15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet97/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   93   94   95   96   97   98   99   100   ...   198
Bog'liq
Miynet

S = ------- ( 9.7),
Im
бунда:
S – мийнет талап етиўшеңлилик;
Iv – жумыс ўақты;
Im – ислеп шығарылған өним муғдары.


Кәрханалар ҳәм олардың ири бөлимлери дәрежесинде, экономика тармақларында болғаны сыяқлы, өндирис ҳәм мийнет өнимдарлығы көлемлерин өлшеў ушын тийкарынан қун усылы қолланылады. Қун усылы универсал усыл болып, ол өнимниң барлық түрлери ҳәм көлемлери, жумыслар ҳәм хызметлер бирден-бир пул көрсеткишлери болған сўмда сәўлеленеди, ол көлем көрсеткишлерин тийисли көтере баҳаларға көбейтиў менен анықланады.
10.1 -кесте
Мийнет өнимдарлығын өлшеў усылларының абзаллықлары ҳәм кемшиликлери

Мийнет өнимдарлығын өлшеў усыллары

Натурал усылы

Бирдей өнимлерди жаратыўда өндирис процессиниң өнимдарлығын анықлаўда қолланылады
Абзаллығы - қолайлы, түсиникли, өним ислеп шығарыў процессиниң өзгешеликлерин сәўлелендиреди.
Кемшилиги - кең көлемде қоллаў мүмкин емес, себеби экономиканың көплеген тармақлары, көпшилик кәрханалар тек бирдей өним ислеп шығарыўға қәнигелеспеген

Қун усылы

Бирдей болмаған өнимлерди өндириў нәтийжелилигин анықлаў көрсеткишлеринен бири болып, қун (пул) бирлигинде өлшенеди.
Абзаллығы - мийнет өнимдарлығын тармақлар бойынша, түрли өнимлер ислеп шығарыўшы кәрханаларда өлшеў мүмкиншилигин береди.
Кемшилиги - инфляция процесслери анық есапқа алынбаса, алынған көрсеткиш итималлы нәтийжеге ийе болады; өним ислеп шығарыўдағы ишки, структуралық сапа өзгерислери анық сәўлеленбейди.

Мийнет усылы

Норма-саатларында анықланыўшы ислеп шығарылған өнимниң оған кеткен ҳақыйқый ўақыттың жумсалыўына қатнасы болып, өним ислеп шығарыўға кеткен мийнет жумсалыўын өнимдарлық көз-қарасынан баҳалаў мүмкиншилигин билдиреди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   93   94   95   96   97   98   99   100   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling