСЫ


14.1. Мийнетке ҳақы төлеў системалары түсиниги ҳәм олардың бөлиниўи
Мийнетке ҳақы төлеў формалары ҳәм системалары дегенде, жумысшыниң мийнет қәрежетлери ҳәм нәтийжелерин оған тийетуғын мийнет ҳақы муғдары менен салыстырыўдың шөлкемлестириўшилик-экономикалық механизмлери түсиниледи. Мийнетке ҳақы төлеў формалары белгили бир ўақыт даўамында жумысшыниң мийнет ҳақы оның мийнетинен алынған нәтийжелерге байланыслылығын анықлаў усыллары сыпатында, мийнетке ҳақы төлеў системасы болса усы байланыслықты әмелге асырыў технологиясы сыпатында белгиленеди.
Мүлк формаларының ҳәр қыйлылығына ҳәмде жумыс бериўшилер (исбилерменлер) тәрепинен жумысшылерди жаллаў қатнасықларына тийкарланған экономикалық формацияларда мийнет ҳақыны шөлкемлестириў жумысшылер менен жумыс бериўшилер ортасындағы қатнасықлардың еки тийкарғы дәрежеси болыўын талап етеди (14.6-сүўрет).



Ис ҳақыны шөлкемлестириўде исшилер менен жумыс бериўшилер ортасындағы қатнасықлардың тийкарғы дәрежелери

14.6- сүўрет. Мийнет ҳақыны шөлкемлестириўде жумысшылер менен жумыс бериўшилер ортасындағы қатнасықлардың тийкарғы дәрежелери


Биринши дәреже - олардың мийнет базарындағы өз-ара қатнасығынан ибарат болып, бул базарда жумысшы күшиниң баҳасы анықланады. Жоқарыда көрсетип өтилгениндей, жумысшы күшиниң баҳасы ҳаққында жумыс бериўшилер менен жумысшылер ҳәзирги шараятта я өз ўәкиллери арқалы түрли дәрежелердеги жәмәәтлик сәўбетлесиўлер жолы менен ямаса тиккелей, ўәкиллерсиз, жеке тәртипте (индивидуал) шәртнама дүзиў тийкарында келисип алады.
Екинши дәреже - кәрхана ишинде жумысшылер менен жумыс бериўшилер ортасындағы өз-ара қатнасықлардан ибарат.
Жумысшылер қәбилетиниң жүзеге шығыўы, олардың мийнети болса нәтийжели болыўы, яғный жумыс бериўши менен жумысшы өзлери үмит еткен нәрсени алыўы ушын олардың кәрханадағы жумысы белгили бир тәризде шөлкемлестирилиўи, жумысшы күшиниң баҳасы менен жумысшы хызметиниң нәтийжелилигин билдириўши көрсеткишлер ортасында өз-ара байланыс орнатылыўы керек. Мине усы өз-ара байланыс кәрханада мийнет ҳақыны шөлкемлестириў предмети болады. Кәрхана ҳәрекетиниң техникалық, технологиялық, шөлкемлестириўшилик ҳәм экономикалық шараятларға қарай, жумысшылер мийнетиниң интенсивлигине қойылатуғын социаллық ҳәм физиологиялық талапларды есапқа алған ҳалда жумысшы ҳәрекетиниң конкрет сан ҳәм сапа көрсеткишлерин белгилейтуғын мийнет ҳәрекети нормалары (мийнет мәжбүриятлары) ҳәр бир жумысшыге ескертилиўи керек.
Сондай-ақ, ҳәр бир жумысшы ушын оның мийнетине берилген баҳа ҳәм мийнет нормаларын орынлаў дәрежеси менен жумысшы мийнетине ҳақы төлеў дәрежеси ортасында санлы өз-ара байланыс белгилениўи керек. Басқаша етип айтқанда, мийнет нормасының санлы өлшеми ҳәр қайсы жумысшы күшиниң баҳасына қарай пулда баҳаланыўы керек. Буннан тысқары, жумысшы менен жумыс бериўши белгиленген мийнет нормаларынан артықша мийнетке ҳақы төлеў ҳаққында да өз-ара келисип алыўы керек. Бул мәселелер, қағыйда ретинде, кәрхананың ишки мийнет базары әмел ететуғын тараўды да белгилеп береди. Бундай өз-ара байланыстың түрли вариантлары мийнет ҳақы системасын сәўлелендиреди. Солай етип, мийнетке ҳақы төлеў системасы дегенде, мийнет нормасы көлеминде оған ҳақы төлеў нормасын билдиретуғын көрсеткишлер ортасындағы өз-ара байланыслар түсиниледи. Мийнетке ҳақы төлеў системасы жумысшыниң әмелде ерисилген мийнет нәтийжелерине ҳәмде жумысшы менен жумыс бериўши ортасында келисилген жумысшы күшиниң баҳасына муўапық мийнет ҳақы алыўын кепиллейди.
Мийнет ҳақы системаларының ҳәммесин мийнет нәтийжелерин анықлаў ушын қандай тийкарғы көрсеткиштен пайдаланыўына қарай еки үлкен топарға бөлиў қабыл етилген. Бул топарлар мийнет ҳақы формалары деп аталады. Егер мийнет нәтийжелериниң тийкарғы өлшеми сыпатында таярланған өним муғдарынан пайдаланылса, буны мийнет ҳақының жумыспай формасы делинеди; егер усындай өлшем сыпатында ислеген жумыс ўақтының муғдарынан пайдаланылса, онда ол ўақытпай мийнет ҳақы болып есапланады. Мийнет ҳақының формасы – жумысшыге ҳақы төлеў мақсетинде оның орынлаған жумысын баҳалаў ўақтында мийнет нәтийжелерин есапқа алыўдың тийкарғы көрсеткиши бойынша топарларға ажыратылған ҳақы төлеў системаларының топары болып табылады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң формасын таңлаў, әдетте, өндирис технологиясы ҳәм оны шөлкемлестириў өзгешеликлерине, өним сапасын тәмийинлеў, мийнетти шөлкемлестириў формалары ҳәм жумыс күши менен тәмийинлеўге байланыслы болады. Бирақ бул барлық факторлар мийнетке ҳақы төлеў формаларын техникалық шәрт-шараятлар, оларды енгизиў тараўларын шеклеў мүмкиншиликлери көз-қарасынан белгиленеди. Мийнетке жумыспай ҳақы төлеў формасынан пайдаланыў мүмкиншилиги жоқ болғанда ўақытпай ҳақы төлеў формасы енгизиледи. Ҳақыйқатта мийнетке ҳақы төлеўдиң ҳәр еки формасын шегаралаўдың тийкарғы белгиси мийнет өнимдарлығын санлы өлшеў мүмкиншилиги болып, ол тәбийий формадағы өним көлеминиң жумыс ўақты жумсалыўына қатнасы сыпатында белгиленеди. Жумыспай ҳақы төлеў тийкарында усындай мүмкиншиликлер бар болып, ўақытпай ҳақы төлеўде ең жақсы дегенде, нәтийжелер ҳәм қәрежетлердиң қун өлшемлери есапланған мийнет нәтийжелилигине баҳа бериў ҳаққында ғана гәп барыўы мүмкин.
Ҳәзирги шараятта мийнетти тариф бойынша нормалаў көбинесе бир кәрхана шеңберинен келип шықпақта ҳәм көплеген кәрханалардың биргеликтеги күш-ғайратлары менен әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасында кәрханалардың көпшилигинде тариф бойынша нормалаў системасынан пайдаланылады. Ол алдыңғы экономикалық система дәўиринде жүзеге келген еди. Шөлкемлестириўшилик-техникалық нормалаўды ҳәр қайсы кәрхана ғәрезсиз тәмийинлейди, бирақ оның методологиясы барлық тәрептен қабыл етилген болыўы керек, кери жағдайда бирдей мийнетке бирдей ҳақы төлеў принципи тәмийинленбейди.
Мийнетке жумыспай ҳәмде ўақытпай ҳақы төлеў системаларында тийкарғы мийнет нормасы менен бир қатарда көбинесе бир ямаса бир неше қосымша мийнет нормаларынан пайдаланылады. Бул мийнет нормаларын толық ҳәм асырып орынлағаны ушын ағымдағы премиялар жазылады. Өзиниң экономикалық мазмунына қарай бундай премиялар тийкарғы мийнет нормасына қосымша тәризде белгиленген ҳақы төлеў нормаларынан ибарат болады. Ағымдағы нәтийжелер ушын төленетуғын премия тариф бойынша ҳақы төлеўди даўам еттиреди, оны толтырады, сыйлықлаў көрсеткишлери ҳәм шәртлери болса тийкарғы мийнет нормасын толтырады.
Жумысшыниң материаллық мәпдарлығына тәсир көрсетиў көз-қарасынан қарағанда, ҳақы төлеў системалары әпиўайы ҳәм қурамалы болыўы мүмкин. Әпиўайы ҳақы төлеў системалары жумысшыге ҳақы төлеўди тек жумысшы мийнети нәтийжелерин есапқа алыўдың тийкарғы көрсеткиши менен ғана байланысады: жумыспай системалар – тек таярланған өним көлеми менен, ўақытпай системалар – ислеген ўақыт муғдары менен байланыстырады.
Қурамалы системалар мийнетке ҳақы төлеўди бир неше көрсеткишлерге байланыслы етип қояды. Олар тийкарғы ҳәм қосымша көрсеткишлер болып табылады. Қосымша көрсеткишлер саны жумысшылердиң мийнет өнимдарлығын асырыў барысында бар резервлерден пайдаланыўға тәсир көрсетиў мүмкиншиликлерине байланыслы. Бунда ислеп шығарыў нәтийжелилигин асырыўдың объектив шәрт-шараятлары менен бир қатарда жумысшылердиң субъектив пазыйлетлери де есапқа алыныўы мүмкин.
Кәрханаларда ҳақы төлеў системаларын ислеп шығыў ўақтында бир ўақыттың өзинде еки ўазыйпаны шешиўге туўры келеди. Бириншиден, ҳәр қайсы система жумысшыниң күш-ғайратларын жумыс бериўши (исбилермен, кәрхана мүлкдары) зәрүр өндирис нәтийжесине: аз қаржы жумсап керекли муғдарда бәсекиге шыдамлы өним шығарыўға ерисиўди тәмийинлейтуғын мийнет ҳәрекетиниң көрсеткишлерин қолға киритиўге бағдарлаўы керек. Екиншиден, бунда жумысшыге оның ақылый ҳәм физикалық қәбилетлерин максимал дәрежеде сәўлелениў мүмкиншилиги берилиўи керек. Мине усы айтылғанлардың барлығы ҳақы төлеў системаларын хошаметлеўши, кепиллеўши ҳәм мәжбүр етиўши системаларға бөлиў ушын негиз жаратады.
Конкрет өндирис шараятларында жоқарыда көрсетилген еки ўазыйпаны: жумыс бериўшиге зәрүр болған мийнет ҳәрекети көрсеткишлерине ерисиў ҳәмде жумысшы мийнет ҳәрекети процесинде жеке мәпдарлық тийкарында өзин көрсетиўи ушын оған шараят жаратып бериў ўазыйпаларын оптимал шешиўди тәмийинлейтуғын ҳақы төлеў системасын хошаметлеўши система деп есаплаў керек. Ҳақы төлеўдиң мәжбүрий системаларын енгизиўди көбинесе жумыс бериўшиниң жумысшы күшин авторитар усылда басқарыўға ийкемлиги емес, бәлким технология процессиниң талаплары ямаса кәрхана өнимин сатыў базарындағы жүдә қатаң түрдеги бәсеки талап етеди. Мәжбүрлеўши системалар мийнеттиң жумсалыўы нормаларында есапқа алынатуғын мийнеттиң бир қанша жоқары темпи менен ҳәмде мийнет нормаларын орынлағанлық ҳәм асырып орынлағанлық ушын бир қанша жоқары ҳақы төлениўи менен ажыралып турады.
Ҳақы төлеўдиң кепиллеўши системаларының әҳмийетли тәреплери мийнет ҳәрекетин баҳалаў ушын белгиленетуғын көрсеткишлердиң конкрет емеслигинен ямаса санлы анық емеслигинен, мийнеттиң жумсалыў нормаларының пәсейтирилгенлигинен, көрсеткишлерди есапқа алыў бос шөлкемлестирилгенлигинен, жумысшы бир қанша жағдайларда өзи ушын белгилеп қойылған ҳәрекет көрсеткишлерине тәсир көрсете алмаўынан ибарат.
Хошаметлеўши ҳақы төлеў сөзиниң тап мәниси, улыўма ҳақы төлеў системасының жумысшыниң тийкарғы мийнет нормасында көзде тутылған өз мәжбүриятлары шеңберин кеңейтиретуғын ямаса олардан асып кететуғын көрсеткишлерге ерисиўге шақырыўшы бөлими. Мине усы мәнисте түсинилген хошаметлеўши ҳақы төлеў барлық ўақытта қосымша ҳақы болады.
Мийнет ҳақының тийкарғы (тариф) ҳәм қосымша (хошаметлеўши) бөлимлерге бөлиў анық түрде олардың өз-ара қатнасы мәселесин ортаға қояды. Мийнет ҳақының бул структуралық бөлимлери атының логикасы тийкарғы мийнет ҳақы өз атын ақлаўы ушын аз дегенде 50 проценттен артығын, хошаметлеўши бөлими болса тийисли темпте 50 проценттен азырағын шөлкемлестириў кереклигин көрсетеди.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling