Өзбекстан Республикасы
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
- Bu sahifa navigatsiya:
- Өтемисов А.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арналыўлы билимилендириў министрлиги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өтемисов А.ТИЛ БИЛИМИ ҲӘМ ТӘБИЙҒЫЙ ИЛИМЛЕР(лекция тестлери) НӨКИС – 2018 ТИЛ БИЛИМИНИҢ БАСҚА ИЛИМЛЕР МЕНЕН БАЙЛАНЫСЫ Илим ҳәм оның пайда болыўы 1. Өз ара сөйлескенде илим сөзин көп еситемиз. Бирақ илим деген не? Ол нелерди өз ишине алады? Бул сораўларға жуўап бериўде көбинесе ойланып қаламыз. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде илим сөзине төмендегише түсиник бериледи: «Тәбият ҳәм жәмийет заңлары ҳаққында түсиник». Инсан пайда болғанлы берли, өзин қоршап турған әлемди ҳәм усы әлемниң бир бөлеги болған өзин де билиўге қызығып келеди. Әне усындай қызығыў, әсиресе, Әййемги Шығыс мәмлекетлеринде, тийкарынан, Мысыр, Ҳиндстан, Қытайда күшейди, тәбият ҳәм жәмийеттиң раўажланыў нызамлықларын әмелий тийкарда бақлап болжаўшы арнаўлы адамлар – ойшыллар жетисип шықты. Бундай ойшыллардың әлемди әмелий бақлаўлары нәтийжесинде шығарған жуўмақлары жәмленип барып математика, астрономия, логика, этика сыяқлы илимлердиң тийкарлары пайда болды. 2. Қарақалпақ тилиндеги «илим» негизи арабша сөз болып, ол ъилм(ун) формасына ийе. Бул сөз «оқыў үйрениў менен арттырылған терең билим» мәнисин аңлатады. Қарақалпақ тилиндеги илим сөзиниң мәнисинде өзбек тилинде фан сөзи көбирек қолланылады. Мәселен, Илимлер Академиясы – Фанлар Академияси, филология илимлери кандидаты – филология фанлари номзоди, ҳәм т.б. Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлигинде фан сөзине төмендегише түсиник берилген: «Тәбият ҳәм жәмийеттиң раўажланыў нызамлықларын ашып бериўши ҳәм де әтираптағы орталыққа тәсир көрсетиўши билимлер системасы». Өзбек тилинде фан сөзи менен бирге илм атамасы да жумсалады. Бирақ илм атамасының мәниси кеңирек. Ислам Шығысында «илим» түсиниги ҳәм диний, ҳәм дүньялық мазмунды өзинде жәмлеген. Бир ўақыттың өзинде, илимниң бул еки палласи өзине тән тәреплерге ийелиги де бийкарланбаған. Бул ҳаққында А.Аъзамов төмендегилерди жазады: «Фан яғный илим инсан жасайтуғын орталық – тәбият (метогалактикадағы процесслерден мий искерлигине шекем) ҳәм жәмийет пенен (мий искерлигинен инсан руўхыятына шекем) жумыс алып барса, дин инсанның ишки дүньясы – жүрек ҳәм руўхына тийисли. Ҳәр еки тараў сана ҳәм ойлаў көпирлери менен тутасқан». XI әсирден (яғный суфизм тәлийматы илим сыпатында қәлиплескенинен) баслап «илми қол» ҳәм «илми ҳол» түсиниклери қатнасқа киритилди. Дәслеп бул еки түсиник суфизмниң зоҳирий ҳәм ботиний дүньясына тийисли, муршидтен муридге берилиўи мүмкин болған ямаса болмаған билимге қарата қолланған. «Илми қол» сөз менен аңлатыў, үйрениў жолы арқалы берилиўи мүмкин болған билимди аңлатса, «илми ҳол» ҳәр бир суфисттиң, өз ойлаўы ҳәм исенимине тән, жүрек көзи менен жетискен, басқаларға үйретиў имканияты болмаған билимди билдирген. Абу Райҳан Беруний «қол илми», Баҳоуддин Нақшбанд болса «ҳол илми»ниң көрнекли ўәкили еди. Бири әўладлар ушын бийбаҳа мийнетлер жазып қалдырған болса, екиншиси жүзлеп шәкиртлерине руўхыят сабағын берген. Соның менен бирге, Беруний өзине заманлас суфистлер тәлийматын бийкарламаған, Нақшбанд та дүньялық илимге тилеклес болған. Ҳәр қандай илимниң тийкарында адамлардың әлемди тиккелей бақлаўы турады. Инсан өзин қоршап турған әлемди сезиў органлари жәрдеминде сезеди. Басқаларына салыстырады, өзгеше ҳәм уқсас белгилерин анықлайды. Соң анық бир жуўмаққа келеди. Демек, ҳәр бир илим инсанлардың әлемди бақлаўы, билиўи процесинде, оның нәтийжесинде пайда болады. 3. Илимниң тийкары болған билиў узақ ўақытлардан бери ойшылларды қызықтырып келеди. Соннан, бизиң бабаларымыз да бул тараўда өзлериниң қымбатлы пикирлерин баян еткен. Дүнья алымлары ишинде екинши муғаллим аты менен танылған Фарабий билиўдиң еки дәрежесин ажыратады. Тийкарынан, ол «Илимлердиң келип шығыўы ҳаққында» («Ихсо ал-улум») мийнетинде илимлерди келтирип шығаратуғын себеплер ҳаққында пикир жүритип, төмендегилерди баян етеди: «Әлемде субстанция (жавҳар) ҳәм акциденция (ораз) ҳәм де субстанция ҳәм акциденцияны жаратыўшы Қүдиретли Жаратыўшыдан басқа ҳеш нәрсе жоқ».1 Фарабийдиң жавҳар ҳәм ораз ҳаққындағы бул пикири билиў теориясында уллы революция еди. Себеби бизди қоршап турған әлем ҳәм оның эелементлери жавҳар ҳәм оразлардың өз ара диалектикалық қатнасынан қуралған. Фарабий тилге алған жавҳар ҳәм ораз түсиниклери тийкарында не жатады? Ҳәр қандай зат дәслеп бизиң сезиў ағзаларымызға тәсир етеди. Әне усы сезиў ағзаларымыз жәрдеминде сезиў мүмкин болған белгилер ораз есапланады. Ораз Аристотель философиясындағы акциденцияны билдиреди. Фарабийдиң түсиндириўинше, оразды бес сезиў ағзалары жәрдеминде сеземиз. Тийкарынан, рең көриў; сести еситиў; дәм – маза, предметлердиң ҳалаты, суўық-ыссылығы, қатты-жумсақлығы дене, ийис сезиў ағзалары арқалы сезиледи. Бул сезиў ағзалары инсаннан тысқары ҳайўанларда да бар. Демек, жоқарыдағы сезиў ағзалары барлық тири организмге тән. Олар арқалы ҳәр қандай организм өзин қоршап турған әлемди әмелий биледи, оған бейимлеседи. Инсанның сезиў ағзалары жәрдеминде арттырған билими сезимлик яғный әмелий билим есапланады. Булардан тысқары, инсан ойлаў, тил жәрдеминде де билимге ийе болыўы мүмкин. Билиўдиң бул жолы қувваи нотика ҳәм қувваи мутахайила деп аталады. Нотиқа қуввати басқа барлық қуўатлардың (сезиўлердиң) жетекшиси, басшысы.1 Сезимлик билим билиўдиң тийкары, таяныш ноқаты есапланады. Ол инсанды қоршап турған әлем бөлимлеринен ҳәр бирин өз алдына көриў, услаў, еситиў, мазасын татыў, ийискеў арқалы пайда етиледи. Сезимлик билим билиў процесиниң орайлық ноқаты есапланса-да, лекин ол көбинесе алдап қойыўы мүмкин. Мәселен, Қуяш Жер әтирапында айланып атырғандай көринеди. Негизинде болса керисинше. Соның ушын бабаларымыз сезимлик билиў менен ақылый билиўди бир биринен ажыратқан. Ақылый билиў сезимлик билимлерди салыстырыў, улыўмаластырыў, сезимлик билимлердиң жүзеге келиўине тийкар болған оразлар (акциденциялар) негизинде жасырынған тийкарды – жавҳарды анықлаў арқалы пайда етиледи. Мәселен, денеде ыссылықтың көтерилиўин анықлаў сезимлик билим есапланады. Бирақ ҳәр қандай ыссылық өзинен-өзи көтерилмейди. Оның белгили бир ишки себеплери бар. Әне усы себепти анықлаў ыссылыққа уқсас, оның менен байланыслы бир қанша сезимлик билимлерди салыстырыў, улыўмаластырыў арқалы әмелге асырылады ҳәм ыссылық нениң сыртқы белгиси екени анықланады. Салыстырыў, теңеў, логикалық улыўмаластырыў арқалы пайда етилген билим ақылый, теориялық билим есапланады. Бул билим арқалы оразлар (акциденциялар) тийкарындағы жавҳар (субстанция) белгиленеди. Ҳәр қандай илим әне усы билимлерди келтирип шығарады. Буннан көринип турғанындай, сезимлик (фаҳмий) билим тәжирийбе, әмелият, тиккелей бақлаў басқышы есапланып, ҳақыйқый теориялық (ақылый) билимге әмелий билимлердиң өз ара қатнасын үйрениў, улыўмаластырыў арқалы ерисиледи, бул билимге ийе болыў ҳәр қандай илимниң бас мақсети болып табылады. Билиўдиң бул еки басқышы ҳәзирги дәўирде барлық илим ўәкиллери тәрепинен тән алынады. Әне усы еки басқыш ҳаққында дәслепки мәрте мағлыўмат берген алым бабамыз Абу Наср Фарабий есапланады. 4. Ҳәр бир илим адамлардың әмелий мүтәжлиги себепли жүзеге келеди. Уллы бабамыз Абу Райхан Беруний де «Геодезия» мийнетиниң кирисиў бөлиминде ҳәр бир илимниң инсан турмысындағы зәрүр болған мүтәжликлер талабы менен жүзеге келиўин айтады. Илимлердиң келип шығыўы ҳаққында дәслепки мәрте мағлыўмат Абу Наср Фарабий тәрпинен бериледи. Оның пикиринше, ҳәр бир илим жавҳар (субстанция) ҳәм ораз (акциденция)ларды үйрениў тийкарында келип шығады. Тийкарынан, санлар ҳаққындағы илимниң пайда болыўы ҳаққында төмендегилерди жазады: «...бирликлерден жүзеге келиўши сансыз ҳәм жүдә көп муғдарды қураўшы сан субстанцияның түрли усыллар менен бөлимлерге ажыратыў ҳәм оның түрли бирликлерден ибаратлығы нәтийжесинде келип шыққан. Субстанция өз тәбияты жағынан шексиз дәрежеде бөлеклерге ажыралып кете алыўы себепли, сан да өз тәбияты жағынан шексиз. Сан ҳаққындағы илим бул субстанция бөлеклерин бир-бирине көбейтиў, бирин екиншисине бөлиў, бирин екиншисине қосыў, бирин екиншисинен айырыў, егер де бул бөлеклердиң негизи болса, негизин табыўға ҳәм олардың тең салмақлылығын анықлаўға қаратылған илим. Санның қандай келип шыққаны, оның жүзеге келиўи ҳәм көбейиўи, оны имканияттан ҳақыйқатлыққа ҳәм де жоқлықтан барлыққа айландырған себеп неден ибарат екени жоқарыда айтылғанлардан анық көринип турыпты. Бул илимди грек данышпанлары арифметика деп атайды».1 Субстанцияның көп бөлеклерге ажырала баслаўы ҳәм олардан ҳәр бириниң белгили фигураларға (үшмүйешлик, төртмүйешлик ҳәм т.б.) ийе болыўы ҳәм фигураларды үйренетуғын илимге мүтәжлик пайда болды. Әне усы талап себепли геометрия илими жүзеге келди. Субстанцияның ҳәрекетшеңлиги атап өтилиўи менен бирге аспан ҳәрекетин үйрениўши илим жүзеге келгенин айтады. Бул илим алдыңғы еки илим: арифметика ҳәм геометрияға тийкарланыўы, оларсыз өмир сүрмеўи атап өтиледи ҳәм бул илимниң аты астрономия екенин жазады. Субстанция ҳәрекеттен тысқары ҳаўазға да ийе болыўы ҳәм бул белгини үйрениўши музыка илими жүзеге келгенин, субстанция қызарыў-ағарыў, узайыў-тарайыў, көбейиў-азайыў, туўылыў-өлиў, аўырыў-саўалыў сыяқлы белгилерге де ийелиги ҳәм субстанцияның бундай өзгерислерин үйрениўге мүтәжлик себепли тәбият ҳаққындағы илим пайда болғанын баян етеди. Булардан соң илаҳият (теология) илиминиң, оннан кейин тил ҳаққындағы илим ҳәм грамматиканың, сондай-ақ, логика ҳәм поэтиканың қандай әмелий талап пенен жүзеге келгенин тийкарлы дәлиллер менен көрсетип береди. Илаҳият (теология) илими ҳаққында пикир жүритер екен, «бул илимниң тәбияттан жоқары турған илим – метафизика илими» екени ҳәм ол барлық илимлердиң жуўмағы ҳәм ақыры екени, оннан соң бир де бир нәрсени тексериўге зәрүрлик қалмайтуғыны айтылады. Көринип турғанындай, барлық илимлер объектив барлықтағы жавҳар (субстанция) ҳәм оның оразлары (акциденциялары)н үйрениў тийкарында жүзеге келгени атап өтиледи ҳәм тил ҳаққындағы илим менен грамматика илимлер ишинде айрықша орын тутыўы көрсетиледи. Бул пикирлер буннан мың жыллар алдын баян етилген болса да, елеге шекем өз қунын жойтқан жоқ. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling