К. Каримовтың «АҒабий» роман-тетралогиясында соматикалық портрет


Download 63.5 Kb.
bet1/2
Sana18.06.2023
Hajmi63.5 Kb.
#1594741
  1   2
Bog'liq
К.Каримовтын Агабий романында соматикалык портрет


К.КАРИМОВТЫҢ «АҒАБИЙ» РОМАН-ТЕТРАЛОГИЯСЫНДА СОМАТИКАЛЫҚ ПОРТРЕТ
УДК:82-31
Алламуратов Ғайрат Абатбаевич
Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Әдебиятта инсан образы характерлер ҳәм портретлер арқалы жасайды. Портрет ҳәр қандай көркем өнерде ­– әдебият, сүўретлеў, музыка, кино, театр, ҳәйкелшилик, көркем фотография ҳәм басқа да искусство түрлеринде инсан келбетин сәўлелендириўши әдебий категория есапланады.


Портрет инсанның сыртқы көринисин сыпатлап ғана қоймастан, ал ишки руўхый ҳалатларын, психологиясын да көрсетип турады. Бунда ҳәр бир көркем өнерде дөретиўшиден баян етип атырған ўақыя-ҳәдийсеге сәйкес түрдеги қаҳарман образын жасаўда көркем портреттен шеберлик пенен пайдаланыў талап етиледи. Портреттиң поэтикалық қәсийетлери, көркемлик тәбияты, әдебий шығармада атқаратуғын функциялары бойынша дүнья әдебияттаныў илиминде жуўмақланған билимлерге ерисилди.
Жәҳән әдебияттаныў илиминде портреттиң көркем шығармадағы поэтикалық хызмети, әҳмийети ҳәр қыйлы илимий аспектлерде изертленди. Бул жөнелисте жәҳән әдебияттаныў илиминде Н.Шнайдер, Е.Д.Шмидт, М.М.Бахтин, А.П.Белик, Е.Добин, М.Б.Храпченко, В.Петелин, Г.В.Старикова, М.С.Имомов, Ю.И.Минералов, М.Н.Жорникова, Л.Н.Дмитриевской, А.Г.Кулыгина, П.В.Трофимова, Е.М.Каурова, С.Н.Колосовалар арнаўлы илимий изертлеў жумысларын алып барды.
Түркий халықлар әдебияттаныў илиминде: қазақ әдебияттаныўында Б.Майтанов, Х.Әбдибаев, С.Ж.Тәттимбетова, Г.Смағуловалар, өзбек әдебияттаныў илиминде Х.Ёқубов, М.Султонова, М.Олимов, М.Абдурахмонова, С.Мирвалиев, У.Носировлар илимий изертлеў жумысларында портрет белгили дәрежеде илимий объект сыпатында үйренилген. Илимпаз Ж.Т.Қурбонов белгили өзбек жазыўшысы О.Ёқубовтың портрет жаратыў шеберлигин арнаўлы түрде диссертациялық көлемде изертлейди.
Қарақалпақ әдебияттаныў илиминде С.Баҳадырова, З.Бекбергенова, Ж.Қаниязовалардың монография ҳәм диссертацияларының бир бөлиминде портреттиң поэтикалық қәсийети үйрениледи.
Илимпазлар портреттиң сөзлик қурамын үйренгенде, тийкарынан, қаҳарман образының дене дүзилиси, кийим-кеншеги, сондай-ақ, қыймыл-ҳәрекетине тийисли детальларға итибар қаратады. Рус әдебиятында 1960-1980-жылларда дөретилген гүрриңлер мысалында портретлерди илимий анализ ислеген илимпаз Г.В.Старикова өзиниң диссертация жумысында портреттиң сөзлик қурамын төмендегише түрлерге ажыратады. Қаҳарман образының жасалыўында қолланылған сөзлердиң лексикалық өзгешелигине қарай отырып портретлер: 1) соматикалық, 2) вестиаллық ҳәм 3) кинетикалық болып түрлерге бөлинеди [1].
Сондай-ақ, қазақ лингвист алымы С.Ж.Тәттимбетова да өзиниң «Қ.Ысқақов шығармаларындағы қаҳарман образының лингвостилистикалық характери» атлы кандидатлық диссертациясында портретлик сүўретлеўдиң лексикалық қурамын үш үлкен топарға ажыратады: соматикалык, (адамның дене мүшелери), вестиаллық (кийим-кеншек, затлар) кинетикалық (ым-ишара) [2.30]. Илимпаз Е.Д.Шмидт бул мәселени инглис әдебиятының мысалында сөз етеди [3].

  1. Соматикалық (грек сөзи «дене») портретлерде жазыўшы персонажлардың дене дүзилисине итибар қаратады ҳәм оның айрықшалық белгилерин атап өтеди. Бунда, тийкарынан, адамның дене ағзалары: бас, шаш, көз, қас, қол, аяқ, бармақ ҳ.т.б. анатомиялық ағзалар соматикалық портрет жасаўда қолланылады.

  2. Вестиаллық (латын сөзи «кийим-кеншек») портрети, тийкарынан, қаҳарман образы яки персонаждың үстки кийим-кеншеклериниң атамасы менен оның социаллық келип шығыўын, ҳал жағдайын билдириў ушын қолланылады.

  3. Кинетикалық (грек сөзи «ҳәрекет») портретте қаҳарманлардың қыймыл-ҳәрекети, қозғалысы, мимикасы арқалы оны басқалардан айырып турыўшы өзине тән, көбинесе рефлектив ҳәрекетлери дыққат итибарға алынады. Лаконизм тийкарында көп сөзди ықшамлаў мақсетинде көз, қол ямаса бас ҳәрекети менен де сөзлик уғымлар аңлатылады.

Портрет конкрет детальлар тийкарында пайда етиледи. Сөзлердиң метафоралық аўысыўы жағдайларында емес, ал конкрет мәниде сәўлеленеди. Айырым портретлерде образдың қыймыл-ҳәрекетлери басқа тәбийғый қубылысқа яки детальға уқсатылыўы мүмкин, лекин сүўретленип атырған моментте портрет конкрет көринисти пайда етеди. Тилши илимпазлардың портрет жасаўдағы «сөзлик қурам» мәселесин әдебияттаныў илиминде «көркем деталь» компоненти аспектинде үйренгенимиз жумысымыздың теориялық тийкарына туўры келеди.
Ҳәзирги қарақалпақ романларында соматикалық портрет­те қолланылған детальлар мәзи сүўретлеў болып қалмастан, об­раздың сюжет контекстинде көркемлилик қунын асырыўда әҳ­мийетли функцияларды орынлайды. Жазыўшы персонаждың айырым соматикалық детальларын бас планда сүўретлеп, оның айрықшалық белгилерин атаў менен бирге, ишки психологи­ялық жағдайын да көрсетип бериўге ериседи.
Жазыўшы К.Каримовтың романларында соматикалық детальлар туўрыдан-туўры баянланбай, қосымша сүўретлеўлер менен тәрийипленеди. Мәселен, « –Айтың, кимнен гүманыңыз бар, кимниң атын айтсаңыз биз соннан Төлесинниң кегин алыўға барамыз, – деп даўыслады өрт шалғандай қап-қара жүзин шешек дағы, оннан қалаберсе талай-талай саўашларда алған жараларының орнында қалған тыртықлар ийелеп алған, өзгелерден бир гез бийик бойы менен ажыралып турған еңгезердей Майлыхожа жүзбасы гүрилдеп» [4.83]. Роман сюжетинде Қожамяр бийдиң баласы Төлесинниң өлтирилиўи ат үстинде пайда болған конфликттиң басланыўы болып, Қожамярдың аўылласы жүзбасы Майлыхожаның портрети усы фонда бериледи. Жазыўшы К.Каримов персонажға тийисли соматикалық детальларды қолланғанда оның дәл өзин атап қоймай, ҳәр бирин эпитет ҳәм теңеўлер менен көркемлеп жеткериўге ҳәрекет етеди. «Талай-талай саўашларда алған жараларының орнында қалған тыртықлар» соматикалық деталь – персонаж жүзиниң көркемлик көринси болып, қаҳарманның урыста тәжирийбелилигин билдирип тур. Қаҳарманның батырлық қәсийетин оның репликалары толық дәлиллейди. Жазыўшы батырдың портретине муўапық түрде персонаждың сөз саплаўына да үлкен итибар қаратады.
Романда Қулшы бийдиң көзқарасы негизинде сызылған Айдос бийдиң соматикалық портретинде ҳәр бир деталь жазыўшының объективлик қатнасы тийкарында эстетикалық тәсир менен сүўретленеди. «Орта бойлыдан бийигирек, аяқ қолы жуўан, мығым денеси оның зор күш-қарыўдың ийеси екенинен дәрек берер еди. Үлкен басы, кең маңлайы ақыллылықтың белгиси, қалың қаслар жаўып турған, тикке қарағанда өңмениңнен өтип кететуғын, тереңде жайласқан қара көзлер батырлықтың, ҳеш нәрседен қорқыўды билмейтуғын ержүрек тәўекелшиликтиң нышаны шығар? Шоқ сақаллы, қызыл шырайлы жүзине қыр мурыны жарасықлы, жуўан мойны бөз көйлектиң дөңгелек жағасына зорға сыйып турғандай көринди» [4. 232]. Жазыўшы Айдос бийдиң портретин Қулшы бийдиң көзқарасы негизинде сызыўы Айдос бий образына ҳәм прототипине болған өзиниң симпатиялық мүнәсибетин көрсетеди. «Айдос бий портретин сызғанда жазыўшы эпитетлерди молдан қолланған. Қызыл шырайлы келбети, ири тулғасы, қыймыл-қозғалыслары, адамларға ҳөктемлик етип салмақ пенен сөйлеўи Айдосты бийлик ушын жаратылғандай етип көрсетеди. Айдос портрети өзиниң анықлығы ҳәм көркемлиги менен ажыралып турады» [5.91].
Көз соматикалық деталы романларда басқа детальларға қарағанда өнимли қолланылған. Персонаждың толық портрети, характеристикасы оның бир ғана көз соматикалық деталына жәмлестирип бериў жағдайы ушырасады. Көз деталының динамикаласыўына, көркемлесиўине, сондай-ақ, поэтикалық мәни жүклениўине ерисиледи. Мәселен: « ... арық-турақ шырайлы жүзине мурты сән берип турған, бирақ селкилдеген қозы тери бөрки астынан оның адамларға унамайтуғын кәсибинен уры ийттиң көзиндей адамға тикке бақпай жасырын бағыўшы, ҳешнәрседе иркилмей ойнап турған көзлери дәрек берип туратуғын сәтең жигит шәҳәрге белгили кисапыр еди» [4.131].
Көзлер жазыўшы баянлағанындай кәсиптен дәрек бермеўи мүмкин, автор бул орында портретке поэтикалық қатнас жасап, образды сюжетке киритиўдеги нийетиниң көркем шығыўына ҳәрекет етеди. Қаҳарманның кисапырлық қәсийетине ийе екенлигин көрсетиў ушын, оның көзлерин селкилдек бөрк астында динамика тәсиринде сүўретлейди. Қозы бөркиниң селкилдеўи портрет фонында көз бенен биргеликте мәзи сүўретленип қоймай, персонаждың шаққан қыймыл-қозғалысқа ийе екенлигин де аңлатып турады.
Романларда шаш деталы арқалы персонаждың жас өзгешелигин, индивидуаль қәсийетин көрсетиў жийи ушырасады. Шаштың ағарыўын сүўретлеў образ эволюциясын көрсетиў менен бирге, оның романда атқаратуғын поэтикалық хызметин де көрсетип турады. Мәселен, К.Каримовтың «Аққапшық» романдағы Асқар байдың анасы Нәзийпаның портретине итибар қаратайық: «Арадан өткен ўақыт Нәзийпаның буннан онлаған жыллар бурынғы пәкизе келбетин өзгертип жиберген еди. Нәзик денеси толысқан, қара шашларын жарыма-жары ақ аралаған, бадам қабақлары салқыған, тек қара көзлери оның бир пайытлары шырайлы болғанлығынан дәрек берип турады» [6.209]. Портретте Нәзийпаның шашлары толық ағарып үлгермеген. Жазыўшы оның жас өзгешелигин көрсетиўде оның шашларының жарыма-жары ағарғанын, яғный толық ағарып қартайған емес, ал жары жастан өткен көринисте сүўретлейди. Портретте сүўретленген мазмунға логикалық қатнас жасасақ, жазыўшы персонажды роман сюжетинен шығарыў нийетиниң жоқлығы сезиледи.
Сол сыяқлы, усы романдағы Беркинбайдың портретине итибар берип өтейик: «Ири денели, ғайратлы, бир өзи еки керсен жарманы бир отырғанда ишетуғын, қышқырғанда даўысы қоңсы аўылларға дейин жетип баратуғын Беркинбай еңкейип, сақал-шашы ағарып кетти» [6.258]. Бул портрет Беркинбайдың ғаррылық ҳәм ашлық азабынан әззилеген көриниси. Сақал-шашлары толық ағарған. Жазыўшының нийети – персонаждың роман сюжетиндеги функциясын жуўмақлаў екенлиги сезиледи. Роман сюжетинде Беркинбайдың баласы Өскинбай ун алып келемен дегенше Беркинбай ашлық себебинен қайтыс болады.
Жуўмақлап айтқанда, жазыўшы К.Каримов романларында соматикалық портретлер тиккелей қаҳарман образының сыртқы келбетин анық сүўретлеп, визуал тамашалаўды жеңиллестиреди. Демек, соматикалық портрет романда тек ғана қаҳарман образының сыртқы көринисин мәзи сыпатлап қоймастан, романда сюжетлик байланысты тәмийинлеў, қаҳарманның айрықша белгилерин атаў арқалы оның романдағы поэтикалық «жүг»ин алып жүриў, сондай-ақ, қаҳарманның сыртқы келбети (соматикалық портрети) арқалы оның ишки дүньясын ашып көрсетиў ўазыйпаларын да атқарады.



Download 63.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling