15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet107/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   103   104   105   106   107   108   109   110   ...   198
Bog'liq
Miynet

Idt = It : Fat · 100 % ( 5.2),
бунда:
Idt – жумыссызлық дәрежеси.
Соны да айтыў керек, айырым шахслар нызамларымыздың анық емеслигинен пайдаланып, жумыссызлық бойынша берилетуғын напақаны қосымша дәрамат дереги түрлеринен бири деп қарайды, өзи болса ғәрезсиз түрде жумыс пенен шуғылланады ямаса шәртнама тийкарында ислеп атырған болады.


5.2. Жумыссызлықтың келип шығыў себеплери


Классикалық (ҳәм неоклассикалық) теорияға көре, массалық жумыссызлықтың тийкарғы себеби пәсейиў тәрепине болған жоқары ҳәм масласыўшаң болмаған жумыс ҳақы есапланады. Жумыс ҳақы өз теңсалмақлық дәрежесинен асып, кәсиплик бирлеспениң активлиги ҳәмде мәмлекеттиң араласыўы себепли усы дәрежеде «орналасып қалғанда» мийнет талабы менен усынысы ортасында үзилис пайда болады, мине усы нәрсе жумыссызлықты келтирип шығарады. Егер базардан тысқары күшлер (кәсиплик бирлеспелери ҳәм мәмлекет) фирмаларды жумыс пенен бәнтликти алдыңғы дәрежесинде сақлаўға мәжбүр етсе, оның ақыбети мәмлекеттеги хроникалық инфляция болыўы мүмкин. Буннан – неоклассиклердиң тийкарғы «рецепти» - мийнет ҳақы дәрежесин услап турыў ҳәм ҳәтте кемейтиў келип шығады.
Пикиримизше, Өзбекстанда жумыссызлықтың пайда болыўы ҳәм өсиў тарийхы усы Кейнс көз-қарасларының туўры екенлигин дәлийллейди. Жумыссызлар рәсмий дизимге алынғаннан баслап, жумыссызлық дәрежеси белгили дәрежеде турақлы түрде артып барды, соған қарай жумыс пенен бәнтлик көрсеткишлери болса пәсейип барды. Жумысқа жайластырыў қанша жоқары болса, жумыссызлық дәрежеси сонша төмен болады.
Мәмлекетти модернизациялаў шараятында халықтың экономикалық активлигин асырыў ҳәм жумыссызлықты кемейтиў әҳмийетли социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе. Экономист алым Қ.Х.Абдурахмонов халықтың, соннан, халықтың жумыс пенен бәнтлигин асырыў бойынша төмендегилерди айрықша айтып өткен: “Жумыс пенен бәнтликтиң дәстүрий емес формалары – үй мийнети, шаңарақ бизнеси, касанашилик, хызмет көрсетиў ҳәм қарамалшылық сыяқлы хызмет түрлери менен шуғылланыў халықты жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы жолларынан бири есапланады”12
Жумыссызлықтың тәбийий дәрежесин түсириўге қаратылған ҳәр қандай экономикалық сиясат ямаса жумыстан босаў дәрежесин пәсейтиўге ямаса жумысқа жайластырыў дәрежесин асырыўға жәрдемлесиў керек. Жумыссызлық бул дәрежеден көтерилип кетсе, ҳәр қандай мәмлекет ушын қорқынышлы (жүдә қолайсыз) жағдайларды жүзеге келтиреди.
Өзбекстанда жумыссызлық өсиўиниң тийкарғы себеби, ең дәслеп, мәмлекет экономикасы мәмлекет секторында өндиристиң қысқарыўы болды. Экономикалық өсим динамикасы менен жумыссызлық ортасындағы байланыс тығыз байланыстағы көрсеткишлер есапланады.
ҒМА мәмлекетлериндеги реаллық жумыссызлықтың экономикалық турғынлықтың пәсейиў темплери менен тиккелей байланысын тастыйықламайды. Мәселен, санаат өндириси көлеми дерлик еки мәрте кысқарғанда, жумыс пенен бәнт болғанлар саны 10,0%тен артық кемейиўи мүмкин. Пикиримизше, буның себеби төмендегише болыўы мүмкин.
Бириншиден, бул экономикада мәмлекет секторының сақланып қалғанлығы. Базар реформаларының басларында, мәмлекет мүлки әҳмийетли баслы болған ҳәм кәрханаларды, соннан, шөлкемлестирилгенлерди де мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў даўам еткен, мийнет ҳақының ана-санда ҳәм кешигиўи индексация етилиўи қатнасы менен инфляция дәрежесиниң кемейиўи кәрханаларға, ҳәтте өндирис кемейген шараятларда да, халықты жумыс пенен бәнтлигин сақлаў мүмкиншилигин береди.
Екиншиден, бул жасырын жумыссызлықтың толық болмаған жумыс ўақты, тәмийнат сақланбаған дем алыслар формасында көбейиўи. Рәсмий жумыс пенен бәнт болған бундай жумысшылар ҳеш жерде жумыссызлар сыпатында дизимге алынбайды, олар әҳмийетине қарай сезилерли дәрежеде жумыссыз болса да, рәсмий түрде басқа жумыс орнын излемейди. Қағыйдаға қарай, ярымы жумыс пенен бәнт болғанлар екинши мәрте жумыс пенен бәнтлик ямаса өз-өзин жумыс пенен бәнт етиў деп аталыў халықты жумыс пенен бәнтлигине ийе болады.
Үшиншиден, жумыссызлықтың күшли өсиўи, әсиресе, кескин экономикалық өзгертириўлерден кейинги дәслепки жылларда мийнет базарындағы усыныс кемейгенлиги себепли көзге тасланбайды. Қолланылған мүддетинен алдын пенсияға шығарыў, үй хожалығында жумыс пенен бәнт болғанлар санын көбейтиў (тийкарынан, ҳаяллар), жеке тәртиптеги мийнет хызметиниң кең тарқалыўы - бул экономиканың жасырын секторының раўажланыўын жеделлестиреди – булардың барлығы базардағы жумысшы күши усынысын кемейтирди.
Жумыссызлықтың экономикалық ақыбетлери өним ислеп шығармаў менен байланыслы. Егер экономика ислеўди қәлеўшилер ҳәм ислей алатуғынлар ушын жетерли муғдардағы жумыс орынларын жаратып бериўге қәдир емес екен, товарларды потенциал ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў пүткиллей жоқ болады. Онда жалпы миллий өнимниң көлеми жаратылыўы мүмкин болған потенциал жалпы миллий өнимнен кемирек болады. Хақыйқый ҳәм потенциал жалпы миллий өнимлер ортасындағы айырмашылықты жалпы миллий өнимниң арқада қалыўы деп атаў қабыл етилген.
Ҳәзирги ўақытта, жумыссызлық бойынша напақаның орташа муғдары шама менен, орташа жумыс ҳақының 60%н қурағанлығы себепли биринши ҳалда мәмлекет кәрханасындағы жасырын жумыссызлық ашық жумыссызлыққа қарағанда мәмлекетке дерлик еки есе қымбатқа түсиўи есаплап шығылған. Жасырын жумыссызлықтың басқа түрлери мәмлекет ушын онша көп қәрежетти талап етпейди ҳәм финанслық жоғалтыўлар толық түрде жалланба хызметкерлер мойнына түседи.
Соны да айтыў керек, базар қатнасықларының раўажланыўына ҳәм кәрханалар ҳәмде шөлкемлерге бәсекишилер ҳәмде тутыныўшылардың финанслық басымды күшейтириў, ҳүкиметтиң финанслық-кредит сиясаты беккемлениўине қарай өндиристеги жасырын жумыссызлық турақлылық пенен қысқарып барады, кейин болса пүткиллей жоқ болып кетеди.
Өзбекстанда халықты жумыс пенен тәмийинлеў, оларға мүнәсип турмыс ҳәм мийнет шараятлары жаратып бериўге қаратылған терең социаллық-экономикалық реформалардың избе-из әмелге асырылыўы нәтийжесинде экономиканың түрли тараўларында мийнет етип атырғанлар саны артып бармақта, бул мийнет потенциалынан нәтийжели пайдаланыў көрсеткиши жақсыланып бармақта.
Мәмлекетимизде ҳәр жылы халықты жумыс пенен бәнтлигин асырыў ҳәм жумыссызлықты кемейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленбекте. Соннан, 2011 жылда 950 мыңнан артық жаңа жумыс орынларының жаратылыўы көзленген болып, бул жумыс орынларының тийкарғы бөлими аўыллық жерлерге туўры келеди. Киши бизнес тараўында 600 мыңнан аслам, санаат кәрханалары менен кооперация тийкарындағы касанашиликти ҳәмде аренда шәртнамасы тийкарындағы үй мийнетти хошаметлеў халық бәнтлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири есапланады. Мине усындай мийнет ҳәрекетин раўажландырыў нәтийжесинде 220 мыңға жақын жумыс орны жаратылғанлығын айрықша айтып өтиў керек.
Бул көрсеткишлердиң өсиўи ортасындағы айырмашылық мийнетке жумсалмаған мийнетке жарамлы халық муғдарын аңлатады. Буннан тысқары, бул жағдай мәмлекетте жумыссызлар санының өсиўине себеп болады ҳәм жумыссызлық дәрежесиниң жоқары көрсеткишин келтирип шығарады.
Өзбекстан өз ғәрезсизлигин қолға кириткен дәслепки жылларда жүзеге келген жумыссызлық дәўирли көриниске ийе болып, бул жағдай мәмлекетте экономикалық системаның өзгериўи менен тығыз байланыслы түрде жүз берген. Усы жалларда экономикалық дәўирдиң пәсейиў фазасы гүзетилип, көплеген санаат ҳәм өндирислик кәрханалары тоқтап қалды ҳәм толықсыз қуўатта ҳәрекет етти. Бул жағдайдың баслы себеби, бурынғы аўқам дәўиринде мәмлекет кәрханаларының басқа республика кәрханалары менен тығыз байланыслылықта ҳәрекет еткенлиги есапланады. Усы дәўирлерде Өзбекстан бурынғы аўқамның шийки зат жеткерип бериўши тийкарғы базасы есапланып, аўқамлас республикалардағы завод-фабрикаларды шийки зат ресурслары менен тәмийинлеп турған. Соның менен бирге республиканың таяр өним ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын завод-фабрикалары аўысық бөлеклер, запас материаллар, шийки зат ҳәмде ярым таяр өнимлерди басқа аўқамлас республикалардан алып келген. Ямаса Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлердиң буйыртпашы ҳәм тутыныўшылары аўқамның басқа мәмлекетлери есапланған. Қысқаша айтқанда, мәмлекетимиздеги дерлик барлық өндирислик кәрханалар экономикалық жақтан ғәрезли есапланған, яғный тәмийнат, ресурс, жобаластырыў, алып келиў, жеткерип бериў, сатыў, буйыртпа бериў ҳәм тутыныў сыяқлы мәселелерди ғәрезсиз шеше алмаған.
Совет ҳүкимети жемирилип, жобалы экономика системасы тамам болғаннан кейин, бул байланыслар үзилип қалды, мәмлекеттеги өндирислик кәрханалары кризиске ушырай баслады. Бул жағдай болса мәмлекетте салыстырмалы жоқары дәрежедеги дәўирли жумыссызлықты келтирип шығарды.
Соңғы жылларда Өзбекстанда жумыссызлар саны ҳәм дәрежесиниң салыстырмалы кемейиўи гүзетилген болса да, бирақ бул муғдар елеге шекем унамсыз ҳәм машқалалы дәрежеде қалмақта. Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги тәрепинен әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери көрсетиўинше, Мәмлекеттеги жәми жумыссызлардың тийкарғы бөлими Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Андижан, Наманган, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья областлары ҳәмде Ташкент қаласы үлесине туўры келмекте. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың үлкен бөлимин (65-70%) аўыл халқы қурамақта.
Жумыссызлық дүзилиси оның себеплерине қарай, жумысшы күшин 4 тийкарғы топарын өз ишине алады( 5.2-сүўрет):




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   103   104   105   106   107   108   109   110   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling