15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet103/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   99   100   101   102   103   104   105   106   ...   198
Bog'liq
Miynet

Қысқаша жуўмақ
Мийнет өнимдарлығы - хызметкерлер мийнет ҳәрекетиниң экономикалық нәтийжелилиги көрсеткиши.
Мийнет нәтийжелилиги - ең аз мийнет қәрежетлери менен жоқары мийнет нәтийжелигине ерисиў дәрежесин анықлайды.
Мийнет жеделлиги (интенсивлиги) – бул, жанлы мийнеттиң әҳмийетлиги ямаса қурамалылығы дәрежеси болып, жумыс ўақты бирлиги ишинде инсан нерв ҳәм мускул қуўатының жумсалыўы менен өлшенеди.
Әмелиятта мийнет өнимдарлығы дәрежесин анықлаўдың төмендеги: натурал, мийнет, қун усылларынан пайдаланылады.
Факторлар деп, мийнет өнимдарлығының өзгериўине тәсир көрсететуғын ҳәрекетлендириўши күшлер ямаса себеплерге айтылады.
Барлық факторларды өз ишки мазмуны ҳәм әҳмийетине қарай, үш топарға бөлиў мүмкин: материаллық-техника, шөлкемлестириўшилик ҳәм социаллық-экономикалық.
Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлери – техника ҳәм технологияны жетилистириў, өндирис, мийнет ҳәм басқарыўды шөлкемлестириўди жақсылаў есабына мийнет өнимдарлығын асырыўдың барлық факторларынан жәнеде толық пайдаланыў мүмкиншилиги.
Резервлерди анықлаў ҳәм пайдаланыўына қарай: экономика, тармақ ҳәм ишки өндирис резервлерине бөлинеди.


Қадағалаў ҳәм додалаў ушын сораўлар

  1. Мийнет өнимдарлығы деген не?

  2. Мийнет өнимдарлығы ҳәм мийнет жеделлиги ортасында қандай байланыслылық бар?

  3. Мийнет өнимдарлығын есаплаў методикасы қандай әҳмийетке ийе?

  4. Мийнет өнимдарлығын анықлаў усылларын айтып бериң?

  5. Мийнет өнимдарлығын анықлаў усылларының абзаллықлары, кемшиликлери, қолланыў тараўларын түсиндирип бериң.

  6. Мийнет өнимдарлығын асырыўдың қандай материаллық-техникалық факторларын ҳәм олар тәсир көрсетиўди есаплаўдың қандай усылларын билесиз?

  7. Мийнет өнимдарлығына қандай социаллық-экономикалық факторлар тәсир көрсетеди?

  8. Мийнет өнимдарлығын асырыўдың шөлкемлестириўшилик факторларына нелер киреди?

  9. Мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары ортасында қандай байланыслылық бар?

  10. Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлери классификациясын айтың ҳәм түсиндирип бериң?

Әдебиятлар

  1. Q.X.Abdurahmonov, N.T.Shoyusupova. Mehnat iqtisodiyoti: ijtimoiy mehnat munosabatlari: Darslik. - T.: TDIU, 2011

  2. Экономика труда: Учебное пособие / ред. K.Х.Абдурахманов, Ю.Г.Одегова. - T.: ТФРЕУ, 2011. - 448 с. 300 экз.

  3. A.B.Xayitov, G.A.Adilova, N.О.Arabov. Xorijda ish haqini tashkil etish. O’quv qo’llanma.-T.:TDIU,2011.- 408 bet

  4. Экономика труда: Учебник/ Под ред. ЮП.Кокина и П.E.Шлендера. - 2-е изд., перераб.и.доп. - M.: МАГИСТР, 2020. - 686 с.

  5. Аbdurаhmоnоv Q.Х. Mehnat iqtisodiyoti. Dаrslik. – T. : Mehnat, 2019. -763 bеt.

  6. Бухалков M.И. Организация производства на предприятиях машиностроения. Учебник. – M.: ИНФРА-M, 2020. – 511 с.

  7. Ю.Г.Одегов, Г.Г.Руденко. Экономика труда. Учебник.-M.Вольтерс Клувер,2020. – 800 с.

  8. Экономика труда. Учебное пособие. Под ред. Абдурахманова K.Х.,Одегова Ю.Г.-T. 2020. - 459 с.

  9. Ростов Ю.И. Экономика организации (предприятии) в схемах. Учебное пособие – M.: Эксмо, 2019. – 240 с.




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   99   100   101   102   103   104   105   106   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling