5.5.Жумыссызлықты кемейтиў бағдарлары
Өзбекстанда жумыссызларды жумысқа жайластырыў бойынша жетерли дәрежеде нәтийжели жумыс алып барылды, бул ағымдағы мийнет базарының жоқары дәрежедеги активлигиниң дәлийли болып табылады (2-кесте).
Статистикалық мағлыўматларға қарай, Бәнтликке жәрдемлесиўши ҳәм халықты социаллық қорғаў орайларында мүрәжет еткен пуқаралардың жумысқа жайластырылыў дәрежеси 87,5%ти қурады, өткен жылдың усы дәўиринде бул көрсеткиш 87,4% ти қураған еди ҳәм өсиўиниң бул бағдары бир қанша ўақыттан берли сақланып тур. Соны да айтып өтиў керек, жумысқа жайласыўдың ең жоқары дәрежеси орта мағлыўматларға (66,5%) тийисли. Бул белгили дәрежеде ағымдағы мийнет базарының өзгешеликлеринен дерек береди. Ең жас топарда (18 жасқа шекем) жумысқа жайласыў дәрежеси 84,8%ти, 19-29 жаста – бул бир қанша өсти ҳәм 88,2%ти қурады.
2-кесте
Бәнтликке жәрдемлесиўши ҳәм халықты социаллық қорғаў орайлары тәрепинен жумысқа жайластырылған халық саны, мың адам (2020 жыл)
Регионлар
|
БЖОға мүрәжет еткенлер саны
|
БЖО жолламасы менен жумысқа жайласқанлар саны
|
Қарақалпақстан
|
47,3
|
43,0
|
Областлар:
|
|
|
Андижан
|
55,1
|
49,3
|
Бухара
|
39,8
|
31,7
|
Жиззақ
|
32,5
|
28,0
|
Қашқадәрья
|
58,9
|
52,2
|
Наўайы
|
30,3
|
26,8
|
Наманган
|
58,9
|
49,9
|
Самарқанд
|
64,4
|
59,0
|
Сурхандәрья
|
38,0
|
32,9
|
Сырдәрья
|
20,9
|
17,7
|
Ташкент
|
43,3
|
39,2
|
Ферғана
|
76,7
|
66,6
|
Хорезм
|
46,1
|
32,1
|
Ташкент қаласы
|
46,2
|
38,0
|
Жәми
|
658,3
|
566,3
|
Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары.
Жумыссызлық мийнет базарының тийкарғы машқалаларынан бири болып, қандайда бир мәмлекет экономиканың бул «кемшилиги»нен еле қутылғаны жоқ. Республика мийнет базарында жумыс излеп мүрәжет еткенлер саны өткен жылға салыстырғанда кемейген болса да, мүрәжет еткенлердиң көпшилиги жумыс пенен тәмийинленген (3-кесте).
Do'stlaringiz bilan baham: |