Атмосфераның патасланыўы дегенде оның қурамы ҳәм қәсийетлериниң инсан саламатлығы, ҳайўанлар ҳәм өсимликлер дүньясына соның менен бирге экосистемаларға өзиниң унамсыз тәсир көрсететуғын өзгерислер түсиниледи


Download 28.5 Kb.
Sana08.06.2023
Hajmi28.5 Kb.
#1465790
Bog'liq
Атмосфераның патасланыўы


Атмосфераның патасланыўы дегенде оның қурамы ҳәм қәсийетлериниң инсан саламатлығы, ҳайўанлар ҳәм өсимликлер дүньясына соның менен бирге экосистемаларға өзиниң унамсыз тәсир көрсететуғын өзгерислер түсиниледи. Атмосфераның патасланыўы еки жол менен әмелге асырылады: бириншиден тәбийий жол менен болса, ал екиншиден жасалма жол менен әмелге асырылады. Атмосфераның тәбийий жол менен патасланыўына вулканлардың атылыўы, шаң тозанлар, тоғайлардың жаныўы, өрттиң келип шығыўы, космик түрдеги шаң ҳәм басқалар киреди. Жасалма патасланыўға болса, энергетика, санаат карханалары, транспорт ҳәм күнделикли шығындылар киреди. Атмосфераның патасланыўы тек ғана локаллық яки регионаллық характерге ийе болып қалмастан, ол глобаллық характерге ийе есапланады. Себеби ҳәзирги күнде атмосфераның патасланыўы сондай дәрежеде өсип барыўы ақыбетинде ҳәр қыйлы басқа проблемаларда келип шықпақта.
Агрегатлық жағдайына көре атмосфераның патасланыўын тәмийинлеўши бирикпелерди төрт топарға бөлиўимизге болады: қатты, сүйиқ, газ тәризли ҳәм аралас бирикпелер.
Атмосфераның химиялық, физикалық, акустикалық (шаўқынлы), ыссылық, электромагнитли патасланыўы үлкен қалалар ҳәм санаат районларында жоқары дәрежеге жеткен.
Атмосфераның ең қәўипли патасланыўы радиоактив патасланыў есапланады. Радиоактив патасланыўдың дереклери ядро қуралының сынаўлары, атом электростанцияларындағы апатлар есапланады. Радиоактив патасланыў ақыбетинде адамларда ҳәр түрли кеселликлер келип шығыўына алып келеди.
Атмосферадағы түрли зәҳәрли газлер өсимлик ҳәм ҳайўанларға зыян жеткереди. Алтынкукурт гази, фторли водород, озон, қорғасын, хлор ҳәм басқада өсимликлерге әсиресе күшли тәсир өткереди. Өсимликлердиң набыт болыўы, өнимниң кемейиўи, фотосинтез интенсивлигиниң өзгериўи гүзетиледи. Ҳаўаның күшли патасланыўы айрым үй ҳайўанларының набыт болыўына алып келеди.
Атмосфера проблемасы мәмлекетимиз ушында актуал проблема есапланады.
Download 28.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling