Мектеп касиплик аукамы шолкеминин


Download 27.63 Kb.
Sana09.06.2023
Hajmi27.63 Kb.
#1470799
Bog'liq
2023.23.02. Профком доклады ТАЙЫН ж


Шоманай районы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектеби жәмәәтлик шәртнамасының 2022-жыда орынланыўы бойынша касиплик аукам комитети баслығы Р.Жанназаровтың

ЕСАБАТЫ.

Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде 2022-2024-жылларға мөлшерлеп 13-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектеби менен кәсиплик аўқам комитети арасында дузилген жәмәәтлик шәртнама талапларынын орынланыўы бойынша өткен 2022-жылда еки тәреплеме бир қанша жумыслар алып барылды.


Сонан атап айтатуғын болсак,
-музыка мектебимиздеги хызметкерлер арасында мийнет мунәсибетлери мийнет хаққындағы нызамлар ҳәм басқа норматив хүжжетлер қағыйдаларына муўапық жазба түрде дүзилген мийнет шәртнамасы менен тәртипке салынып келинди. Өзлериниң кәнигеликлерине, маманлығына ҳәм мийнет шәртнамасына муўапык ислеўши хызметкерлер толық жумыс пенен тәмийинленди.
Мийнет ҳақы төлеў муддетлери айдын 16-сәнесинде аванс, екинши айдын 5-сәнесинде расчёт есабында, жәмәәтлик шәртнамада белгиленген пайызларда пластик карталары менен есапласып барылды. Хызметкерлер тәрепинен мийнет уазыйпаларының орынланыўы мийнет шәртнамалары, лауазым көрсеткишлери, кәрхана ишки мийнет тәртиби қағыйдаларына муўапық алып барылды.
Материаллық жәрдем ҳәм хошаметлеўлер кәсиплик аўқам комитетинин усынысы менен берилип келинди. Мийнетти қорғаў бойынша бөлимин таярлаў процессинде барлық жумыс орынларында мийнет шараятлары бойынша экспертизадан өткерилип барлық орынларда санитариялық-техникалық аўҳалы бойынша паспортлары толтырылды.
Жыл даўамында шәртнама талапларының орынланыўы тексерилип 1 мәрте мәжилисте қаралып барылды.
Улыўма халықлық байрамлар ҳәм Республика көлеминде белгиленген ҳәр қыйлы санелерге байланыслы кешелер ислеўшилер қатнасында өткерилди. Мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў бойынша хызметкерлер ҳәм жаслар арасында атақлы адебият тараўы хызметкерлери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Кәрханадағы хызметкерлер арасында мийнет мунасибетлери мийнет хаққындағы нызамлар ҳәм басқа норматив хужжетлер қағыйдаларына муўапық жазба турде дузилген мийнет шәртнамасы менен тартипке салынып келинди.
Ислеўшилер арасында келиспеўшиликлер, наразылықлар, ең баслысы хызметкерлер ден саўлығына зыян тийгизетуғын жағдайлар болмады.
Шөлкемдеги ҳәр бир ағзаның социаллық мәплери қорғап келинди, олардың мийнет ис-ҳақылары өз уақтында төленди, мийнет қаўипсзлиги тәмийинленди, руўхый саламатлығы тикленди, олардың мийнетлери адил баҳаланды.
Бурын ислеп, хазирги уакытта хурметли дем алыста отырган хызметкерлердиң ҳал-жағдайларынан хабар алынды.
Хызметкерлердин мийнетлери баҳаланып кәрхана есабынан материаллық жәрдемлер, хошаметлеўлер берилди. Кәсиплик аўқам комитетине кем тәмийинленген ҳәм ҳәр қыйлы жағдайларға ушыраған хызметкерлерге өзлериниң арзасына ҳәм тийисли баянламаларға тийкарланып материаллық жәрдемлер берилди.
Мектебимиздиң 2022-2024 жылларға мөлшерленип дузилген жәмәәтлик шәртнама талапларының 2022 жылы орынланыўы бойынша тексериў жумыслары алып барылды. Шәртнамада жәми 16 болим 178 бәнт белгиленген болып, соннан 106 бәнтлер төмендегише орынланды.
Жумыс бериўши менен ислеўшилер арасында мийнетке байланыслы социаллық-экономикалық ҳәм кәсипке байланыслы мунасибетлерди тәртипке салыўшы жергиликли хуқықый-норматив хужжет уазыйпасы толық басшылыққа алынды. Кәсиплик аўқам комитети күтилиўи мумкин болған өзгерислер, мийнет ҳақы, мийнет шараятлары бойынша орынланыўы тийис болған илажлар ҳаққында хабардар етип турды. Жумыс зәрүрлиги менен ямаса бийкар етилиўи мунасибети менен жумыс бериўшиниң басламасы бойынша ислеўшиниң оның разылығысыз ўақытша басқа жумысқа өткериўге жол қойылмады.
Кәрханада жумыс хаптесиниң жумыс уақтынан асып кетпеген ҳалда 6 кунлик жумыс куни белгиленди.
2022 жыл даўамында 19 хызметкерге 23711,351 мын сум муғдарында материаллық жақтан жәрдем берилди.
Жаңа жыл байрамы мунасибети менен мектеп хызметкерлерине 20 подарка жәми 900 000,0 мың сумлық байрам саўғалары кәсиплик аўқам комитети тәрепинен берилди.



Кәсиплик аўқам комитети менен келискен ҳалда тийисли қағыйдаға муўапық жыл жуўмақлары бойынша 44089,150 миллон сум хошеметлеў пуллары төленди.
Ислеўшинин разылығы менен мийнетине ис-ҳақы оның пластик карточкасына өткерилип турылды. Жумыс бериуши мийнетке ис-ҳақы төлеўге ҳәм мийнетти нормаластырыўға байланыслы локал хүжжетлерди, сондай-ақ оларды енгизиў тәртибин кәсиплик аўқам комитети менен келисип алынды.
Нызам хүжжетлерине муўапық ҳәм шәртнама мақсетине муўапық 30 жасқа шекем болған хызметкерлер жаслар деп есапланып оларға шараятлар жаратылды. Жумыс ўактында мийнет қәуипсизлигине байланыслы адамлар өмирине зыян келтирилмеди.
Улыума айтқанда жәмәәтлик шәртнама бойынша орташа бир адамға жумсалған қаржы 124 796 мын сумға тең болды.
Жуўмақлап айтқанда жәмәәтлик шәртнамадағы 16 бөлим, жәми 178 бәнттен 106 бәнт толық орынланды.
Өзбекстан Республикасы Адиллик министрлигиниң 1995-жылы 18-декабрде 196-саны менен дизимнен өткен Мийнетти қорғаў бойынша ўәкил ҳаққындағы Қағыйдаға муўапық мийнетти қорғаў бойынша ўәкил сайланғаннан соң өз ўазыйпаларын орынлаўы ушын мийнет ҳақысын сақлап қалған ҳалда еки сааттан кем болмаған ўақыт ажыратылды.
Келеси ўақытларда тәреплердиң шәртнама талапларының толық орынланыўын тәмийинлеўине исеним билдиремиз.
Әлбетте бундай дыққат итибардың, мүмкиншиликлердиң артында үлкен жуўапкершилик турғанлығын тән алған ҳалда алдағы ўақытларда хызметкерлердиң ден саўлығын, мәплерин ҳәм ҳуқуқларын қорғаўда күш-жигеримизди аямайтуғынлығымызды кәсиплик аўқам комитети ағзаларының атынан исеним билдиремиз.
Дыққатларыңыз ушын рахмет!

Download 27.63 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling