МағЛЫЎмат № Ис илажлар атамасы


Download 14.26 Kb.
Sana13.04.2023
Hajmi14.26 Kb.
#1349592
Bog'liq
Шымбай районы Мәденият ҳәм туризм бөлиминиң Ҳәўескер дөгерек жумысларын шөлкемлестириў бойынша қанийгесиниң 2023


Шымбай районы Мәденият ҳәм туризм бөлиминиң Ҳәўескер дөгерек жумысларын шөлкемлестириў бойынша қанийгесиниң 2023-жыл 3 ай даўамында әмелге асырылатуғын жумыслары бойынша ис режесиниң орынланыўы ҳаққында
МАҒЛЫЎМАТ



Ис илажлар атамасы

Орынланыў мүддети

Орынланыўы бойынша мағлыўмат

1

Мәденият бөлиминдеги дөгереклерге жасларды тартыў

Январь



2023-жылдың 11-январь күни Шымбай районлық №36 санлы мектепке барып, бул жерде үгит насиятлаў жумыслары бойынша қанийге З.Ещимбетова менен биргеликте жумыс алып барған ҳалда мектеп классларына кирип, өзимиздиң районымыздағы Мәденият ҳәм туризм бөлиминдеги Ҳәўескер дөгереклерге қызығыўшы жасларды өз қызығыўшылығы бойынша дөгереклерге қабылланды.

2

14-январь Ўатан қорғаўшылар күни байрам кешесине дөгерек қатнасыўшыларды тартыў

Январь

2023-жыл 13-январь Ўатан қорғаўшылары күни ҳүрметине бағышланған байрам кешеси №8 санлы балалар музыка мектебиниң залында өткерилди. Бул салтанатлы байрам кешесинде жийналған кеше қатнасыўшыларды район ҳәкими А.Тажетдинов сөзге шығып жийналған мийманларды байрам менен қутлықлады. Буннан соң районның әскерий қорғаныў бөлиминиң баслығы сөзге шығып әскерий қорғаныў бөлиминде алып барылып атырған жумыслар бойынша айтып өтти. Кеше соңында районлық мәденият ҳәм туризм бөлиминиң байрам кешесине арналған рең бе рең байрам концерт тамашалары менен жуўмақланды.

3

Дөгереклердиң сабақ кестеси бойынша өз ўақтында өтилип барыўын бақлап барыў

Февраль



2023-жылдың 8-февраль күни Шымбай районлық мәденият ҳәм туризм бөлиминдеги қызықшылық ҳәм лапгойшилик дөгереги басшысы А.Бийсенров қзиниң ис режеси бойынша оқыўшыларын сабақ қтип атырғанлығы көзден өткерилди.

4

Дөгерек қатнасыўшылары менен сәўбетлесиў

Февраль



2023-жыл 10-февраль күни Шымбай районлық мәденият ҳәм туризм бөлимине қараслы саламатлық ҳәм спорт дөгерегиниң басшысы Нысанбаева Замираның оқыўшылары менен сәўбетлесиў жумысын алып бардым. Сәўбетлесиў даўамынла оқыўшылардың өз қызығыўшылықлары бойынша пикир алыстым.

5

Қуўыршақ дөгерегиниң сабақ өтиў барысын көзден өткериў

Февраль






6

8-март Ҳаял қызлар байрамы кешесине дөгереклерден сараланған жасларды концертке қатнастырыў

Март

2023-жыл 7-март күни Шымбай районлық Азиза кафесинде 8-март халық аралық Ҳаял қызлар байрамына арналған байрам кешеси болып өтти. Кешеге район ҳаял қызларын Қарақалпақстан Республикасының Жоқары кеңесиниң баслығының орынбасары қызғын қутлықлады. Буннан соң, районның хәким орынбасары Р.Жуманазаров байрам қатнасыўшыларын қутлықлады. Кеше соңында Шымбай районлық Мәденият ҳәм туризм бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен тачрлап келинген концерт бағдарламасы жийналғанлардың нәзерине усынылды.

7

21-март Наўрыз байрамына арналған байрам кешесине дөгерек қатнасыўшылары арасында таярлық жумысларын алып барып концертке қатнасыў

Март

2023-жыл 17-март күни Шымбай районлық амфитеатрының ашылыў мәресими ҳәм Наўрыз бәҳәр байрамы болып өтти. Бул байрам кешесинде Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов жийналғанларды қызғын қутлықлап өтти. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген Мәденият хызметерлери ҳәм Шымбай районлық мәденият ҳәм туризм бөлиминиң хызметкердери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жийналғанлардың назерыне усынылды.

Download 14.26 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling