15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары


Download 0.79 Mb.
bet99/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   95   96   97   98   99   100   101   102   ...   198
Bog'liq
Miynet

10.4. Мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары
Мийнет өнимдарлығы – раўажланып барыўшы көрсеткиш болып табылады. Ол көлеген себеплер ҳәм факторлар тәсиринде турақлы түрде өзгерип турады. Олардан бир түри мийнет өнимдарлығының асыўына жәрдем берсе, басқалары оны пәсейтириўге себеп болыўы мүмкин. Буннан тысқары, мийнет өнимдарлығы дәрежеси ҳәм өсиўине мийнет процесинде кешетуғын шәрт-шараятлар да тәсир көрсетеди. Шәрт-шараятлар қанша қолайлы болса, ол ямаса бул фактордың тәсир етиўин күшейтиреди ямаса қолайсыз болса, бул тәсирди ҳәлсизлендиреди. Мәселен, тәбийий-климат шараятлары аўыл хожалығындағы мийнет нәтийжелерине ҳәм оның өнимдарлығына қатаң түрде тәсир көрсетеди. Өндирис қуралларыниң мүлкшилик формалары менен байланыслы болған социаллық сондай-ақ, өндирис қатнасықлары менен байланыслы болған шәрт-шараятлар басқа тең шараятларда да мийнет өнимдарлығына әҳмийетли түрде тәсир көрсетиўи мүмкин.
Мийнет өнимдарлығы дәрежеси ҳәм оның динамикасына көплеген факторлар тәсир етеди. Факторлар деп, мийнет өнимдарлығының өзгериўине тәсир көрсететуғын ҳәрекетлендириўши күшлер ямаса себеплерге айтылады. Факторлардың биринши топарына - мийнет қуралларының нәтийжесиниң артыўы, мийнет ҳәм өндиристи шөлкемлестириў, хызметкерлер социаллық топарлары шараятының жақсыланыўы менен байланыслы болған барлық илажлар киреди; екинши топарға болса - тәбийий шараятларды қолайсыз тәсир көрсетиўи, өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги кемшиликлер, социаллық шараяттағы унамсыз элементлердиң тәсир көрсетиўи киреди.
Айырым кәрхана ямаса шөлкем дәрежесиндеги факторларды қарап шыққанда, олардың барлығын ишки ҳәм сыртқы факторларға бөлиў мүмкин.
Ишки факторларға кәрхананың техника менен қуралланыў дәрежеси, қолланылып атырған технологияның нәтийжелилиги, мийнет ҳәм өндиристиң энергия менен тәмийинлениў дәрежеси, енгизилип атырған хошаметлеў системаларының тәсиршеңлиги, кадрларды таярлаў ҳәм маманлығын асырыў, кадрлар дүзилисиниң жақсыланыўы сыяқлы кәрхананы басшыларына байланыслы болған барлық жағдайлар киреди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   95   96   97   98   99   100   101   102   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling